IT Bilim

0-блог: Bloglar dizimi / Блоглар дизими

Интернетте инглиз, рус ҳәм корейc тиллеринде жазылған программаға байланыслы оқыўлық қолланбалар, мақалалар, видеолар жудә көп.

Интернетте инглиз, рус ҳәм корейc тиллеринде жазылған программаға байланыслы оқыўлық қолланбалар, мақалалар, видеолар жудә көп. Қарақалпақ тилинде жазылған оқыўлық материаллар өте аз. Айырым жергиликли Телеграм каналларда яки инстаграмда блоггерлердиң жазатуғын затларын гуглиң (googling) қылып излеп таўа алатуғын нәрсе деп қарай алмаймыз. Олар өзлеринин аудиториясына ийе.

Мениң dembermes блогты жазып баслаўдағы мақсетим де интернеттеги қарақалпақ тилинде жазылған мақалалардың санының асыўына үлесимди қосыў, ҳәм бир қанша жыллар даўамында топлағaн билим ҳәм тәжрийбемди қарақалпақ жаслары менен бөлисиў болды.

Бул блоглардың ҳәммесин өзим жазып шыққанман. Жасалма интеллектке жаздырғаным жоқ. Билесиз, жасалма интеллект моделлери еле қарақалпақша қатесиз, тәбийий түрде жуўап қайтара алмайды. Мениң өзим жазыўды жақсы көремен. Сонлықтан ҳәр бир мақаланы үлкен итибар менен, қайта-қайта тексерип, изленип жазыўға ҳәрекет етемен.

Кейин ала бул жазған блогларға SEO қосып, излеў системалары ҳәм жасалма интеллект хызметлери ушын ислейтуғын ҳәр түрли вебсайт краўлерлери (crawler) келип оқый алыўы ушын да ҳәрекет етип атырман. Бул мақалалар келешекте моделлерди үйретиўде пайдаланылса, қарақалпақ тилин жақсырақ түсиниўине аз да болса үлес қосыўы мүмкин.

Бул блогты биринши Substack блог платформасында жазып басладым. Кейин жазғанларымды бир топлап өз алдына вебсайт жаратыўға қарар еттим. Қәлеген ўақтыңызда өзиңизди қызықтырған рубрика астында жазған мақаланы оқып кетсеңиз болады.

Мен ҳәр дайым усынысларға ашықпан. Егер қате көрсеңиз, яки пикир билдирсеңиз, өзиме хабарлассаңыз болады. Дәрҳал көрип шығыўға ҳәрекет етемен! Төмендеги Dembermes вебсайтының Instagram аккаунты көрсетилген.

Dembermes Instagram

«Жақсы, бир қанша блог жазып таслапсаң. Қалай оқып басласам екен?» деп ойланып атырған болсаңыз, мына блогты оқып шығың.

Төмендe дембербес блогымда жазған барлық блогларымның дизими берилген:

Демберместеги блогларымда көретуғын сүўретлердиң скетчин (sketch) биринши жасалма интеллект жәрдеминде сызып, қалғанын өзим бояп, сызып толықтырғанман.

Ал, мына иллюстрацияда қарақалпақ қызы компьютерде бағдарлама жазып атыр.

Қарақалпақ қызы компьютерде бағдарлама жазып атыр
Karakalpak girl coding on her computer - Illustration by Mehriban K.