22-блог: Дембермес блогларын қалай оқып баслаў керек? / Dembermes blogların qalay oqıp baslaw kerek?
Дембермес блогларын қайсы тәртипте оқыў кереклигин тема ҳәм билим дәрежеси бойынша бөлип көрсететуғын жол көрсеткиш.
Ҳәр күни таза билим үлесиўге талпынып, жазып атырған блогларымның саны да отыздан асты. Информатика, программаластырыў ҳаққында түсиникке ийе болмаған адам қайсы блогты қашан оқыў керек екенин билмеўи мүмкин. Бул тәбийий жағдай! Ҳеш ким бирден ҳәммесин билип туўылмайды.
Негизи, мен блогларды системаға салып, бирме-бир жазыўға ҳәрекет еттим. Бул дегени ең биринши блогтан баслап избе-из оқысаңыз да болады.

Сонда да, жазғанларымды және бир рет системаға салып, үлкен топарларға бөлип көриўди мақул көрдим.
Демек, ең биринши бағдарлама/код (коуд) жазыўды үйрениўден алдын, интернет технологиялары, бағдарлама/программаластырыў тиллери ҳаққында улыўмалық түсиникке ийе болған пайдалырақ.
Сондай улыўмалық билимди төмендеги блогларды оқып ала аласыз
- Фронтенд, бэкенд дегенимиз не?
- Вебсайт жаратыў ушын нелерди үйрениўим керек?
- Фронтендти қалай үйренемиз?
- Фронтендти үйрениў ушын не қылыў керек?
- Бэкендти қалай үйренемиз?
- Бэкендти (Backend) үйрениў ушын не қылыў керек?
- Интернет қалай ислейди? 1-бөлим
- Интернет қалай ислейди? 2-бөлим
- Интернетке қалай жетемиз?
- DNS неге керек?
- HTTPди билиў шәртпе?
- Қалай кодинг (коудинг) қылып баслаймыз?
- Биринши қайсы тилди үйренсем болады?
- Кодинг (коудинг) қылыў ушын математиканы билиў шәртпе?
- Компьютер кодты (коудты) қалай оқыйды?
- Айныўшылар ҳәм Объект ҳаққында 1-бөлим
- Айныўшылар ҳәм Объект ҳаққында 2-бөлим
- Билиў керек болған инглисше терминлер
- Гит, Гитхаб дегенимиз не?
Фронтенд билимиңизди тереңлестириў ушын төмендеги блогларды избе-из оқыўды усыныс етемен
- HTML/CSS қалай үйренемиз?
- HTML/CSS пенен қалай вебсайт жаратамыз?
- JavaScript қалай үйренемиз? 1-бөлим
- Мағлыўмат типлери дегенимиз не? 1-бөлим
- Мағлыўмат типлери дегенимиз не? 2-бөлим
- JavaScript қалай үйренемиз? 2-бөлим
- JavaScript даўамы: Функция дегенимиз не? 3-бөлим
- JavaScript даўамы: If/else дегенимиз не? 4-бөлим
- JavaScript даўамы: Цикл (loop) дегенимиз не? 5-бөлим
- JavaScript даўамы: Логикалық операторлар (
&&,||,!) 6-бөлим - Калькулятор қалай жаратамыз? HTML/CSS/JS
- Айныўшылар ҳәм Объект ҳаққында 1-бөлим
- Айныўшылар ҳәм Объект ҳаққында 2-бөлим
- Гит, Гитхаб дегенимиз не?
Бэкенд ҳаққында үйрениў ушын төмендеги блогларды оқып шығың
- Бэкендти (Backend) үйрениў ушын не қылыў керек?
- 27-блог: "Бэкенд" - Прокси сервер дегенимиз не?
- 31-блог: "Бэкенд" - Аутентификация ҳаққында түсиник 1-бөлим
- 32-блог: "Бэкенд" - Аутентификация ҳаққында түсиник 2-бөлим
- Гит, Гитхаб дегенимиз не?
- 42-блог: "Бэкенд" - API дегенимиз не? 1-бөлим
- 43-блог: "Бэкенд" - API дегенимиз не? 2-бөлим
- 47-блог: Тармақ (Networking) тийкарлары: IP мәнзиллер [1]
"Жеке пикир" рубрикасы астындағы блоглар
- "Жеке пикир" - Кореяда жумысқа кириў аңсатпа?
- "Жеке пикир" - Кореяда жумысқа қалай тапсырамыз?
- "Жеке пикир" - Кореяда бир жумыс күним қалай өтеди?
- "Жеке пикир" - Жумысқа тапсырыў ушын резюме қалай жазамыз?
- "Жеке пикир" - Интервьюге қалай таярланамыз? 1-бөлим
- "Жеке пикир" - Интервьюге қалай таярланамыз? 2-бөлим
Кеңейтилген, жоқары (advanced) дәрежедеги билимди үйрениў нийети барлар мына блогларды оқып көриң
Бул топардағы блогларды кодинг (коудинг) қылып жүрген, анағурлым тәжрийбеси бар девелоперлерге усынаман.
- 26-блог: "Дигирман" - Merge Sort дегенимиз не?
- 30-блог: "Дигирман" - Дейкстра алгоритми дегенимиз не?
- 39-блог: "Дигирман" - Көпиршикли сортлаў (Bubble sort) ҳаққында