23-блог: Вебсайт жаратыў ушын нелерди үйрениўим керек? / Vebsayt jaratıw ushın nelerdi úyreniwim kerek?
Вебсайт жаратыўды үйрениў ушын Frontend, Backend ҳәм Full stack бағытларында қандай билимлер керек екенин оқыў кестеси менен көрип шығамыз.
hh.uz қусаған жумыс порталларында вебсайт жаратыўшы девелопер ролин излеп, ашық жумыс орынларында жазылған жумыстың сыпатларын, талапларын оқып шыққансыз ба?
"Көп нәрсени билиўим керек екенғо" деп ҳайран қалыўыңыз мүмкин.
"Вебсайт жаратыў соншелли қыйын ба не?" деп ойлап қаласыз.

Ҳәзирги ўақытта көпшилик вебсайтлар жүдә қурамаласқан дүзилиске, функцияларға ийе. Оларға әйтеўир еки-үш беттен ибарат, анаў-мынаў мағлыўмат жазылған вебсайт деп қарай алмаймыз.
Мәселен, жумыста бир рет Кореяның үлкен компанияларынан бириниң ERP деп аталатуғын сервис түрин вебсайт көринисинде жаратыўда қатнасқан едим.
Енди оны вебсайт емес, веб-программа деп атасақ та болады.
Қысқаша етип түсиндиргенде, ERP (Enterprise Resource Planning) бул үлкен масштаблы компаниялардың ҳәр түрли бөлимлериндеги (маркетинг, HR, бухгалтерия, финанс, инвентаризация ҳ.т.б.) ҳәр қыйлы искерлигин бир системаға салып автоматластырып беретуғын қурамалы программа есапланады.
Вебсайтлар да усындай дәрежеде қурамаласқаны ушын, девелоперлерден талап етилетуғын билим де артып кетти.
Бирақ, ҳеш ким ҳәмме керекли билимди "суўдай қылып ишип" алып болып жумыс басламайды. Сол билимлердиң дерлик 70 процентин ҳақыйқый жумыс барысында үйренип алыўға болады.
(Әлбетте, биринши junior сыпатында жумысқа кирип алғаныңыздан кейин.)
Сонда басланғыш билимге нелерди үйренсем болар екен?
Усы блогты оқыў кестеси сыпатында қоллансаңыз болады. Бул дегени, фронтенд яки бэкенд пенен шуғылланыўды қәлеўшилер усы жерде айтып өтилген билимлерди избе-из үйренсеңиз болады.
Алдыңғы блогларымда айтып өткенимдей, вебсайт жаратыўды екиге бөлип қараўға болады. Бириншиси фронтенд, екиншиси бэкенд. Төменде усы екеўи ушын биринши нелерди үйрениўиңиз керек екенин жазып өтемен.
A. Фронтенд ушын оқыў кестеси (дәслепки билим)
- HTML
- CSS
- Tailwind (яки басқа CSS framework)
- JavaScript
- Git ҳәм GitHub
- React (яки Angular, Vue.js қусаған басқа китапхана/framework)
- Вебсайт қәўипсизлиги бойынша басланғыш түсиник
- TypeScript
- Сервер-сайд рендеринг ҳәм React framework сыпатында Next.js
B. Бэкенд ушын оқыў кестеси (дәслепки билим)
- Өзиңизге мақул келген программа тилин үйрениң:
- Java яки Python яки PHP яки Kotlin яки JavaScript яки Go ҳәм тағы басқа.
- Сол тилдеги бэкенд ушын арналған frameworkти үйрениң:
- Java ушын Spring Framework
- Python ушын Django ямаса Flask
- PHP ушын Laravel яки Symfony
- Kotlin ушын Spring яки Ktor
- JavaScript ушын Express.js яки Nest.js яки басқасы
- Go ушын Gin, Echo яки Fiber (өзим де еле кеңирек түсиникке ийе емеспен)
- GitHub/GitLab
- Database (мағлыўматлар базасы)
- SQL
- API
- Вебсайт қәўипсизлиги ҳәм аутентификация
- Жазған кодты (коудты) тест қылыў
C. Full stack девелопер болыў ушын
Full stack девелопер болыў ушын жоқарыда жазылған фронтенд ҳәм бэкенд тийкарларын үйрениўиңиз керек. 😲
Бул жерде ҳәр қатарда көрсетилген барлық альтернатив тиллер ҳәм frameworkлерди бирдей үйрениў шәрт емес. Мәселен, бэкенд ушын бир программа тилин ҳәм соған тийисли бир frameworkти сайлап үйренсеңиз болады.
Айтыўым керек, фронтенд девелопер тек вебсайттың дизайнин жаратпайды. Ол көбинесе фронтенд тәрептеги функцияларды жаратады. Әдетте, нормал IT компанияларда биринши берилген проекттиң режеси проект менеджери, ал дизайны дизайнер тәрепинен дүзиледи. Publisher деп аталатуғын маман сол дизайнге қарап HTML ҳәм CSS менен сайттың дизайнин жаратады. Одан кейин, фронтенд девелопер сол вебсайтты "жанландырады".
Ҳәзирше усылар. Қосымша сораўларыңыз болса, комментте жазып қалдырың.