Мениң атым Мехрибан. Қубла Кореяда 6 жылдан берли программист (software developer) болып жумыс ислеп атырман. Кореяда жасап атырғаныма 10 жыл болады. Усы блог арқалы үйренген билим ҳәм тәжрийбемди қарақалпақ жаслары менен бөлиспекшимен.

Интернетте инглиз, рус ҳәм корейс тиллеринде жазылған программаға байланыслы оқыўлық қолланбалар, мақалалар, видеолар жудә көп. Қарақалпақ тилинде жазылған оқыўлық материаллар өте аз. Айырым жергиликли Телеграм каналларда яки инстаграмда блоггерлердиң жазатуғын затларын гуглиң (googling) қылып излеп таўа алатуғын нәрсе деп қарай алмаймыз. Олар өзлериниң аудиториясына ийе.

Мениң Dembermes блогты жазып баслаўдағы мақсетим де интернеттеги қарақалпақ тилинде жазылған мақалалардың санының асыўына үлесимди қосыў, ҳәм бир қанша жыллар даўамында топлаған билим ҳәм тәжрийбемди қарақалпақ жаслары менен бөлисиў болды.

Демберместеги мақалалардың барлығын өзим жазып шыққанман. Жасалма интеллектке жаздырғаным жоқ. Билесиз, жасалма интеллект моделлери еле қарақалпақша қатесиз, тәбийий түрде жуўап қайтара алмайды. Мениң өзим жазыўды жақсы көремен. Сонлықтан ҳәр бир мақаланы үлкен итибар менен, қайта-қайта тексерип, изленип жазыўға ҳәрекет етемен.

Кейин ала бул жазған блогларға SEO қосып, излеў системалары ҳәм жасалма интеллект хызметлери ушын ислейтуғын ҳәр түрли вебсайт краўлерлери (crawler) келип оқый алыўы ушын да ҳәрекет етип атырман. Бул мақалалар келешекте моделлерди үйретиўде пайдаланылса, қарақалпақ тилин жақсырақ түсиниўине аз да болса үлес қосыўы мүмкин.

Бул блогты биринши Substack блог платформасында жазып басладым. Кейин жазғанларымды бир топлап өз алдына вебсайт жаратыўға қарар еттим. Қәлеген ўақтыңызда өзиңизди қызықтырған рубрика астында жазған мақаланы оқып кетсеңиз болады.

Мен ҳәр дайым усынысларға ашықпан. Егер қате көрсеңиз, яки пикир билдирсеңиз, өзиме хабарлассаңыз болады. Дәрҳал көрип шығыўға ҳәрекет етемен! Төмендеги Dembermes вебсайтының Instagram аккаунты көрсетилген.

Dembermes Instagram

Маған xabar@dembermes.com арқалы жазсаңыз да болады.