Jeke Pikir

24-блог: "Жеке пикир"- Кореяда жумысқа қалай тапсырамыз?

Кореяда оқыўды питкергеннен кейин рәсмий жумысқа тапсырыў ушын TOPIK, резюме, мотивациялық шығарма, портфолио ҳәм жумыс излеў жоллары ҳаққында түсиник.

Биринши "Жеке Пикир" рубрикасы астында жазған блогымның даўамы сыпатында усы блогты жазыўға қарар еттим. Кореяда оқыўды питкерип, рәсмий түрде толық ставкада жумысқа қалай тапсырыў, қандай документлерди таярлаў, ҳәм нелерге итибар бериў кереклиги ҳаққында айтып беремен.

Өзим де енди оқыўды питкергенимде жумыс излеў бабында мәсләҳат беретуғын менторым болғанын қәлеген едим.

Мениң қәнийгелигим - IT. Программист (бағдарлама жаратыўшы, девелопер) болып жумыс ислеймен. Бирақ бул блогты ҳәммеге тийисли етип жазыўға ҳәрекет еттим.

Корейс дорамасындағы программист бала
Корейс дорамасындағы программист бала

Кореяда оқып атырсыз ба? Жүдә бәрекелле!

Бирақ өмир тек оқыўдан ибарат емес. Сонша алыс еллерге келип, қыйналып оқығаныңыздан кейин, 2-3 жыл болса да сол елде жумыс ислеп, тәжирийбе жыйнап, пул тапқыңыз келеди. Бирақ жат елде жумыс табыўдың қыйыншылығын да айтып өткен едим.

Сонлықтан, жумысқа кириў таярлығын университеттеги оқыў дәўиринен баслаў керек.

Мәселен, 3 яки 4-курс ўақтыңызда жазғы яки қысқы демалыста internship (стажировка) қылыўға ҳәрекет етиң.

Кишкене яки үлкен болсын, қәнийгелигиңизге мас жумыс орнында 2-3 ай ислеп тәжирийбе топлаң. Ҳәм усы жумыс орнын internship сыпатында резюмеңизге қосып жазың.

A. Жумысқа арза тапсырыўдан алдын, биринши нелерге итибар бериўим керек?

1. Корейс тилин үйренип, TOPIK сертификатын алың

Базы бир жумыс орынларына корейс тилин билиў мәжбүрий емес. Бирақ ондай жумысларда ислеў ушын сизде басқаларда таптырмайтуғын билим бар болыўы, яки белгили тараўда оттай маман болыўыңыз керек.

Өзбекстандағы пайтахт яки басқа қалаларды елестетип көриң. Мәмлекетлик тил өзбек тили болса да, рус тилин қосымша билсеңиз, жумысқа орналасыў аңсатлаў болыўы мүмкин. Өзбекстанда турып та жумысқа кириў ушын басқа тилди билиў зәрүрлиги бар болған заманда, Кореяға келип корейс тилин билмей жумыс табаман деп ойлаўдың өзи қате.

2. 스펙 (spek) жақсы болыўы ушын ҳәрекет етиң

Кореяда көп қолланылатуғын неологизм (таза сөз). Инглизшеден specification деген сөзден келип шыққан.

Мәниси - бир адамның (айрым жағдайларда буйымның) квалификациясы.

Сонда нелерге итибар бериў керек? Университетте оқып атырсыз ямаса питкергенсиз деп алайық.

  • Демек, GPA жақсы болыўы керек. Егер GPA не екенин билмесеңиз, көбирек оқыўыңыз керек екен.

  • Университетти питкерип алған илмий дәрежеңиз бакалавр, магистр яки докторантура ма?

  • Корейс тили, инглиз тили яки басқа шет тиллери бойынша алған сертификатларыңыз бар ма? (TOPIK, TOEIC, HSK қусаған)

  • Қосымша басқа сертификатларыңыз бар ма? (컴퓨터활용능력 1급, 국제무역사 1급 ҳәм соған қусаған)

    (Негизи, шет елли студентлерден бундай сертификатларды күтпейди. Бирақ, қәлеген корейсте ең кеминде бир-еки қосымша сертификатлар болады. Соның ушын да конкуренция күшли.)

  • Internship (стажировка) тәжирийбеңиз бар ма?

  • Оқыўдан тысқары дөгереклерде/шөлкемлерде қатнасқансыз ба?

  • Жарысларға қатнасып алған сертификатларыңыз бар ма?

Жоқарыдағы spek-лерди жақсылаўға ҳәрекет етиң. Бирақ, қалай болмасын жарысқа қатнасыўыңыз керек, басқа сертификатлар ушын да оқып, таярланыўыңыз керек демеймен. Себеби тап усы квалификациялардың бар болыўы мәжбүрий емес. (Егер қолға киритсеңиз, жүдә жақсы.)

Және, әлбетте магистратура яки докторантураға шекем оқың деп айтпайман. Егер өзиңизге керек болса, кирип оқың. Базыда докторантураға шекем кирип оқыўыңыз шәрт емес.

Ең баслысы, оқып жүрип "оқыўға" итибар бериң.

  • Жақсы оқың. GPA төмен болмасын.
  • Оқыўда актив болың.
  • Корейс тилин үйрениң.
  • Қәнийгелигиңизге мас стажировка қылыўға ҳәрекет етиң. (알바 бул стажировка емес.)
Студентлер сабақта
Студентлер сабақта

3. Резюме/이력서 таярлаң

이력서, яғный резюме жазыў да жүдә әҳмийетли. Қолға кириткен квалификацияларыңызды көз-көз қылып билиў де өз алдына талант 🥲

Корея компаниялары "детально жазылған" резюмелерди жақсы көреди. Фотоңызға шекем қосып тапсырыўыңыз керек болады.

Резюме жазыў да өз алдына тема. Ол ҳаққында да кейинги блогларымда жазып қаларман.

Егер қәлесеңиз, Кореядағы компанияларға жумысқа тапсырыў ушын көп қолланылатуғын резюме үлгисин сизге таслап беремен. Буның ушын, сиз "dembermes" Instagram аккаунтын "follow" қылып, маған жазсаңыз, сизге резюме үлгисин жиберемен 🫰

Dembermes Instagram

4. Мотивациялық шығарманы/자기소개서 жазың

Мотивациялық шығарма дегенимиз не? Кореяда қысқа етип 자소서 деп атайды. Жумыс бериўши бир дана резюме жәрдеминде сизди баҳалаўы қыйын болыўы мүмкин. Сондай ўақытта резюмеге қосымша сыпатында жазып тапсыратуғын автобиографияға қусайтуғын шығарманың роли үлкен. Әсиресе, университетти енди питкерип, еле ҳақыйқый жумыс тәжирийбеси жоқ жаслар ушын сондай шығарманың өзи де бир имканият.

Шығарманы не ҳаққында жазамыз? Өзиңиздиң өмириңизди басынан ақырына шекем жазыў керек дегени емес. Оқып жүрип таңлаған қәнийгелигиңизге байланыстырып жазсаңыз жүдә мақсетке муўапық болады.

Мысалы, сол тараўға қалай қызығыўшылығыңыз оянғаны ҳаққында, оқыўда жүрип не ислегениңиз/үйренгениңиз, қандай қыйыншылықларды жеңип өткениңиз туўралы, алдыңызға қойған мақсетлериңиз яки сол тараўдың маманы болатуғындай сизде қандай қасийет ҳәм қабилет бар екенин асырып, аз-маз бөрттирип жазсаңыз да болады.

Мотивациялық шығарманы да еки тилде (инглиз ҳәм корейс) жазыўды мәсләҳат беремен. Ҳәм бир жазып "жетерли" деп тоқтап қалмаң. Жазып болып, тексерип, дурыслап жазып, тағы тексерип, қайтадан жазып, жақынларыңызға көрсетип, пикирин сорап көрип, қайтадан жазып көриң.

Жумысқа кириўге таярланып атырған адамлар
Жумысқа кириўге таярланып атырған адамлар

5. Портфолио таярлаң

Портфолионы дизайнерлер таярлайтуғын журнал сыпатында билетуғын адамлар баршылық. Портфолио деген сөз де тараўына қарап, ҳәр түрли мәниске ийе болыўы мүмкин.

Жумыс излеўшилер ушын портфолио - резюмениң "қурамаласқан" көриниси. Портфолио - сизиң талант, уқып ҳәм профессионал тәжирийбеңизди көз-көз қылып көрсетиўге жәрдем беретуғын документ. Ол бир неше бетлерден қуралған болыўы мүмкин.

Портфолионы да ўақыт ажыратып, қунт пенен таярлаған жақсы. Бирақ көпшиликтиң ўақты жоқ.

Программист ретинде таярлаған портфолиом 6 беттен ибарат еди 🥹 Басқалар 20 бетке шекем таярлайды.

Портфолионы PowerPoint, Word яки басқа онлайн программа жәрдеминде таярласа болады.

Мен жеке үстинде ислеген проектлерим ҳаққында түсиндирип жазған едим.

Маркетинг тараўында жумысқа тапсыратуғынлар да университетте яки стажировка/freelance ислеп жүргенинде әмелге асырған проектлери ҳаққында жазып, ҳәм дәлийллеўши фотоларды қосып таярлаўы мүмкин.

Қулласы, қәнийгелигиңизге байланыслы қылған жумысларыңызды улыўмаластырып көрсетип берсеңиз жүдә жақсы. Сертификатларыңызды ҳәм усыныс хатларды да қоссаңыз болады. Портфолионы да инглиз ҳәм корейс тиллеринде таярлағаныңыз мақул.

B. Қалайынша жумыс орнын излеймен?

Демек, қай жерден internship яки жумыс таўып, қалай арза тапсырсам болады?

  1. Оқып атырған университетиңиздиң шет елли студентлер менен ислесетуғын офисине барып, хабарласып сорап көрсеңиз болады.

    (Көпшилик жағдайда "билмеймиз" деген жуўапты алыўыңыз мүмкин.)

  2. Оқып атырған университетиңиздиң jobs, internships деген бөлимине арналған вебсайтына кирип көрсеңиз болады. Сол жерде ашық жумыс орынлары яки жумыс ярмаркалары ҳаққында мағлыўматлар жәрияланады. Яки басқа университетлердиң студентлер ушын арналған жумыс портал вебсайтларын тексерип көриң.

  3. Ҳәр түрли жумыс портал вебсайтларынан излесеңиз болады.

Төмендеги вебсайтларды/приложениелерди усыныс етемен. Бул вебсайтлардан корейслердиң өзлери де жумыс излегенде пайдаланады.

  1. Saramin

  2. JobKorea

  3. Catch

  4. JumpIT

  5. Wanted

  6. Dev-Korea

  7. Klik

  8. Kowork

  9. LinkedIn деген вебсайттан пайдаланып, жумыс орнын излесеңиз болады.

  10. Өзиңиз қызыққан компаниялардың жумыс порталларын тез-тез тексерип барың. Сол жерде де шет елли студентлер ушын арнаўлы жумыс орынлары жәрияланады.

  11. Жумыс ярмаркаларына қатнасың. Сондай ярмаркалардан бири ISF деп аталады. KOICA тәрепинен де шөлкемлестирилетуғын ярмарка бар еди (атын умытып турман). Төмендеги силтемеге кирип ISF ярмаркалары ҳаққында қарап көрсеңиз болады.

    ISF ярмаркалары

  12. Networking қылып жумыс имканиятын қолға киргизиўге ҳәрекет етиң.

    Аўылда жалпақ тилде "танысы бардың, шансы бар" дейтуғын едиғо. Тап сол гәп Кореяда да жаны бар.

  13. Агентликлер арқалы.

C. Қалайынша жумысқа арза тапсырамыз?

  1. Жоқарыда айтып өткен вебсайтларға регистрация қыламыз.
  2. Өзлеримиз ҳаққындағы мағлыўматларды киритемиз.
  3. Резюме ҳәм портфолионы жүклеймиз.
  4. Вебсайттың бас бөлимине кирип жумыс излеймиз.
  5. Өзлеримизге туўры келген ашық жумыс орынларына бирме-бир тапсырамыз.
  6. Телефонымыз яки электрон почтамызды тез-тезден тексерип турамыз. Себеби, кейинги басқышларға өткениңиз ҳаққында сизге email, яки телефоныңыз жәрдеминде хабарлайды.

Интервьюге қалай таярланыў ҳаққында және бир блог жазарман! Ҳәзирше усылар. Қосымша сораўларыңыз болса, усы жерге яки Instagramда комментке жазып қалдырың.