Backend

27-блог: "Бэкенд" - Прокси сервер дегенимиз не?

Прокси сервердиң қалай ислейтуғынын, не ушын кереклигин ҳәм forward proxy менен reverse proxy арасындағы парқты әпиўайы мысаллар арқалы түсиндиремиз.

Прокси серверди түсиндириў ушын мектеп дәўириңизди елестетип көриўди сорайман. Жас бала ўақытта кластағы досларыңыздан бири унап қалатуғын ўақытлар болған. Алғашқы муҳаббат дейме? Сол бала яки қызға кишкене жүрекше хатты басқа бир достымыз арқалы берип жиберетуғын едик. Себеби хатты ким жазғаны сыр болып турыўын қәлейтуғын едик. Ортада үшинши адам хатты жеткерип берсе (ҳәм ким берип жибергенин айтпаса!), хатты алған адам хаттың анық ким тәрепинен жиберилгенин билмеўи мүмкин.

Класта жүрекше хатты досы арқалы берип атырған оқыўшы

Бүгинги блогымыздың темасы есапланатуғын прокси сервердиң хызмети де сол үшинши адамның атқарған хызметине қусап кетеди.

Прокси сервер бул сиз пайдаланып атырған клиент (браузер, компьютер, телефон яки басқа программа) менен сиз сораў жиберген сервер ортасында "дәлдәлши" сыпатында ҳәрекет ететуғын сервер түри есапланады.

Яғный компьютер яки телефоныңыз арқалы жиберген сораўыңыз қандай да бир вебсайттың сервери менен тиккелей байланысыўдың орнына, биринши прокси серверге барады. Прокси сервер сизиң сораўыңызды тийисли серверге жиберип, кейин келген жуўапты сизге қайтарып жибереди.


Не мақсетте прокси серверден пайдаланамыз?

Жақсы сораў бердиңиз. Прокси сервер неге керек? Серверлердиң санын және биреўге көбейтиўдиң не кереги бар?

1. Қупыялылықты күшейтеди

Прокси сервер сизиң IP адресиңизди вебсайттан жасырып бере алады. Бирақ, прокси хызметиниң өзи сизиң ҳақыйқый IP адресиңизди көриўи мүмкин. Соның ушын исенимли прокси хызметин таңлаў әҳмийетли.

2. Вебсайттың қәўипсизлигин тәмийинлейди

Прокси сервер вебсайт сервери қабыллаўы мүмкин трафикти фильтрлеп береди, зиянлы трафикти блоклайды ҳәм қосымша қәўипсизлик қабатын жаратады. Прокси серверлер трафикти қадағалаў арқалы онлайн ҳүжимлердиң алдын алыўға көмеклеседи.

3. Базы бир мағлыўматты кэште ўақытша сақлап қоя алады

Пайдаланыўшылар тәрепинен тез-тез көрилетуғын веб-бетлерди кэште сақлап қойып, келеси сораўлар ушын веб-бетти тезирек көрсетип бере алады.

4. Келип атырған үлкен трафикти бөлистирип бере алады

Егер Instagram сыяқлы миллионлаған адамлар пайдаланатуғын программа тек бир серверде орнатылып тур деп ойласаңыз, қәте қыласыз. Үлкен трафикти қабыл ететуғын программалар көбинесе бир неше серверде орнатылады. Себеби бундай үлкен көлемдеги трафик бир серверге аўырлық етеди.

Ҳәр бир сервердиң өзиниң IP адреси бар. Мәселен, Орта Азия еллериндеги пайдаланыўшылар Сингапурда жайласқан серверге жалғаныўы мүмкин. Европадағы пайдаланыўшылар басқа жердеги серверге жалғаныўы мүмкин.

Бирақ Instagramның сонша пайдаланыўшысына биримлеп "мына серверге жалғаныўың керек" деп айтып шыға алмаймыз. Ҳеш ким instagram1, instagram2, instagram3 деп аталатуғын доменлерден пайдаланып атырған жоқ. Дүньяның түрли шетиндеги пайдаланыўшылардың ҳәммеси бир жердеги Instagram серверине жалғанбайды.

Келген трафикти тийисли серверге бөлистирип бериў ушын load balancer қолланылады. Reverse proxy да load balancer хызметин атқарыўы мүмкин. Бул дегени Instagramды ашқаныңызда сизиң сораўыңыз биринши осындай аралық серверге жетип барады. Ол келген трафикти жүдә бәнт болмаған серверге жибереди.


Қандай прокси сервер түрлери бар?

Прокси серверлерди үлкен еки түрге бөлиўимиз мүмкин. Келиң, бир мысал менен түсиндирейик.

Forward proxy

Ишки ислер министрлигинде ислейсиз деп алайық. Офисте ислеўши жумысшылардың ҳәр бириниң жумыс столында компьютер бар. Әлбетте, жүдә қупыя мағлыўматлар сақланған файллар менен ислеўиңиз мүмкин. Ҳәм компьютериңизде интернеттен пайдаланасыз.

Бирақ сол вебсайтлардың биринде сизиң компьютериңизге ҳүжим қылып, мәмлекетке тийисли қупыя мағлыўматларды билип алмақшы болған хакерлер болыўы мүмкин. Бул жағдайдың қалай алдын аламыз?

Интернеттен пайдаланыўшының қәўипсизлигин тәмийинлеўши илажлардың бири бул forward proxy серверди орнатыў. Forward proxy жәрдеминде интернетке жалғаныўшы компьютерлердиң қупыялылығын асырып, зиянлы вебсайтларды блоклап, трафикти фильтрлеп ҳәм пайдаланыўшының интернет искерлигин жазып қалып, қәўипсизликти беккемлеўге болады.

Forward proxy клиенттиң алдында турады ҳәм клиент атынан интернетке сораў жибереди.

Reverse proxy

Жоқарыда Instagram ҳаққында түсиндирген параграфтағы проксидиң түри reverse proxy есапланады. Ол серверлердиң алдына орнатылып, вебсайттың қәўипсизлигин беккемлеп, келген трафикти бөлистирип ҳәм кэшти басқарып бере алады.

Reverse proxy сервердиң алдында турады ҳәм сервер атынан клиенттен келген сораўларды қабыллайды.


Қандай прокси серверди билесиз?

Nginx (энжин-экс) деген жүдә белгили веб-сервер бар. Оны reverse proxy, кэш ҳәм load balancer сыпатында да қолланыўға болады. Nginxтен көплеген вебсайтлар ҳәм веб-программалар пайдаланады.


Прокси сервер не екенин бираз болса да түсинип алғаныңыздан кейин бир-еки сораў туўылыўы мүмкин

  1. Сонда, прокси сервер менен VPN дегенимиздиң парқы не?
  2. Прокси сервер менен load balancerдиң парқы бар ма?
  3. Прокси сервер қалай ислейди?
  4. Прокси серверди де хакерлер бузыўы мүмкин бе?

Өте орынлы сораўлар. Бул сораўларға өз алдына блог жазып жуўап бериўге ҳәрекет етемен. Ҳәзирше сиз таза билим алыўдан тоқтамаң. 🫶✍️💪