28-блог: JavaScript даўамы: Логикалық операторлар 6-бөлим / JavaScript dawamı: Logikalıq operatorlar 6-bólim
JavaScript тилиндеги && (AND), || (OR) ҳәм ! (NOT) логикалық операторларын светофор, купон, заводқа кириў ҳәм логин мысаллары менен үйренемиз.
- JavaScript қалай үйренемиз? 1-бөлим
- JavaScript қалай үйренемиз? 2-бөлим
- JavaScript даўамы: Функция дегенимиз не? 3-бөлим
- JavaScript даўамы: If/else дегенимиз не? 4-бөлим
- JavaScript даўамы: Цикл (loop) дегенимиз не? 5-бөлим
Жоқарыда ҳәзирге шекем JavaScript бағдарлама тили ҳаққында жазған блогларымды келтирип өттим. Бүгинги блогым сол алдыңғы блогларда түсиндирип өткен control flow (программаны жүргизиў логикасы) деп аталатуғын үлкен теманың ең соңғы бөлими. Егер не деп атырғанымды түсинбей атырсаңыз, жоқарыдағы силтемелерге кирип оқып шығыўды усыныс етемен.
JavaScript тилинде control flow төмендеги бөлимлерден қуралады:
- Шәртлер (conditional statements):
if,else,else if,switch - Цикллер (loops):
for,while,do...while,for...in,for...of - Логикалық операторлар:
&&(AND),||(OR),!(NOT)
Компьютер илиминде логикалық операторлар дегенимиз не?
Бизлер логикалық операторлардан пайдаланып бир неше шәртти бириктиремиз яки шәрттиң мәнисин керисине өзгертемиз. Оларды if сыяқлы control flow бөлимлеринде қолланып, компьютердиң қайсы кодты әмелге асырыўын анықлаймыз.
Алдын да айтқан едим: компьютер кодты избе-из, жоқарыдан төменге қарап оқыйды. Ҳәр дайым басынан ақырына шекем шертилмей оқылатуғын дүзиў код жоқ. Код жазғанымызда мына кодты биринши оқыўы керек пе яки ана кодты биринши оқыўы керек пе, пайдаланыўшыға хабар көрсетемиз бе яки жоқ па, ҳәм соған қусаған көплеген шешимлерге келиўимиз керек болады. Сондай ўақытта control flow-дан пайдаланамыз.
Ҳәзирге шекем if/else ҳәм for loop деген программаны жүргизиў (control flow) түрлерин үйрендик.
Бүгин үйренежақ және бир control flow қуралы бул логикалық операторлар, яғный мына 3 белги: &&, ||, !.
Бир сораў беремен. Светофорды билесиз бе? Әлбетте! 🚦
Светофорда жасыл свет жанса, машиналар қатнайтуғын жолдағы кесилиспени кесип өте аламыз. Қызыл свет яки сары свет жанып турса, тоқтап турыўымыз керек болады. ⛔
Логикалық операторларды мине усы светофор деп алсақ болады.

Сонда қалайынша? Оқыўды даўам етиң.
Логикалық операторлар дегенимиз не?
true ҳәм false деп аталатуғын мағлыўмат типлерин (data types) үйренген едик. Олар шынлық яки жалғанлықты билдиреди: true - рас, false - жалған. Мына код есиңизде ме?
let isStudent = false;
let hasGraduated = true;Мен өзим ҳаққында бир-еки boolean (булев) түрдеги айныўшыны жаратқан едим.
isStudent - "студент пе?" деп сорап турман. Бул өтирик. Мен студент емесмен. Сонлықтан false деп алдым.
hasGraduated - "оқыўды питкерген бе?" деп сорап турман. Бул шынлық. Мен Кореядағы оқыўымды 4 жыл алдын питкердим. Соның ушын true деп алдым.
Және бир айныўшыны жаратайық:
let hasGoodGPA = true;hasGoodGPA - "алған баҳалары (GPA) жақсы ма?" деп сорап турман. Бул шынлық. Оқыўды жақсы баҳаларға питкерип шықтым. Соның ушын true деп алдым.
Енди жақсы оқыйтуғын студентлер ушын онлайн магазинлерге шегирме (скидка) купонын беретуғын программа жаратамыз деп ойлайық. Купон тарқатып бериўден алдын еки шәртти тексериўимиз керек. 🧐
Пайдаланыўшы студент пе ҳәм алған баҳалары жақсы ма?
Усы еки шәрттиң екеўи де шынлық болыўы лазым. Болмаса, программамыз пайдаланыўшыға купон бермейди.
Мен купон ала аламан ба? Жоқ! 😐 Мениң алған баҳаларым жақсы болғаны менен, студент емесмен. Еки шәрттиң биреўин қанаатландыра алмайман. Программа купон беретуғын кодты иске қоспайды.
Мине усы еки шәрттиң дурыс екенин бир ўақытта тексерип, әдеўир қурамалы шәрт жаратыўға жәрдем беретуғын белги бул && есапланады. Оны инглизше AND деп оқыймыз.
Жоқарыдағы программаны JavaScript тилинде былайынша жазсақ болады:
let isStudent = false;
let hasGoodGPA = true;
if (isStudent && hasGoodGPA) {
console.log("Сиз шегирме купонын утып алдыңыз!");
}Көрип турғаныңыздай, && белгисиниң еки тәрепинде турған шәрт рас болса ғана, мен шегирме купонын утып аламан.
Еки шәрт те true болса, жасыл свет жанады ҳәм компьютер сол кодты иске қосады.
Тек жақсы оқыйтуғын студентлер купон ала береме деп ашыўланып, шәртлеримизди бираз өзгерттик деп алайық:
- Ҳәмме студентлерге купон бериледи.
- Барлық ҳаял-қызларға купон бериледи.
Өзгериўлерге бола және бир айныўшыны жаратамыз:
let isWoman = true;isWoman - "ҳаял адам ба?" деп сорап турман. Бул шынлық. Соның ушын true деп алдым.
Демек, енди еки шәртимиздиң биреўи қанаатландырылса, купон тарқатып беретуғын программа жаратпақшымыз.
Мине усы еки шәртти бир ўақытта тексерип, әдеўир қурамалы шәрт жаратыўға жәрдем беретуғын және бир белги бул || есапланады. Оны инглизше OR деп оқыймыз. (OR инглизшеде "яки, ямаса" болады.)
Жоқарыдағы программаны JavaScript тилинде былайынша жазсақ болады:
let isStudent = false;
let isWoman = true;
if (isStudent || isWoman) {
console.log("Сиз шегирме купонын утып алдыңыз!");
}Көрип турғаныңыздай, || белгисиниң қәлеген бир тәрепиндеги шәрт дурыс (true) болса, сол пайдаланыўшыға купон бериледи.
Демек, мен шегирме купонын алыўға ҳаққым бар ма? Аўа! Неге? Студент болмасам да, ҳаял адам болғаным ушын.

Егер еки шәрттиң ҳеш болмаса биреўи true болса, жасыл свет жанып, компьютер сол кодты иске қосады.
Түсинип алдыңыз ба?
Енди ҳәр бир логикалық оператор ҳаққында түсиндирип өтейик.
&& бул AND
Кодты оқығанда AND деп оқылады. JavaScript тилинде ол && белгиси менен жазылады. Бул белги еки шәрттиң рас яки жалған екенин тексереди ҳәм еки шәрт те шынлық болса ғана true деген мәнис қайтарады. (Светофор жасыл жанады.)
Егер еки шәрттиң биреўи өтирик болса, false деген мәнис қайтарады.
Және бир мысал жазайық. Ярым ставкалы жумыс пенен тәмийинлейтуғын заводқа жасы 18 ден жоқары болған ересек адамлар ҳәм ID картасы барлар кире алады деп алайық. Заводтың дәрўазасының алдына сондай адамның жасын ҳәм ID картасын тексериўши сканер программа қоямыз.
let age = 20;
let hasIDCard = true;
if (age >= 18 && hasIDCard) {
console.log("Мәрҳамат, заводқа кириң.");
} else {
console.log("Заводқа кириўге рухсат жоқ!");
}
// Нәтийже: "Мәрҳамат, заводқа кириң."Жоқарыдағы кодта age >= 18 ҳәм hasIDCard деген шәрт екеўи де шынлық (true). Соңлықтан if қаўсырмасының ишиндеги && операторы true деген мәнисти қайтарады ҳәм "Заводқа кириң" деген жазыў көринеди.

Егер бир адамның жасы он сегизде, бирақ еле ID картасын алмаған болса, код иске қосыла ма?
let age = 18;
let hasIDCard = false;
if (age >= 18 && hasIDCard) {
console.log("Мәрҳамат, заводқа кириң.");
} else {
console.log("Заводқа кириўге рухсат жоқ!");
}Жоқарыдағы кодты өзиңиз браузер консолында жүргизип көриң.
|| бул OR
Кодты оқығанда OR деп оқылады. JavaScript тилинде ол || белгиси менен жазылады. Бул оператор еки шәрттиң ҳеш болмаса биреўи шынлық болса, true мәнисин қайтарады.
Енди онлайн магазинимизде ҳәммеге дем алыс күнлери яки байрам күнлери шегирме купонын үлестиретуғын функцияны қосайық деп алайық.
let isWeekend = true;
let isHoliday = false;
if (isWeekend || isHoliday) {
console.log("Сиз шегирме купонына ийе болдыңыз!");
} else {
console.log("Бүгин скидка жоқ.");
}
// Нәтийже: "Сиз шегирме купонына ийе болдыңыз!"Усы жерде isWeekend ("дем алыс күниме?") деген айныўшымыз ҳақыйқат. isHoliday ("байрам ба?") деген айныўшымыз өтирик. Кем дегенде бир айныўшымыз рас болса, код иске қосылады ҳәм бизлер шегирме купонына ийе боламыз.

Егер екеўи де жалған (false) болғанда, купон беретуғын код иске қосылмайды. Шегирме купоны да үлестирип берилмейди.
! бул NOT
! операторы ҳаққында еле айтпаған едим. Бул үндеў белгисин NOT деп оқысаңыз болады.
Оның хызмети берилген рас/өтирик мәнисти қарсы мәниске төңкерип таслайды. Қалай?
- Егер айныўшы рас (
true) болса,!trueдеп жазсақ, мәнис өтирик (false) тәрепке өзгереди. - Егер айныўшы өтирик (
false) болса,!falseдеп жазсақ, мәнис рас (true) тәрепке өзгереди.
Мысалы, вебсайтымызға келген пайдаланыўшы еле логин қылмаған болса, "Login" түймесин көрсетемиз деп алайық.
let isLoggedIn = false;
if (!isLoggedIn) {
console.log("Login түймесин көрсет.");
} else {
console.log("Пайдаланыўшы логин қылған.");
}
// Нәтийже: "Login түймесин көрсет."isLoggedIn деген айныўшыны "пайдаланыўшы логин қылған ба?" деп аўдармаласақ болады. Ҳәзирше false, яғный "логин еле қылмады" деп алдық.
Демек, !isLoggedIn мәниси true деген мәнисти қайтарады. Яки бул кодты жалпақ тилде "логин қылмағаны рас па?" деп келтирсек болады. Аўа, логин қылмағаны рас! Соның ушын пайдаланыўшыға "Login" түймесин көрсетемиз.

Енди isLoggedIn айныўшысын true деп алайық. "Логин қылып вебсайтқа кирген" пайдаланыўшы деп келтирдик. Енди !isLoggedIn деген мәнис "логин қылмағаны рас па?" деп сорап тур. Яқ, бул ретки пайдаланыўшымыз логин қылыпты. Демек, !isLoggedIn false мәнисин қайтарады ҳәм жоқарыдағы кодтың else бөлими иске қосылады. Экранда "Пайдаланыўшы логин қылған" деген жазыў пайда болады.
let isLoggedIn = true;
if (!isLoggedIn) {
console.log("Login түймесин көрсет.");
} else {
console.log("Пайдаланыўшы логин қылған.");
}
// Нәтийже: "Пайдаланыўшы логин қылған."Бул операторларды бирге пайдаланып, еле де қурамалы шәртлерди жаратсаңыз болады.
Мысалы, ресторанымыздағы VIP кабиналардан пайдаланыўға рухсат бериўши талонды үлестирип беретуғын программа жаратайық деп алайық. VIP қонақларымыз бул жасы жигирма бирден үлкен ҳәм VIP картасы бар яки "арнаўлы қонақ" деп белгиленген адамлар есапланады.
Мысалы, танымалы бир қосықшының жасы қырқта, бирақ VIP картасы жоқ. Бирақ ол белгили бир критерийлерге бола "арнаўлы қонақ" деп анықланады. Ол VIP кабинадан пайдаланыў ушын талон алыўға ҳаққысы бар.
let age = 40;
let hasVIPCard = false;
let isSpecialGuest = true;
if (age > 21 && (hasVIPCard || isSpecialGuest)) {
console.log("VIP кабинамызға хош келдиңиз!");
} else {
console.log("Ҳәзирше улыўмалық ханалардан пайдалана аласыз.");
}
// Нәтийже: "VIP кабинамызға хош келдиңиз!"age > 21 && (hasVIPCard || isSpecialGuest) - усы код қатары үш түрли шәртти тексерип атыр.
Биринши age > 21 тәрепи пайдаланыўшының жасы жигирма бирден үлкен бе деп сорап тур. Берилген айныўшымызда танымалы қосықшының жасын 40 деп алдық. Демек, бул шәрт true мәнисин қайтарады.
Екинши (hasVIPCard || isSpecialGuest) тәрепи еки шәртти тексерип атыр. hasVIPCard деген айныўшыны "VIP картасы бар ма?" деп аўдарсақ болады. Ол өтирик (false).
isSpecialGuest деген айныўшыны "арнаўлы қонақ па?" деп аўдармаладық. Ол шынлық. Қонағымыз танымалы қосықшы.
Демек, OR (||) операторының еки тәрепинде бир шәрт болса да шынлық болса, оператор true мәнисин қайтарады.

Енди, age > 21 && (hasVIPCard || isSpecialGuest) кодтың еки тәрепи де шынлыққа (true) тең. Демек, if қаўсырмасының ишиндеги улыўмалық шәрт true болып, пайдаланыўшыға VIP кабина ушын талон беремиз.
Өзлериңиз браузер консолында JavaScript тилинде логикалық операторлардан пайдаланып бир-еки мысал жазып көриң. Бирден ҳәммесин түсинип кетиў ушын урынып, көп қыйналмаң. Ўақыт өтип, код жазып үйренип кете аласыз.