29-блог: "Жеке пикир" - Кореяда бир жумыс күним қалай өтеди? / Koreyada bir jumıs kúnim qalay ótedi?
Кореяда программист болып ислейтуғын бир күним: метро менен офиске барыў, код жазыў, жыйналыслар, түслик, спорт ҳәм үйге қайтыў.
Кореядағы жумыс күним ҳаққында жазып отырыў нийетим жоқ еди. Итибар берген болсаңыз, "Дембермес"те еки-үш айлап көринбей кеттим. Баса-бас жумыс себепли қолым тиймей қалды. Дем алыс күни бираз дем алып, үй жыйнастырыўға ўақыт тапқаныма қуўанатуғын дәрежеде болып қалдым. Сөйтип жүрип, бир жумыс күним ҳаққында қысқаша айтып берсем, базибир адамларға қызық болыўы мүмкин деген ой келди.
Мен ҳәзир студент емеспен. Кореяда оқып атырған өзлеримиздиң студент ул-қызлардай "еркинликтеги" ўақтым көп емес. Азаннан кешке шекем офисте ислеп отырғаннан кейин сыртқа айланып шығыўға имканият болмайды. Усы жағдайымды билип қойсаңыз, не ушын бир жумыс күним "жумыс күниндей" болып өтиўин түсинер едиңиз.
Жумысым азанда саат тоғызда басланады. Офиске метро менен бир саатлар шамасында жетип бараман.
1. Азанғы таярлық
Азанғы саат жетиде турып, жумысқа кетиўге таярланаман.
Бир кесе шай демлеп ишип алыўым да мүмкин. Көбинесе, азанғы тамақты жеўге жетерли ўақтым болмайды. Үйден 7:50-де шығып кетиўим керек.

Өткенде аўылға барып келгенимде Муратбай Нызановтың "Қарақалпақлар" деген китабын сатып алып келип едим. Соны көрсетиў ушын мына фотоны түсирдим 🥹
2. Метро менен офиске
Үйимиздиң қасындағы станцияға жаяў келип, метроға минемен. Мен жасайтуғын райондағы станцияда төмендеги фотода көринетуғын жүдә терең метроға түсиўге болады. Кореядағы ең терең метролардан бири.

3. Жумысты баслаў
Әпиўайы офис жумысшысы усылайынша компьютердиң алдында отырып жумыс ислейди. Менде де солай. Компьютерде код (коуд) жазаман.
Ҳәр күни азанда standup жыйналысы болады. Бул қысқа жыйналыста өткен күни нелерди питиргенимиз ҳәм таза күнге ис режелеримиз ҳаққында айтып өтемиз.
Базыда жумыс ислеп атырып, дем алатуғын ханаға келип кофе ишип, шоколад жеп кетемен.

4. Түслик ўақты
Мениң офисим Гангнам деген районға жақын жерде жайласқан. Түслик ўақтында коллегалар менен сыртқа шығып, әтираптағы ресторанларға барып аўқатланып келемиз.
Ковид заманынан кейин асхана ҳәм ресторанлардағы баҳалар әдеўир қымбатлап кетти. Төмендеги фотоларда түсликке жеген аўқатлардан базылары көрсетилген. Ҳәр бириниң (бир адам ушын) орташа баҳасы жүз отыз мың сум әтирапында.




5. Проект жыйналыслары
Проект үстинде ислеп атырған ўақтымызда күнине қосымша жыйналыслар болады. Бирге ислесип атырған разработчиклер, паблишер ҳәм PM (Project Manager) менен де көплеген сораў-жуўаплар болады.
6. Үйге қайтыў
Жумыс арқайынлаў ўақытта кешки саат алтыда жумысты тамамлап, тезирек үйге қайтыўға ҳәрекет етемен. Интроверт адамлардың өмири сондай ма дедим. Сеулда жүрсем де, мен ушын ең жақсы жер бул үйим.
Төмендеги анимацияда метродан шығып, үйге жаяў баратырғандағы көшелер көринеди.

7. Кешки аўқат
Кешки аўқатты алдыннан писирип, таярлап, музлатқышқа салып қояман. Жумыстан келип, тамақты керегинше ысытып алып жеймен. Базыда сырттан аўқат буйыртпа етемен.
8. Спорт ҳәм бос ўақыт
Кешки аўқаттан соң спорт залға атланаман. Күни бойы отырып жумыс ислегеннен кейин, дене шынығыў менен денсаўлықты да тиклеўге урынаман. Ҳәптесине 2-3 рет спорт залға қатнайман.
Спорт залға бармайтуғын күним отырып, қосымша сабақ таярлайман яки китап оқыйман. Ямаса телевизор көремен. Лекин кешке шекем жумыста қалып кететуғын күнлер де көп болады. 😮💨 😪
9. Күнниң жуўмағы
Саат 23:30 шамасында уйқылаўға жатаман.
Усылайынша бир жумыс күним таўсылады. Ертесине және таза жумыс күни басланады.