30-блог: “Дигирман” - Дейкстра алгоритми дегенимиз не? / Deykstra algoritmi degenimiz ne?

Дейкстра алгоритминиң ең қысқа жолды қалай табатуғынын карта, салмақланған граф ҳәм Java тилиндеги PriorityQueue мысалы менен үйренемиз.

"Дигирман" рубрикасы астында программаластырыўға байланыслы кеңейтилген, жоқары басқыштағы темалар ҳаққында жазыўға ҳәрекет етемен. "Дигирман" рубрикасындағы блогларды оқып түсиниў ушын сизде бағдарлама жазыў ҳәм информациялық технологиялар бойынша аз болса да дәслепки билим болыўы керек.

Алгоритм деген сөзди мектепте алгебра сабағында еситип көргенсиз. Алгоритм бул берилген мәселени шешиў яки ўазыйпаны орынлаў ушын орынланатуғын көрсетпелер избе-излиги болады.

Мәселен, магазиннен 12 дана майек сатып алыў деген ўазыйпаны орынлаў ушын не қыламыз?

  1. Банк картамызды аламыз.
  2. Үйден сыртқа шығып, магазинге жол аламыз.
  3. Магазиннен 12 дана майек сатып аламыз.
  4. Майектиң пулин төлеймиз.
  5. Майекти базарлық сумкамызға саламыз.
  6. Үйге майекти алып қайтамыз.

Жоқарыдағы көрсетпелер топламын бир алгоритм деп алсақ болады.

Алгоритмлер ең көп қолланылатуғын тараўлардан бири бул информациялық технологиялар есапланады. Сиз күнде пайдаланатуғын компьютерлер, смартфонлар, вебсайтлар ҳәм программалар алгоритмлер менен жазылған.

Мысал менен түсиндирейик. Ташкент қаласындағы Мирабад районынан Чорсу базарына барыўыңыз керек. Келсе бес, келмесе жигирма бес деп жолға шықпай, биринши қысқа жолды телефондағы картаңыздан излеп көресиз.

Ташкенттеги Чорсу базарының көк гүмбези

Фото дереги: TravelSetu.

"Жоқ, мен қысқа жол деп басымды аўыртпайман. Таксиге минемен" деўиңиз мүмкин. Бирақ, сол таксист те GPS навигаторында Чорсуға баратуғын қысқа жолды белгилеп алады.

Картадан көрсеңиз, Ташкент бир неше мыңлаған киши-узын жоллардан қуралған. Мирабад районынан Чорсу базарына шекем барыўға болатуғын жүз түрли жол бар деп алсақ, соның ишинде еки-үшеўи ғана мақсетке муўапық болады: қысқа ҳәм өнимдарлы.

Бирақ усы қысқа жолды бизлердиң GPS навигаторымыз/онлайн картамыз қалай таўып береди?

Буның ушын Дейкстра алгоритмине көп рахмет.

Дейкстра алгоритми дегенимиз не?

Дейкстра алгоритми не екени ҳаққында айтыўдан алдын, граф (graph), түйин (node) ҳәм қыр яки байланыс (edge) түсиниклерин билип алыўыңыз керек деп ойлайман.

Түйинлерди белгили бир орын яки мәнзил деп алсақ болады. Сол түйинлерди тутастырып турған сызықларды жол, яғный графтың қырлары деп алайық. Жолдың үстинде жазылған сан болса, ол аралықты, ўақытты яки басқа бир салмақты билдиреди. Бундай графты салмақланған граф (weighted graph) деп атайды.

Түйинлер графы төмендеги көриниске ийе.

A, B, C, D, E ҳәм F түйинлеринен қуралған салмақланған граф
Courtesy of Venkys

Дейкстра алгоритми терис болмаған салмақларға ийе графта бир баслаўшы түйиннен басқа түйинлерге шекемги ең қысқа жолды табыў ушын қолланылатуғын алгоритм болып есапланады.

Әҳмийетли: классикалық Дейкстра алгоритми терис салмақлы жоллар менен дурыс ислемейди.

Төменде әпиўайы түйинлер графы берилген.

A түйининен E түйинине апаратуғын еки жол көрсетилген граф

Көзимиз бенен бир жүўыртсақ, A түйининен E түйинине A → B → D → E арқалы тез барыў кереклигин билемиз.

Бирақ сиз баражақ болған Чорсу базары тек бес-алты түйинниң арасында жайласпаған. Ташкент үлкен қала. Оны бир көз жүгиртип, бир жеринен екинши жерине қалай тез барыўға болатуғынын биле алмаймыз. Бирақ Дейкстра алгоритмин дурыс пайдаланып билсек, қысқа жолды тез пәтте таба аламыз.

(Сиз көп пайдаланатуғын Google Maps яки Yandex Maps сыяқлы программалар маршрут есаплаўда Дейкстра алгоритмине уқсас ҳәм оннан раўажланған қурамалы алгоритмлерден пайдаланыўы мүмкин.)

Дейкстра алгоритми қалай ислейди?

A түйининен D түйинине ең қысқа жолды есаплаў мысалы

Жоқарыдағы түйинлер графында A түйининен D түйинине барыўымыз керек. Дейкстра алгоритми биринши не қылады?

  1. A түйининен жолымызды баслаймыз. A түйинине тутасқан қоңсы жолларға қараймыз. B ҳәм C түйинлерин көремиз. A түйининиң аралығын 0 (нөл) деп алып, B ҳәм C түйинлериниң аралығын шексизлик пенен белгилеп аламыз.

  2. Қоңсы жоллардың мәнисин есаплаймыз. B ҳәм C түйинлериниң мәнисин өзгертемиз:

    • B: 0 + 1 = 1, демек B түйининиң мәниси 1 минутқа тең.
    • C: 0 + 5 = 5, демек C түйининиң мәниси 5 минутқа тең.
  3. Ең қысқа аралықтағы түйинди сайлаймыз. B түйини тек 1 минут аралықта жайласқаны ушын, кейинки түйинимизди B деп аламыз.

  4. B түйининен D түйинине баратуғын жолды есаплаймыз:

    • D: 1 + 2 = 3, демек D түйининиң мәниси 3 минутқа тең.
  5. C түйини арқалы D түйинине жететуғын жолды салыстырамыз:

    • D: 5 + 2 = 7, бирақ D түйинине бағана 3 минутта жеткен едик.

    7 минут аз ба, 3 минут аз ба?

Демек, 3 минутлық жолды ең қысқа жол деп қабыл етемиз: A → B → D.


Көрип турғаныңыздай, таярланған мәнзилге шекем баратуғын ең қолайлы жолды табыў ушын түйинлердиң аралығын есаплап, салыстырып ҳәм ең киши мәнисти белгилеп барамыз.


Және бир әпиўайы мысал

Төменде әпиўайы карта жәрдеминде және бир мысал келтирейик.

       (A)
      /   \
     4     1
    /       \
  (B)---2---(C)
     \       /
      4     8
       \   /
        (D)

Сиз A түйининиң алдында турсыз. D түйининиң қасында жайласқан достыңыздың үйине барыўыңыз керек.

Биринши A → C деген жол менен барамыз. Себеби A түйининиң қоңсыларының арасында C түйинине 1 минут ишинде жетип бара аламыз.

C: 0 + 1 = 1

C түйининен D түйини яки B түйинине барыўға болады.

  • C-дан туўры D түйинине барсақ, 1 + 8 = 9 минут кетеди.
  • C-дан B түйинине барсақ, 1 + 2 = 3 минут кетеди. B түйининен D түйинине барсақ, 3 + 4 = 7 минут кетеди.

A → C → D жолы арқалы жүрсек, 9 минут ўақыт сарыплаймыз.

A → C → B → D жолы арқалы жүрсек, 7 минут ўақыт кетеди. 2 минут болса да утқанымыз ушын, қысқа жолды A → C → B → D деп белгилеймиз.

Дейкстра алгоритмин код пенен қалай жаза аламыз?

Java тилинде қалай жазылатуғынын түсиндирип өтемен. PriorityQueue деген мағлыўмат түринен пайдаланамыз.

1. Node классын жаратамыз

Биринши графтағы түйинлерди билдиретуғын Node деген класты жаратамыз:

static class Node {
  int to;
  int weight;
 
  Node(int to, int weight) {
    this.to = to;
    this.weight = weight;
  }
}

Түйинлерди Node деген Java класы жәрдеминде жәриялаймыз. Белгили түйинге жантас түйин ҳәм оған алып баратуғын ўақыт (яки жол) мәнисин класс ишинде to ҳәм weight қәсийетлери жәрдеминде белгилеп аламыз.

2. Графты жаратамыз

Енди әпиўайы түйинлер графын жаратып алайық:

int n = 4;
 
List<List<Node>> graph = new ArrayList<>();
for (int i = 0; i < n; i++) {
  graph.add(new ArrayList<>());
}
 
addUndirectedEdge(graph, 0, 1, 4); // A ↔ B
addUndirectedEdge(graph, 0, 2, 1); // A ↔ C
addUndirectedEdge(graph, 1, 2, 2); // B ↔ C
addUndirectedEdge(graph, 1, 3, 4); // B ↔ D
addUndirectedEdge(graph, 2, 3, 8); // C ↔ D

Ҳәзир 4 дана түйинимизди жараттық: A (0), B (1), C (2), D (3).

Жоллар еки тәрепке де жүретуғын болғаны ушын, addUndirectedEdge() функциясы бир байланысты еки бағытта қосады:

static void addUndirectedEdge(
    List<List<Node>> graph,
    int from,
    int to,
    int weight
) {
  graph.get(from).add(new Node(to, weight));
  graph.get(to).add(new Node(from, weight));
}

Буларды graph деген айныўшымыздың ишине жайладық.

Енди graph.get(0) деп код жазсақ, A түйининен қайсы қоңсы түйинлерге барыўға болатуғынын биле аламыз.

3. dijkstra функциясын иске қосамыз

Сол A-дан баслап D түйинине шекем болған қысқа аралықты табыў ушын dijkstra() деген функциядан пайдаланамыз. Бул жерде A түйинимизди 0, D түйинимизди 3 деп белгилеген едик:

int shortest = dijkstra(n, graph, 0, 3); // A-дан D-ға

Төменде dijkstra деп аталған алгоритм функциясын жаратамыз:

public static int dijkstra(
    int n,
    List<List<Node>> graph,
    int start,
    int end
) {
  int[] dist = new int[n];
  Arrays.fill(dist, Integer.MAX_VALUE);
  dist[start] = 0;
 
  PriorityQueue<Node> pq = new PriorityQueue<>(
      Comparator.comparingInt(node -> node.weight)
  );
  pq.add(new Node(start, 0));
 
  while (!pq.isEmpty()) {
    Node current = pq.poll();
    int u = current.to;
 
    if (current.weight != dist[u]) {
      continue;
    }
 
    if (u == end) {
      return dist[u];
    }
 
    for (Node neighbor : graph.get(u)) {
      int v = neighbor.to;
      int weight = neighbor.weight;
 
      if (dist[u] + weight < dist[v]) {
        dist[v] = dist[u] + weight;
        pq.add(new Node(v, dist[v]));
      }
    }
  }
 
  return dist[end];
}

dijkstra() функциясының параметрине жоқарыда пайда еткен графымызды ҳәм баслаўшы түйин менен тамамлаўшы түйинимизди беремиз:

public static int dijkstra(
    int n,
    List<List<Node>> graph,
    int start,
    int end
)

4. dist массиви

dist деген array (массив) бул баслаўшы түйиннен ҳәр бир түйинге барыўға болатуғын ең қысқа аралықты сақлап турыў ушын жаратқан айныўшымыз болады.

Дәслеп, баслаўшы түйиннен басқасының барлығын шексизлик пенен белгилеп аламыз. Себеби еле жантас түйинлерге қанша ўақытта баратуғынын билмеймиз.

Arrays.fill(dist, Integer.MAX_VALUE);
dist[start] = 0;

5. PriorityQueue

PriorityQueue деген мағлыўмат түринен пайдаланып, pq деген айныўшы жаратамыз. Оның ишине графтағы биринши түйинимизди киритемиз.

PriorityQueue берилген мәнислердиң ишинен ең кишисин биринши шығарып береди. Усы жерде weight, яғный ўақыт мәниси бойынша сортлаўды Comparator класы жәрдеминде белгилеп алдық.

PriorityQueue<Node> pq = new PriorityQueue<>(
    Comparator.comparingInt(node -> node.weight)
);
 
pq.add(new Node(start, 0));

6. while loop ишиндеги код

Енди while loop ишиндеги кодты түсинип алайық. pq айныўшымыз босамағанша, оның ишиндеги түйинлердиң ең кишисин алып, төмендеги алгоритмди әмелге асырамыз.

while (!pq.isEmpty()) {
  Node current = pq.poll();
  int u = current.to;
 
  if (current.weight != dist[u]) {
    continue;
  }
 
  for (Node neighbor : graph.get(u)) {
    int v = neighbor.to;
    int weight = neighbor.weight;
 
    if (dist[u] + weight < dist[v]) {
      dist[v] = dist[u] + weight;
      pq.add(new Node(v, dist[v]));
    }
  }
}

pq айныўшымызға poll() методын қоллансақ, оның ишинен мәниси ең киши түйинимиз биринши шығады. Тап сол түйинди current деген айныўшының ишине жайластырамыз.

Node current = pq.poll();
int u = current.to;

Ҳәзир current айныўшымыздың ишинде Node(to=0, weight=0) түйини бар, яғный A түйини:

current = Node(to=0, weight=0), u = 0

Енди усы A түйинине жантас түйинлер менен танысамыз. Оған B ҳәм C түйинлери қоңсылас.

for (Node neighbor : graph.get(u)) {
  // Қоңсы түйинлерди бирме-бир тексеремиз
}

1. Node B: to = 1, weight = 4

Кодымыздың мына бөлегине келдик:

int v = neighbor.to;       // int v = 1
int weight = neighbor.weight; // int weight = 4

Енди if шәрт бөлимин тексеремиз:

if (dist[u] + weight < dist[v]) {
  dist[v] = dist[u] + weight;
  pq.add(new Node(v, dist[v]));
}

dist[0] + 4 < dist[1] - усы мәнис true, себеби ҳәзир бизлердиң dist[1] мәнисимиз шексизликке тең. Ал шексизлик 4-тен үлкен.

Шәртимиз true болғаны ушын төмендеги код бөлеги иске қосылады:

dist[v] = dist[u] + weight;   // dist[1] = 4
pq.add(new Node(v, dist[v])); // Node(to=1, weight=4)

2. Node C: to = 2, weight = 1

Қайтадан кодымыздың мына бөлегине келдик:

int v = neighbor.to;          // int v = 2
int weight = neighbor.weight; // int weight = 1

Қайтадан if шәрт бөлимин тексеремиз:

if (dist[u] + weight < dist[v]) {
  dist[v] = dist[u] + weight;
  pq.add(new Node(v, dist[v]));
}

dist[0] + 1 < dist[2] - усы мәнис true, себеби dist[2] ҳәзир шексизликке тең. Шексизлик 1-ден үлкен.

Шәртимиз true болғаны ушын төмендеги код бөлеги иске қосылады:

dist[v] = dist[u] + weight;   // dist[2] = 1
pq.add(new Node(v, dist[v])); // Node(to=2, weight=1)

Көрип турғаныңыздай, бизлер ҳәзир жоқарыдағы кодта A түйинине қоңсылас болған B ҳәм C түйинлериниң мәнислерин салыстырып, есаплап, бирме-бир pq айныўшымызға қосып бардық.

Усы pq айныўшымыздың мағлыўмат түри PriorityQueue болады. Қарақалпақшасына "абзаллыққа ийе гезек" деген мәнисти береди. pq.poll() деген методтан пайдалансақ, ол ең киши мәнисти шығарып береди.

Усы pq айныўшымыз босамағанша, бизлер while loop пенен оның ишиндеги мәнислерди кишкенесинен баслап тәкирар есаплай беремиз. Сол менен бир қатарда dist деген массивимизди толтырып барамыз.

Ең ақырында dist массивиндеги тамамлаўшы түйинниң мәнисин жуўап сыпатында қайтарамыз:

return dist[end];

Java тилиндеги толық код

Төменде Дейкстра алгоритминиң Java тилиндеги толық коды берилген.

import java.util.ArrayList;
import java.util.Arrays;
import java.util.Comparator;
import java.util.List;
import java.util.PriorityQueue;
 
public class DijkstraAlgorithm {
 
  static class Node {
    int to;
    int weight;
 
    Node(int to, int weight) {
      this.to = to;
      this.weight = weight;
    }
  }
 
  static void addUndirectedEdge(
      List<List<Node>> graph,
      int from,
      int to,
      int weight
  ) {
    graph.get(from).add(new Node(to, weight));
    graph.get(to).add(new Node(from, weight));
  }
 
  public static int dijkstra(
      int n,
      List<List<Node>> graph,
      int start,
      int end
  ) {
    int[] dist = new int[n];
    Arrays.fill(dist, Integer.MAX_VALUE);
    dist[start] = 0;
 
    PriorityQueue<Node> pq = new PriorityQueue<>(
        Comparator.comparingInt(node -> node.weight)
    );
    pq.add(new Node(start, 0));
 
    while (!pq.isEmpty()) {
      Node current = pq.poll();
      int u = current.to;
 
      if (current.weight != dist[u]) {
        continue;
      }
 
      if (u == end) {
        return dist[u];
      }
 
      for (Node neighbor : graph.get(u)) {
        int v = neighbor.to;
        int weight = neighbor.weight;
 
        if (dist[u] + weight < dist[v]) {
          dist[v] = dist[u] + weight;
          pq.add(new Node(v, dist[v]));
        }
      }
    }
 
    return dist[end];
  }
 
  public static void main(String[] args) {
    int n = 4;
    List<List<Node>> graph = new ArrayList<>();
 
    for (int i = 0; i < n; i++) {
      graph.add(new ArrayList<>());
    }
 
    // A(0), B(1), C(2), D(3)
    addUndirectedEdge(graph, 0, 1, 4); // A ↔ B
    addUndirectedEdge(graph, 0, 2, 1); // A ↔ C
    addUndirectedEdge(graph, 1, 2, 2); // B ↔ C
    addUndirectedEdge(graph, 1, 3, 4); // B ↔ D
    addUndirectedEdge(graph, 2, 3, 8); // C ↔ D
 
    int shortest = dijkstra(n, graph, 0, 3);
    System.out.println("A-дан D-ға ең қысқа аралық: " + shortest);
  }
}

Программаны иске қосқанда төмендеги нәтийжени аламыз:

A-дан D-ға ең қысқа аралық: 7

Демек, A түйининен D түйинине ең қысқа жолдың улыўмалық салмағы 7-ге тең. Усы мысалда ол A → C → B → D жолы болады.