31-блог: "Бэкенд" - Аутентификация ҳаққында түсиник 1-Бөлим / Autentifikaciya haqqında túsinik 1-bólim

Аутентификацияның не екенин аэропорт, Gmail, HTTP сораўлары, сессия, cookie ҳәм token түсиниклери арқалы әпиўайы етип түсиндиремиз.

Алан Кей деген белгили компьютер илими алымы айтқан екен:

"Интернет соншелли жақсы жаратылған, оны адамлар тәбийий байлықтай қабыл етеди."

Ойлап қарасаң, көпшилигимиз интернетти тәбийий нәрседей қабыл етемиз. Оның өзи адамның жәрдемисиз пүткүл жер жүзин қаплап алғандай. Себеби интернет минсиз жаратылған. Оның тәбийий байлықтай сезилиўинде ҳәм қатесиз ислеўинде өз үлесин қосқан көплеген технологиялар бар. Солардың ишинде аутентификация ҳаққында айтпай өтиўге илажымыз жоқ.

Демек, аутентификация деген не? Инглизшесине authentication деп атайды. Қарақалпақшасына "анықлаў, тексериў" деп алыўға бола ма?

Ямаса төмендеги сөзлер менен тәрийплесек те болады:

  • Түп нусқалығын тексериў
  • Дәл өзи екенин тексериў
  • Адамды/объектти айырып таныў

"Неше рет тәрийп берсең де, бәрибир не екенин түсинбедим" деп атырсыз ба? Онда оқыўды даўам етиң.

Аутентификация деген не?

Нөкис аэропортын көз алдыңызға келтириң. Аэропорт ишине кириў ушын сизде паспорт болыўы керек. Дәрўазадағы пункттен сол жердеги милиция ағаларға паспортыңызды көрсетип өте аласыз. Аэропорттың ишине кирип болып, самолётқа ушып кететуғын майданға кириў ушын да паспортыңызды еки-үш рет көрсетип, тексериўден өтиўиңиз керек болады.

Нөкис халықаралық аэропортының имараты
Courtesy of kun.uz

Мине усы аэропортты Instagramға уқсатып турайық. Instagramға кирип пайдаланыў ушын да "тексериўден" сәтли өтиўимиз керек болады. ID ҳәм паролимизди дурыс жазбасақ, өзимизге тийисли аккаунттан пайдалана алмаймыз. Компьютер илиминде усы тексериўлерди аутентификация деп атайды.

Аутентификация деген бул белгили бир адамның дәл өзи екенин анықлаў процеси болып есапланады.

Аутентификация болмағанда интернеттиң ҳәзирги көринисин көз алдымызға елеслетиў қыйын болар еди.

Бирақ интернет бул аэропорт емес...

Мен жоқарыда аэропортты Instagramға уқсатып кишкене қәте қылдым. Егер аэропортты нағыз Instagram яки Telegram қосымшасы деп алғанымызда, ол әдеўир басқаша ислер еди.

Қалай сонда?

  • Аэропорт майданына сыртқы дәрўазадан кирген гезиңизде паспортыңызды/ID картаңызды көрсетесиз.
  • Аэропорттың имаратына ишки дәрўазадан кирген ўақтыңызда паспортыңызды/ID картаңызды көрсетесиз.
  • Чек-ин столына барсаңыз, паспортыңызды/ID картаңызды көрсетесиз.
  • Ушып кетиў бөлимине кириў ушын паспортыңызды/ID картаңызды көрсетесиз.
  • Ушып кетиў залында орындыққа отырыў ушын паспортыңызды/ID картаңызды көрсетесиз.
  • Самолётқа миниў, автобусқа миниў, автобустан түсиў, самолёттың текшесине (трап) көтерилиў, самолёттың ишине кириў ҳәм орындыққа отырыў ушын паспортыңызды/ID картаңызды көрсетесиз.
  • Самолёттың туалетинен пайдаланыў, шай/кофе ишиў, кино көриў яки музыка еситиў ушын да паспортыңызды/ID картаңызды көрсетиўге туўры келер еди...
Самолёт ишинде қайта-қайта паспорт көрсетиўди сүўретлеген иллюстрация

"Яғай, дым асырып жибермедиң бе?"

Жоқ. Егер аэропорт интернеттей болып ислегенде, қандай жағдай жүз беретуғынын айттым.

Неге ондай?

Аэропорт, яғный сол жерде ислейтуғын тексериўшилер, сизиң ким екениңизди бир-еки рет тексерип, еслеп қала алады. Бирақ HTTP сораўлары бир-биринен ғәрезсиз болады. Сервер яки программа сизиң ким екениңизди сессия, cookie яки token жәрдеминде тексерип, танып турыўы керек.

Мен "Интернет қалай ислейди?" деген блог жазған едим. Сол блогты бир рет оқып келсеңиз де болады:

4-блог: Интернет қалай ислейди? / Internet qalay isleydi? 1-Бөлим

Жоқарыдағы блогқа кирип көрген болсаңыз, интернет бул электрон/оптикалық сигналларды "алыс-берис" қылатуғын роутерлерди тутастырып турыўшы сан-санақсыз талшықлы кабеллерден қуралған үлкен система екенин билип аласыз.

Мәселен, Instagram яки YouTube серверлери дүньяның түрли мүйешинен жиберилетуғын миллионлаған электрон/оптикалық сигналларды қабыллап алады. Бирақ сервер тек сигналдың өзине қарап, "мына сигнал Меҳрибанның компьютеринен, ал мына сигнал Айжарқынның компьютеринен келди" деп танып ала алмайды.

Instagram яки Gmail аккаунтыңызға логин қылып кирдиңиз. Gmail аккаунтыңызда emailлериңиздиң дизимин көрдиңиз. Сизге танысыңыздан таза хабар келген. Сол emailди оқыў ушын оның үстинен бастыңыз. Усы ҳәрекет арқалы Gmail серверине және бир сораў жибердиңиз.

Егер сораў менен бирге сизиң алдын логин қылғаныңызды дәлийллейтуғын сессия cookieси яки token жиберилмесе, Gmail сервери усы сораў сизден келгенин билмейди. Тап жаңа еки-үш секунд алдын логин қылған болсаңыз да:

"Сени танымадым, бул emailди ашып оқыўға ҳаққың жоқ" деп жуўап қайтарып жибереди.

Gmail сервериниң HTTP сораўын жиберген пайдаланыўшыдан ID ҳәм пароль сораўы

"Тап жаңа логин қылған едим ғой" дерсиз. Не десеңиз де, Gmail сервери сессия яки token болмаса сизди танымайды.

Демек, логин жараянынан қайтадан өтиўиңиз керек болады.

"Ҳоп, мине ID ҳәм паролим, маған emailди көрсет."

Gmail сервери сизди танып, email сизиң адресиңизге келгенин билип, emailдиң мазмунын сизге жуўап ретинде жибереди.

Хабарды оқып көрип, қайтарып жуўап жазыў ушын "Reply/Ответить" түймесин бастыңыз. Усы ҳәрекет арқалы Gmail серверине және бир сораў жибердиңиз.

Егер аутентификацияны дәлийллейтуғын мағлыўмат және жиберилмесе, Gmail сервери усы сораў сизден келгенин билмейди. Тап жаңа бес секунд алдын логин қылған болсаңыз да, логин жараянынан қайтадан өтиўиңиз керек болар еди.

"Және асырып жибердиң. Gmailдан яки басқа қосымшадан пайдалансам да, ҳәр бес секундта логин қылып атырғаным жоқ-қо" деп ойлаўыңыз мүмкин.

Аўа, логиннен қарзыңыз бардай ҳәр қәдемде логин қылып атырғаныңыз жоқ. Себеби усы аутентификация процесин фонда ("пердениң артында") Gmail программасының өзи әмелге асырып атыр.

Сонда қалай?

Соны түсиндириўге ҳәрекет етемен.

Биринши, HTTP ҳаққында билип алайық...

HTTP не екенин бир рет есимизге түсирип алайық. Төмендеги блогты оқып шықсаңыз да болады:

8-блог: HTTPди билиў шәрт пе? / HTTPdi biliw sha'rtpe?

Сиз Instagram яки Gmail серверине HTTP сораў жиберип байланыса аласыз.

Усы HTTP сораў ҳәм жуўаплар бир-биринен ғәрезсиз есапланады. Яғный, HTTP протоколының өзи алдыңғы сораўда ким болғаныңызды автомат түрде еслеп қалмайды. Бул қәсийетти stateless деп атайды. Сервер тәрептеги сессия ҳәм клиент жиберетуғын cookie яки token сол ғәрезсиз сораўларды бир пайдаланыўшы менен байланыстырыўға жәрдем береди.

Демек, бизлер ҳәр бир тийисли HTTP сораўына өзимизди танытыўшы мағлыўматты қосып жибериўимиз керек екен.

Қалай әмелге асады?

  1. Пайдаланыўшы логин қылады. Өзиниң IDси ҳәм паролин программаға усынады.
  2. Сервер мағлыўматты тексереди. Дурыс болса, пайдаланыўшыға арнаўлы гүўалық, мәселен session cookie яки token береди.
  3. Программа гүўалықты қосады. Сол cookie яки tokenди кейинги тийисли HTTP сораўларына бекитип жибереди.
  4. Сервер гүўалықты тексереди. Пайдаланыўшының ким екенин таныйды.
  5. Сервер жуўап қайтарады. Пайдаланыўшы сораған нәрсени жуўап ретинде жибереди.

Жоқарыда аутентификацияның улыўма түрде қалай әмелге асатуғынын қысқаша айтып өттим. Енди усы процести еле де кеңейтип, қандай усыллар менен орынланатуғынын түсиндирип өтемен.

Оның ушын усы блогтың екинши бөлимин оқыўды усыныс етемен:

32-блог: "Бэкенд" - Аутентификация ҳаққында түсиник 2-Бөлим