32-блог: "Бэкенд" - Аутентификация ҳаққында түсиник 2-Бөлим / Autentifikaciya haqqında túsinik 2-bólim

HTTP Basic Authentication, cookie/session ҳәм token/JWT арқалы аутентификацияның қалай ислейтуғынын түсиндиремиз.

"Бэкенд" - Аутентификация ҳаққында түсиник 1-Бөлим

Аутентификация методлары ҳаққында түсиндириўден алдын, оның не ушын керек екени ҳаққында айтып өтиў орынлы.

Аутентификация не ушын керек?

  • А. Қәўипсизлик. Сизиң интернетте қупыя түрде сақланатуғын мағлыўматларыңызды басқа адам көриўиниң алдын алады.
  • Б. Жуўапкерлик. Программаның ишинде кимниң не қылғанын бақлап барыўға жәрдем береди. Солайынша кимниң неге жуўапкер екенин анықлайды.
  • В. Жекелестириў. Пайдаланыўшыға қарап, жеке хызмет түрин усыныўға жәрдем береди.

Алдыңғы блогта айтып өткен едим: бизлер ҳәр бир тийисли HTTP сораўына өзимиз ҳаққындағы мағлыўматты қосып жибериўимиз керек. Усы жерде бир қанша сораў туўылады:

  • Өзимиз ҳаққында қандай мағлыўмат? ID ҳәм пароль ме?
  • Оны қалай жиберемиз?

Сораўларға бирме-бир жуўап беремиз. Демек, аутентификацияның төмендеги түрлери бар. Ең бириншиси...

А. HTTP жәрдеминде әпиўайы аутентификация

Инглиз тилинде HTTP Basic Authentication деп айтады. Ислеў принципи жүдә әпиўайы. Яғный ҳәр бир HTTP сораўына пайдаланыўшының IDси ҳәм пароли қосып жибериледи.

  1. HTTP сораўында Authorization деген тақырып түри бар. Соның қасына Basic base64(ID:пароль) көринисиндеги мағлыўматты қосып, сервер тәрепке сораў жиберемиз. Бул жерде Base64 шифровка емес, тек мағлыўматты басқа көринисте кодлаў усылы.
  2. Сервер келген HTTP сораўын оқып, пайдаланыўшының IDси ҳәм паролин тексереди. Қосымшаға/программаға регистрация қылған пайдаланыўшы екени анықланса, оның сораған нәрсесин жуўап ретинде берип жибереди.
HTTP сораўы менен ID ҳәм парольди серверге жибериў иллюстрациясы

Жоқарыдағы жараянда ҳәр бир HTTP сораўына ID ҳәм парольди қосып жиберемиз. Ҳәр бир HTTP сораўына!

Сондай қупыя мағлыўматты ҳәр адымда "алыс-берис" қыла бериў мақсетке муўапық емес. Base64 мағлыўматты жасырмайды. Байланысқа ҳакер қосылса, пайдаланыўшының IDси ҳәм пароли ашылып қалыўы мүмкин. Соның ушын HTTP Basic Authentication тек HTTPS/TLS арқалы қолланылыўы керек.


Б. Cookieге тийкарланған аутентификация

Cookie деген инглизше сөзди солайынша қолланған мақул деп ойлайман. Cookie сөзи печенье деген мәнисти береди. Бирақ аутентификацияға печеньениң ҳеш қандай қатысы жоқ. Cookie бул қандай да бир мағлыўмат бөлеги. Ең дәслепки браузерди, Netscapeти жаратыўда қатнасқан программист Лоу Монтулли усы мағлыўмат бөлегин "cookie" деп атап баслаған.

Cookie арқалы аутентификацияны әмелге асырыў кең тарқалған. Сонда, cookie бул не?

Жоқарыда айтқанымдай, cookie бул мағлыўмат. Усы жерде сораў туўылады:

  • Cookieге қандай мағлыўмат киреди?
  • Ол аутентификацияда қалай қолланылады?

Cookieге тийкарланған "таныў" процеси төмендегише әмелге асады.

HTTP сораўы менен cookieни серверге жибериў иллюстрациясы
  1. Пайдаланыўшы логин қылып, өзінің IDси ҳәм паролин серверге жибереди.
  2. Сервер келген HTTP сораўын оқып, пайдаланыўшының IDси ҳәм паролин тексереди. Қосымшаға/программаға регистрация қылған пайдаланыўшы екени анықланса, сервер сеанс/сессия (session) жаратады. Бул дегени:
    • Сервер болжаў қыйын болған, криптографиялық жақтан қәўипсиз сессия номери (session ID) жаратады.
    • Сервер усы сессия номерин ҳәм оған байланыслы пайдаланыўшы мағлыўматын өзи тәрепте сақлайды.
    • Сервер HTTP жуўабын жиберген ўақытта, Set-Cookie деген тақырыпқа сессия номерин бекитеди.
  3. HTTP жуўабын қабыллап алған браузер Set-Cookie тақырыбындағы сессия номерин cookie сыпатында сақлап қалады.
  4. Браузер келеси тийисли HTTP сораўларына жоқарыда сақлап қалған сессия номерин автомат түрде қосып жибереди. Оны Cookie деген тақырып ишине бекитеди.
  5. Сервер келген HTTP сораўын оқып, Cookie тақырыбы ишиндеги сессия номерин алып, өзинде сақланған жарамлы сессиялар менен салыстырып көреди.
  6. Дурыс ҳәм жарамлы сессия номери екени анықланса, сервер усы сессияға байланыслы пайдаланыўшы мағлыўматынан пайдаланады.
  7. Сол пайдаланыўшы сораған затты жуўап ретинде қайтарып жибереди.

Демек, бул рет бизлер ҳәр бир HTTP сораўына ID ҳәм паролимизди бекитип жиберип атырғанымыз жоқ. Ең биринши логин қылғанымыздан кейин, сервер бизлерди келешекте танып алыў ушын арнаўлы сессия номерин жаратып, сақлап қояды.

Айтып өтиў керек:

  1. Сервер сессия номерин жаратады, сақлайды ҳәм оның ҳақыйқый, жарамлы екенин тексереди. Сессия номериниң өзин шифрлаў ҳәр дайым шәрт емес, бирақ оны болжаў мүмкин болмайтуғындай етип жаратыў зәрүр.
  2. Ҳәр бир сессия номериниң жарамлылық мүддети бар. Мүддети питкен ўақытта пайдаланыўшы системаға қайтадан логин қылыўы керек болады. Cookieге HttpOnly, Secure ҳәм SameSite қәсийетлерин бериў де қәўипсизликти күшейтеди.

С. Токенге тийкарланған аутентификация

Токен деген инглизше сөзди солайынша қолланған мақул деп ойлайман. Токен сөзи маркер/белги/жетон деген мәнисти береди. Токен бул қандай да бир мағлыўмат топламы.

Токен жәрдеминде аутентификацияны әмелге асырыў заманагөй қосымшаларда кең тарқалған. Сонда, токен бул не?

Жоқарыда айтқанымдай, токен бул мағлыўмат. Усы жерде сораў туўылады:

  • Токенге қандай мағлыўмат киреди?
  • Ол аутентификацияда қалай қолланылады?
  • Cookieден қандай парқы бар?

Токенге тийкарланған "таныў" процеси төмендегише әмелге асады.

  1. Пайдаланыўшы логин қылып, өзінің IDси ҳәм паролин серверге жибереди.
  2. Сервер келген HTTP сораўын оқып, пайдаланыўшының IDси ҳәм паролин тексереди. Егер системаға киритилген ID ҳәм пароль дурыс болса, сервер токен жаратады. Егер JWT түриндеги токен жаратылса, оған төмендеги мағлыўматлар киргизилиўи мүмкин:
    • Пайдаланыўшыны анықлаўшы қысқаша мағлыўмат, мәселен sub яки ID.
    • Токенниң жарамлылық мүддети, мәселен exp.
    • Қосымшаға керек басқа claimлер.
    • Токенниң өзгермегенин дәлийллейтуғын криптографиялық имза.
  3. Сервер усы токенди HTTP жуўабына бекитип жибереди.
  4. HTTP жуўабын қабыллап алған клиент программа токенди алады ҳәм белгили бир мүддетке қәўипсиз жерде сақлайды. Бул браузер, мобиль қосымша яки басқа программа болыўы мүмкин. Кейинги HTTP сораўларында токен көбине Authorization: Bearer <token> тақырыбы арқалы жибериледи.
  5. Сервер келген HTTP сораўын қабыллап, Authorization тақырыбы ишиндеги токенди алады. Сервер токенниң криптографиялық имзасын қупыя гилт яки ашық гилт жәрдеминде тексереди. Қайсы гилт қолланылыўы таңланған алгоритмге байланыслы.
Клиент программа токенди серверге жибериў иллюстрациясы
  1. Имза дурыс ҳәм токенниң мүддети питпеген болса, сервер токенге киритилген пайдаланыўшы мағлыўматынан пайдаланады.
  2. Сол пайдаланыўшы сораған затты жуўап ретинде қайтарып жибереди.

Демек, бул рет бизлер ҳәр бир HTTP сораўына ID ҳәм паролимизди бекитип жиберип атырғанымыз жоқ. Яки сервердиң өзи сессия номерин жаратып, оны ҳәр бир пайдаланыўшы ушын сақлап қойыўы шәрт емес. Сервер пайдаланыўшыға токен жаратып береди. Қосымшаның/программаның өзи сол токенди белгили бир мүддетке сақлап қояды. Пайдаланыўшы серверге сораў жиберген ўақытта, ҳәр бир тийисли сораўына сол токенди қосып жибереди.

Сервер "Ҳммм, токен берген екенсең-ғой, мейли онда" деп қолын қаўсырып отырмайды. Сервер токенниң дурыс, жарамлы екенин тексереди. Тексериў сәтли өтсе ғана пайдаланыўшы сораған нәрсени берип жибереди.

Айтып өтиў керек:

  1. JWT әдетте шифрланбайды. Оның header ҳәм payload бөлимлерин токенди қолға киргизген адам оқый алады. Бирақ криптографиялық имзасы токенниң мазмуны өзгермегенин ҳәм оны исенимли сервер жаратқанын тексериўге жәрдем береди. Соның ушын JWT ишине пароль сыяқлы қупыя мағлыўматты салыўға болмайды.
  2. Ҳәр бир токенниң жарамлылық мүддети бар. Мүддети питкен ўақытта пайдаланыўшы қайтадан логин қылыўы яки refresh token арқалы жаңа access token алыўы керек болады.

Cookie ҳәм token бир-бирине қарсы түсиниклер емес. Cookie браузерде мағлыўматты сақлаў ҳәм автомат жибериў усылы, ал token пайдаланыўшыны танытыўшы мағлыўмат форматы. Токенниң өзин де қәўипсиз cookie ишинде сақлаўға болады.

Бул блогта мен криптографиялық имза, кодлаў/декодлаў ҳәм шифровка/расшифровка ҳаққында айтып өтпедим. Олар өз алдына үлкен тема. Интернетти интернет қылып турған күшли ҳәм зәрүр технология десем де, асырып айтқан болмайман. Олар ҳаққында кейинги блогымда түсиндирип өтемен.