50-блог: "AI": Машиналы оқытыў неге керек болды? 2-Бөлим / Mashinalı oqıtıw nege kerek boldı? 2-bólim
Компьютерлерге анық қағыйдалар бериўдиң шегарасы, пышықты таныў ҳәм қумлы боранды болжаў мысаллары арқалы машиналы оқытыў неге керек болғанын түсиндиремен.
Бул блог — жасалма интеллект (AI) туўралы жазғанларымның екиншиси.
Неге компьютерлерди (яғный машиналарды) оқытыўымыз керек болды?
Жасалма интеллектке неге зәрүрлик туўылды?
(Машина деп бул IT илиминде компьютер машиналары нәзерде тутылған.)
Көп жыллар даўамында компьютерлерге анық көрсетпе, буйрық берсең, соны орынлап келген еди.
Яғный, программистлер компьютерлерге былай айтыўы мүмкин:
Мынандай болса, мынаны қыл,
анандай болса, ананы қыл деп.

Буйрықлар анық-тынық ҳәм астарлы мәниси жоқ. Сондай анық, дәл көрсетпелер арқалы компьютерлерге жумыс ислетиў аңсатлаў.
Мәселен, бир кубметр газ 500 сум деп алайық.
Компьютерге айтамыз:
Ҳәр өткен айға неше сум газ жаққанымызды есаплап бер.
Ҳәм оған төмендеги формуланы беремиз:
газдың пулы = жағылған газ × 500 сум.
Компьютерге бул мәселени шешиў қыйын емес. Себеби қағыйда (формула) — анық.
Жағылған газды 500 сумға көбейтип турса болды.
Бирақ ҳәмме сораўлар, проблемалар бундай анық көрсетпеге (қағыйдаға) ийе емес. Көпшилиги қыйын, шубаласып кеткен.

Қандай дейсиз бе?
Компьютерге енди мынандай мәселе берип көрейик. Берилген фотоның ишинде пышық бар ма, жоқ па анықлап бер.

Формуланы былай жазыўымыз мүмкин:
Егер еки ушайған қулағы болса,
төрт аяғы болса,
мурты болса,
қуйрығы болса,
онда ол пышық болады.
‘Ўайбу, ап-аңсат-ғо’ деп ойларсыз. Тоқтап турың. Пышықлардың бул формуладан хабары жоқ-ғо!
- Егер фотода пышықтың бир қулағы көринбей қалса не?
- Егер пышық төрт аяғына таянып отырған болса не?
- Егер фото қараңғылаў болса не?
- Егер фотода тек пышықтың басы көринсе не?
- Ийт-күшиклердиң де төрт аяғы, еки қулағы ҳәм қуйрығы бар-ғо!
- Фотода жансыз, ойыншық пышық болса не?
- Және пышықлардың да ҳәр қыйлы реңи, көлеми, түрлери көп.
- Ҳәм сан-санақсыз усындай күтилмеген жағдайлар болыўы мүмкин.
Не қыламыз? Ҳәммесине биримлеп формула жазып шығамыз ба? Жазып таўыса алмайтуғын шығармыз.
Адамлар бир күнде пышықларды неше миллион рет фотоға түсиретуғынын билесиз бе?!
Мәселен, мен пышық бақпасам да, пышықларды фотоға түсирип жүргеним.




Соның ушын машиналы оқытыў керек болды.
Ендиги таза формула (қағыйда) бул: Формулаларды шубалатып (қағыйда) жазып отырма.
Компьютерге пышықты қалай танып алыўдың қағыйдаларын биримлеп түсиндирип отырыўдың орнына, компьютерге мыңлаған пышықтың сүўретлерин берип қоямыз.
Демек, компьютерге жүзлеген, мыңлаған пышықлардың фотосын көрсетип, ‘мынаў пышық’ деп үйретемиз.
Компьютерге және жүзлеген, мыңлаған басқа жәнзатлардың, затлардың фотосын көрсетип, ‘мынаў пышық емес’ деп үйретемиз.
Компьютер сол мысалларды анализлеп, үйренеди, ҳәм фотолардың ортасындағы улыўмалық белгилерди излейди. Кейин, компьютерге ол көрмеген таза фото көрсетемиз. Сол фотоның ишинен пышық бар ма яки жоқ па анықлаўы керек. Ол алдыңғы мыңлаған фотоларды көрип үйренген билиминен пайдаланып, фотоның ишинен пышыққа уқсайтуғын сыпатларды излеп табады.
Мине усы жәрәянды ‘машиналы оқытыў’ деген тараўдың тийкарғы идеясы деп алсақ болады.
Машинаға (яғный компьютерге) ҳәр бир қағыйданы түсиндирип отырыўдың орнына, оған көплеген мысаллар берип, өзи керекли қағыйда, нызамлықларды таўып алыўына шәраят жаратамыз.
Кейин ‘оқытылған модель’ деген түсиник бар. Сол машина өзи анализлеп, үйренип жаратқан билимлер жыйнағын ‘оқытылған модель’ деп атаймыз.
Өмирден бир мысал: қумлы боранды болжаў
Өмирден бир мысал келтирейик:
Арал теңизиниң қурып қалыўы себепли Қарақалпақстанның экологиялық жағдайы анағурлым төменледи. Мен өзим Мойнақтың қызыман. Бала ўақтымда кемпир апамның бағында, атызында ойнап жүргенлерим есимде. Кейин ала қатты қурғақшылық келгенин, жердиң өнимдарлығының төменлеп кеткенин, тереклердиң ҳәм егинлердиң набыт болғанын, ишимлик суўының азайғанын, бир сөз бенен теңиз бенен бирге берекет кеткенин өз көзим менен көрдим.

Теңиздиң қурып қалыўы ақыбетинде келип шыққан және бир машқала бул қумлы боранлар болды. Өткен жыллардан баслап Нөкис ҳәм басқа районларға жетип барған қумлы боранлар негизинде Мойнақ районында 2000-жыллардың басынан баслап жийи болып туратуғын еди. Ўақыт өткен сайын қумлы боранлардың көлеми де, саны көбейип атыр. Мине усы қумлы боранлардың Қарақалпақстан аймағында қашан болатуғынын болжаўымыз керек деп алайық.

Ҳәм соның ушын программа жазып атырмыз. Еле жасалма интеллекттен пайдаланбайжақпыз. Онда сол программаға анық шәртлер/қағыйдалар бериўимиз керек болады:
Егер самалдың тезлиги пәлен метр/секундтан жоқары болса,
Егер ҳаўаның ығаллығы 20 проценттен төмен болса,
Егер жердиң қурғақлығы төлен проценттен жоқары болса,
‘Қумлы боран болыўы мүмкин’ деп айт.
Бирақ өмир қашан усындай анық, тынық қағыйда менен ислеген? Программамыз жоқарыдағы шәртлерди тексерип, ‘Қумлы боран болмайды’ деп айтыўы мүмкин. Бирақ тәбият бизлердиң программамыз бенен есапласып жүре ме? Он бес минуттан кейин қумлы боран жүз берсе не қыламыз?
Мүмкин, бизлер бағанағы шәртлеримизди толықтырыўымыз керек шығар.
- Самалдың тезлиги
- Самалдың бағыты
- Жақын районлардағы ҳаўаның ығаллығы
- Қумның ығаллығы
- Палыз егинлери ҳәм басқа өсимликлердиң жағдайы
- Қайсы мәўсим екени
- Алдыңғы айларда жаўын қанша жаўғаны
- Алдыңғы жыллар, айлардағы экологияға байланыслы дереклерде не жазылғаны
- Қоңсы аймақлардағы жағдай қандай екени
ҳәм тағы басқа
Жоқарыдағы факторлар да бизлер ойламаған түрде бир-бири менен байланысыўы, тәсир көрсетиўи мүмкин. Сондай ўақытта машиналы оқытыўды қолланыўдың орны үлкен. Бизлер алдын қумлы боранлар болған ўақытта жазып қалдырылған дереклерди жыйнай баслаймыз. Сол ўақытта аймақта, қоңсы аймақларда ҳаўа райы ҳәм жердиң жағдайлары қандай болғаны ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаймыз. Компьютер сол дереклерди үйренип шығады. Компьютер бизлер билмеген ‘тәбияттың сырлы нызамлығын’ таппайды. Ол бурынғы жазба дереклерди анализлеп, үйренип, статистикалық үлгилерди табыўға ҳәрекет етеди. Сөйтип бизлерге сол өзи ‘үйренген билимге таянып’ ертең қумлы боранның болыў итималлығын айтып береди.
Неге машиналарды оқытып басладық?
Бир қанша себеби бар. (Жоқарыда да айтып өткен едим.)
-
Базы қағыйдалар/формулалар шатасып, қурамаласып кеткен.
Мәселен, адамлардың бет-әлпетин таныйтуғын программалар, сөйлеген сөзди түсинетуғын программалар, жалған хабарларды анықлайтуғын программалар, шет тиллерди аўдармалайтуғын программалар, ҳәм тағы басқа.
-
Базы тапсырмалар анық жуўапларды емес, болжаўларды талап етеди. Не ушын телефоныңыздағы ҳаўа райы қосымшасы тек ‘Аўа, ертең анық жаўын жаўады’ яки ‘Яқ, ертең жаўын улыўма жаўмайды’ деп хабар бере алмайды? Ҳеш ким ондай супер күшке ийе емес. Соның ушын бизге итималлық пенен болжанатуғын хабар керек. ‘Ертең жаўын жаўыўы мүмкин.’ ‘Ертең жаўын жаўыў итималлығы жоқары.’
-
Адамзат оғыры көп мағлыўмат дереклерин жаратты. Компания-заводлар, кеселханалар, вебсайтлар, электрон әсбаплар/илимий инструментлерден пайдаланыўшылар ҳәм тағы басқалар тынымсыз мағлыўмат дереклерин жаратып атыр. Сонша мағлыўматты адамзатқа қарағанда машиналар тез оқып үйренип, анализлеп шыға алады.
Бирақ, машиналы оқытыў ҳәр дайым зәрүр емес
Жоқарыда былай деген едим: Базы қағыйдалар/формулалар өте шатасып, қурамаласып кеткен.
Бирақ, басқа көплеген басқа қағыйдалар анық, дәл мәниске ийе. Олар ушын, машиналы оқытыўды әўере қылыўдың кереги жоқ. Қайта зыянымызға ислеўи мүмкин. Сондай ўақытта ‘қәдимги программаластырыўдан’ пайдаланған мақулрақ.
- Километрди метрге айландырыў
- Долларды сумға айландырыў
- Формулаға салып, дәрамат салығын есаплаў
- Атамаларды әлипбе бойынша сортлаў
- Санның жуп яки тақ екенин тексериў
- Адамның жасын туўылған сәнесине қарап есаплаў
- Логин қылған ўақытта паролди тексериў
- Тесттиң балына қарап студенттиң баҳасын есаплаў
- Авто-көликтиң тезлиги 70 км/сааттан асса, сигнал бериў
- Вебсайтқа регистрация қылыў ушын адамның жасы жеткенин тексериў
- Дизимниң ишиндеги ең үлкен санды анықлаў
ҳәм тағы басқалар...
Мине жоқарыдағы мысаллар ушын машиналы оқытыўдан пайдаланыў шәрт емес. Себеби бул жағдайларды (нызамлықларын) анық, дәл түсиндире аламыз.
Бирақ, компьютерге түсиндириўимиз керек қағыйдалар/шәртлер/нызамлықлар көбейип, қурамаласып кеткен ўақытта, машиналы оқытыўдан пайдаланғанымыз мақсетке муўапықлаў.