51-блог: "Жеке пикир" - Кореяда жумыс орнын қалай таңлаў керек? / Koreyada jumıs ornın qalay tańlaw kerek?

Кореяда жумыс орнын таңлайтуғын ўақытта нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында.

Кореяда университетте оқыўды питкерип, сол жердеги компанияларға жумысқа кириў ушын ҳәрекет етип атырған қарақалпақ студентлер де баршылық. Сол аўылдың қыз-жигитлерине пайдам тийсин деген мақсетте, Кореядағы 6 жыллық жумыс тәжрийбеме тийкарланып төмендеги блогларды жазып шықтым.

Көрип турғаныңыздай, ҳәммесин избе-из түсиндирип атырман. Биринши Кореядағы жумыс базары туўралы, шет елли студент ушын Кореяда турақлы, рәсмий жумыс табыўдың қыйыншылықлары ҳәм Корея компаниялары ушын резюмени қалай жазыў керек екенлиги ҳаққында үйрендик. Кейин ала Кореяда рәсмий жумысқа кириў ушын интервью басқышына қалай таярланыў ҳаққында айтып өттим.

Бул рет Кореяда жумыс орнын излегенде нелерге итибар бериў керек деген сораўға жуўап беремиз.

Компьютер класында басқа студентлер менен отырған қыз

Айтып өтиўим керек, бул нәрселерди аспаннан алып жазып атырғаным жоқ. Кореяда 6 жылдан берли жумыс ислеп атырман. Студент визадан жумысшы визаға өттим. 4 рет жумыс орнын алмастырдым. Ҳәр таза жумысқа өткенимде айлығымды асырып бардым. Көп қәте қылдым ҳәм қәтелеримнен үйрендим. Әдеттегидей, көп адамлардан пәнт жедим. Жақсы адамларды да көп ушыраттым. Солайынша Кореяда офис жумысшысы сыпатында өмирлик тәжрийбе топладым.

Аўылдың жаслары менен усы тәжрийбемди бөлисейин деген ой себепли блог жазып басладым. Мен өмирдиң тәшўиши менен бәнт болып, ўақыт ажырата алмаған, жәрдем бере алмаған танысларым да бар еди. Солар ушын да усы блог арқалы аз-маз жәрдемим тийсе қуўанаман.

Компьютер алдында отырып жумыс ислеп атырған қыз

Демек, сонша таярлық, стресс ҳәм интервьюлерден кейин, сизди Кореядағы бир компанияға жумысқа мирәт етти деп алайық. Оң болсын!

Бирақ, пул береди екен деп таныс емес дәрьяға бойымызды атыўдың кереги жоқ. Ол қандай компания, қандай орталық, қандай адамлар ислейтуғыны туўралы қолдан келгенше билиўге ҳәрекет етиўимиз қандай жерде жумыс ислейтуғынымызды билиўге жәрдем береди. Жумыс орнын таңлаў бул өзлеримизге яр сайлағандай нәзик мәселе. Әййемги Қытай философы Сунь-цзы былай деген екен: «Жаўың ким екенин билмей, урысқа атланба».

Бүгин мен «Кореядағы компанияны изертлеўдиң» жоллары ҳаққында үйретемен.


1. Компанияның көлемин билиў керек: 소기업, 중소기업, 중견기업, 대기업

Кореяда компаниялар бизнес көлеми, қаржы айланысы, жыллық түсими ҳәм жумысшыларының санына қарап бир неше түрлерге бөлинеди. Жумыс орнын таңлаўда компанияның көлемин билиў әҳмийетли. Себеби ол айлығыңызға, виза алыў имканиятыңызға ҳәм жумыс шараятыңызға тиккелей тәсир етеди.

소기업 (Киши компаниялар):

Әдетте, жыллық түсими (매출) 10–35 миллиард вон (10~35억원) шамасында ҳәм жумысшылар саны 3–25 адам әтирапындағы киши компаниялар. Бизнес бағдарлама түрлери шекленген болыўы мүмкин. Junior қәнийгелер ушын көп нәрсе үйрениўге имканият берсе де, виза ҳәм айлық мәселеси бойынша бираз қыйыншылықлар болыўы мүмкин.

중소기업 (SME — орташаға киши компаниялар):

Кореядағы бизнеслердиң 99% өзи усы категорияға киреди. Жыллық түсими 180 миллиард вонға шекем ҳәм жумысшылар саны 200 адамға шекем болған компанияларды 중소기업 деп атайды. Бул жерде карьераңызды баслаў ҳәм жумыс тәжрийбесин арттырыў жақсы. Соның менен бирге компанияның қаржылық турақлылығын биринши үйренип алған пайдалы.

중견기업 (Орташа үлкен компаниялар):

중소기업 ҳәм 대기업 аралығындағы турақлы, раўажланған, орта көлемдеги компаниялар. Жыллық түсими 200–500 миллиард вон ҳәм оннан жоқары болады. Жумысшылар ушын әдеўир жоқары айлық ҳәм бир қанша социаллық жеңилликлер (복지) жолға қойылған болады. Бундай компаниялардың шет елли қәнийгелерге виза бериў ҳәм рәсмийлестириў имканиятлары да жоқары болады.

대기업 (Ири корпорациялар ҳәм конгломератлар):

Samsung, LG, Hyundai, Lotte, SK сыяқлы Кореяның ең үлкен, гигант компанияларын 대기업 деп атайды. Жыллық түсими триллионлап вон менен өлшенип, мыңлаған адамларды жумыс пенен тәмийинлейди. Жоқары айлық, турақлылық ҳәм күшли социаллық пакетлер, жеңилликлер усыныс етеди. Бирақ бундай компанияларға кириў ушын конкуренция күшли ҳәм қыйын болады.

Samsung, SK, Hyundai ҳәм LG компанияларының белгилери

Буннан басқа және 스타트업 (startup), 벤처기업 деген түрдеги компаниялар да бар. Оларды киши көлемдеги компаниялар деп алсақ болады.


2. Компанияның вебсайтына қараў керек

Компанияның не менен шуғылланатуғынын, қандай хызмет ҳәм өним усыныс ететуғынын, бизнес бағдарлары қандай екенин үйрениў ушын олардың рәсмий вебсайтына бир қарап шығыў керек.

Бирақ сайтқа тек үстиртин қарап қоймай, төмендеги бөлимлерге арнаўлы итибар берген жақсы:

  • Бизнес бағдары ҳәм хызмет-өнимлери (About Us / Products): Компанияның бизнес бағдарлары қандай? Не менен шуғылланады? Компания тийкарғы дәрәматын (매출) қайсы өнимнен яки хызметтен алып атыр?
  • Жаңалықлар ҳәм PR бөлими (News / Press): Компанияның соңғы 2–3 жылдағы жетискенликлери, инвестиция алғаны ямаса жаңа проектлери ҳаққында жазылған ба?
  • Компания ҳәм команда мәденияты (Culture / Career): Компания өз хызметкерлерине қандай шараятларды ҳәм жеңилликлерди (복지) усынады? Жумыс ўақты, дем алыс түрлери, басқа да илажлары яки жумыс имканиятлары ҳаққында мағлыўмат бар ма?

Базы компаниялардың рәсмий вебсайты жақсы исленген болады. Базыларыники ескилеў, ҳәм соған жараса мағлыўмат та аз киритилген болады.


3. Қаржылық жағдайы қандай, келешекте өсиў имканиятына қараў керек

Компанияның рәсмий вебсайтында олардың финанслық жағдайы, жыллық түсими (연매출) ҳәм сап пайдасы (순이익) ҳаққында мағлыўмат табыў қыйынлаў болады. Сонлықтан компанияның қаржылық жағдайын, өсиў пәтин ҳәм сизге айлықты ўақтында төлей алыў имканиятын тексериў ушын төмендеги арнаўлы дереклерден пайдаланған мақул.

DART — электронлық финанслық есабат системасы

Егер компания биржада дизимге алынған (상장기업) ямаса ири компания болса, DART сайтынан олардың жыллық финанслық есабатларын (аудит есабаты / 감사보고서) табыўға болады. Бул жерден компанияның жыллық түсими (매출액), операциялық пайдасы (영업이익) ҳәм сап пайдасы (순이익) ҳаққында анық ҳәм рәсмий мағлыўмат алсаңыз болады.

Saramin / JobKorea / Catch ҳәм тағы басқа вебсайтлар

Егер DART деген вебсайттан пайдаланып билмесеңиз яки финанслық қағазларды оқып түсине алмасаңыз, көбине сондай мағлыўматты аңсатластырып, графиклер менен көрсетип қоятуғын басқа дереклерден излесеңиз болады. Оларға 잡코리아, 사람인, Catch ҳәм тағы басқа сайтлар киреди. Ол жерде Миллий пенсия фонды (국민연금) мағлыўматлары тийкарында компанияның жыллық түсими, орташа айлық муғдары ҳәм жумысшылардың саны график түринде аңсат көрсетиледи.

Бирақ ол жерде ҳәмме компаниялардың финанслық есабатлары болмаўы да мүмкин. Яки базыда ески мағлыўмат болыўы мүмкин. Сонда да бир көз жуўыртып, компанияның қандай жағдайда екенин билген жақсы.

Стартаплар ушын: The VC

Егер сиз стартапқа ямаса жаңа компанияға жумысқа кирип атырған болсаңыз, олардың финанслық есабаты болмаўы мүмкин. Сондай ўақытта The VC сайтынан компанияның қайсы басқышта инвестиция алғанын (Series A, B, C) ҳәм олардың инвесторлары кимлер екенин тексериң. Инвестиция алған стартапларда раўажланыў ҳәм кәсиплик өсиў имканияты жоқары болады.

Егер компания соңғы 2–3 жыл даўамында избе-из үлкен зыян (적자) менен ислеп атырған болса ҳәм жаңа инвестиция алмаған болса, бул жумыс орны турақсыз екенинен белги бериўи мүмкин. Финанслық жағдайы аўыр компаниялар шет елли қәнийгелерге E-7 визасын алыўда ямаса визаны узайтыўда қыйыншылыққа ушыраўы мүмкин.

Мәселен, Toss деген компанияның финанслық жағдайына бир қарап шығайық. Toss бул финанслық сервислерди усыныс ететуғын IT компания. Кореяда көпшилик оның хызметлеринен пайдаланады.

Toss Bank офисиндеги toss bank жазылған дийўал

5–6 жыл алдын Toss деген компанияны IT стартап деп билетуғын едим. Бул компанияға 2011-жылы тийкар салынған. 2026-жылға келип он бирге шамалас тармақ компанияларына ийе үлкен Toss Group деген конгломератқа айланды. Соның ишинде Toss Bank деген тармақ компаниясы туўралы үйренип шығайық. Toss Bank ҳаққында Catch вебсайтында төмендегидей мағлыўмат берилген:

Catch вебсайтындағы Toss Bank компаниясы ҳаққында мағлыўмат

Toss Bank бул 대기업 екен. 2025-жылдың есабаты бойынша жумысшыларының саны 806 адам. Сол жылғы жыллық түсими 1 триллион 729 миллиард 200 миллион вон болған. Кредит жағдайы (신용등급) жүдә жақсы дәрежеде. Енди карьерасын баслап атырған жас қәнийгелерге орташа жыллық айлығы (초봉) 50 миллион вон әтирапында. Бул айлық Кореяда жас қәнийгелер ушын өте жақсы айлық есапланады. Toss Bank компаниясының ишиндеги барлық жумысшылардың орташа айлығы (평균연봉) 136 миллион вон есапланады. (Өте жақсы айлық.)

Төмендеги графиклерде Toss Bank компаниясының жыллық дәрәматы, пайдасы, сап пайдасы көрсетип өтилген.

Toss Bank компаниясының 2022–2025 жыллардағы жыллық дәрәматы ҳәм операциялық пайдасы көрсетилген графиклер

4. Компанияның 퇴사율 дәрежесине қараў керек

퇴사율 бул белгили бир ўақыт аралығында компаниядан қанша адамның жумыстан кеткенлигин көрсететуғын әҳмийетли статистика. Бул мағлыўматты да жоқарыда айтып өткен Saramin / JobKorea сыяқлы вебсайтлардан анықлаўға болады. Оны неге билиў керек?

Жақсы, турақлы ҳәм хызметкерлерине дурыс мүнәсибетте болатуғын компаниялардан адамлар қурыдан-қуры жумыстан кетпейди. Егер компанияда қысқа ўақыт ишинде жумысшылардың алмасыўы (turnover rate) жүдә жоқары болса, бул компанияның ишки орталығында машқалалар бар екенин көрсетиўи мүмкин.

Мен бурын ислеген бир токсик компанияда 2 айдың ишинде 6–8 адам жумыстан босап кеткен жағдайлар болған. (Компанияда 25 адам шамасында ислейтуғын еди.) Сондай ўақытта барлық жумыс жүклемеси қалған хызметкерлердиң мойнына түседи ҳәм стресс орталық пайда болады. Жумысың көбейеди, стресс көбейеди, бирақ айлығың көбеймейди. Кейин илажсыздан сен де басқа жумыс излеп баслайсаң.

Офисте канистр көтерип турған адам

Егер 퇴사율 20% тен төмен болса: компанияда жумысшылардың алмасыўы турақлы ҳәм нормал дәрежеде екенин көрсетеди.

Егер 퇴사율 35–50% тен жоқары болса: ол жерде айлық аз, ямаса жумыс ўақты көп (야근), басшылары токсик, коллегалары жақсы емес, ямаса басшылар тәрепинен басым/қыспақлар бар болыўы мүмкин дегенди билдиреди.

Егер компанияның жумысшылар саны 20 адам болып, бир жылда 10–12 адам жумыстан кеткен болса, бундай компанияға резюме тапсырыўдан алдын бир жақсы ойланып көриўиңиз керек болады.

Төменде Toss Bank деген компанияда соңғы 6 ай ишинде қанша адам жумыстан босап, қанша адам жумысқа киргенин көриўге болады. Мәселен, 2026-жылдың сентябринде 17 адам жумыстан босап, 20 адам тазадан жумысқа алынған екен. 17 адам көп көриниўи мүмкин. Бирақ Toss Bankтың өзинде 800 ге шамалас адам ислейди. Сонлықтан 17 адамның жумыстан босаўы ҳәдден тыс жағдай емес.

Toss Bank компаниясының 2026-жылғы апрель–сентябрь айларындағы жумысшылар саны, жумысқа алынғанлар ҳәм жумыстан кеткенлер графиги

5. Компанияның JobPlanet, Catch вебсайтларындағы пикирлерге (review/otziv) қараў керек

Кореяның бир жақсы жери бар: адамлар жүрген жеринде пикир-баҳа (review/otziv) қалдырады.

Пайдаланған өними, хызмет түри, аўқатланған рестораны, шаш кестирген жери, еситкен қосығы, көрген киносы, жасаған квартирасы, оқытқан профессорлары... шегарасы жоқ. Және корейс халқының ең көп пикир-баҳа қалдыратуғын жери бул олардың жумыс ислеген жери.

Жумысқа кириўден алдын сол жердиң қандай екенин адамлардың шын жүректен жазып кеткен пикир-баҳаларын (review/otziv) излеп көриўге болады.

Оның ушын JobPlanet, TeamBlind, Catch ҳәм басқа да жумысқа байланыслы қосымшалардан пайдаланыў лазым.

JobPlanet (jobplanet.co.kr): Кореядағы ең белгили компания пикирлери сайты. Пайдаланыў ушын биринши өзиңиз пикир жазыўыңыз керек. Ямаса пул төлеўиңиз керек болады. Бул жерде хызметкерлер компанияның айлық муғдары (연봉), жумыс-турмыс балансы (워라밸), команда мәденияты (팀문화), басшылардың мүнәсибети ҳәм басқа да пунктлер бойынша 5 баллық системада баҳалайды. Компанияның унамлы/унамсыз тәреплерин жазып қалдырады. Компания ҳаққында аноним түрде жүректен шығарып пикир қалдырып кетеди. Мениң өзим де жазып қалдырғанман.

Catch (catch.co.kr): Компаниялардың финанслық көрсеткишлери, өсиў потенциалы ҳәм жумысшыларға инәм етилетуғын жеңилликлерди анализ етип көрсететуғын платформа. Қосымша, компания ҳаққында басқалардың жазып кеткен пикирлерин көрсеңиз де болады.

Ал, енди «кемпир апаңыздың» кеңесине қулақ салың: 😂

Пикирлери жақсы емес жумыс орнына бармаң. «Ондай дәрежеде емес шығар-аў» деп ойларсыз. Бирақ «ондай дәрежеден де» жаман болып шығатуғын жерлер бар.

Демек, биринши JobPlanet сыяқлы вебсайтлардағы компанияның улыўмалық балына қараймыз.

(JobPlanetтеги пикирлерди көриў ушын бир айға пул төлеўиңиз керек. Яки өзиңиз алдын жумыс ислеп кеткен компанияңыз ҳаққында пикир жазып қалдырыўыңыз керек.)

Егер қандай да бир компанияның JobPlanetтеги орташа баҳасы «2.4» тен төмен болса, ол жерге жумысқа кириўден алдын қара шай ишип отырып ойланың. «2.4» тен төмен балл компанияның ишиндеги токсик орталықтан дерек береди:

  • Басшыларыңыз жаман;
  • Жумыс көп, айлық аз;
  • Дурыслы жеңилликлери де жоқ;
  • Коллегаларыңыз жақсы емес;
  • Компанияның жағдайы жаман;
  • Келешекте өсиў потенциалы жоқ ҳәм соған уқсаған.

Мәселен, жоқарыдағы Toss Bankтың JobPlanetтеги баҳасын бир тексерип көрейик. Орташа баҳасы 3.6 екен. Жаман емес. Бирақ Toss Bank пикирлерин оқып қарасаңыз, көпшилик адамлар «팀바팀» деген сөзди көп жазғанын көресиз. Бул дегени компанияның орташа баҳасы «жаман емес» болса да, сол компанияның ишиндеги командаларға қарап, «жақсы яки жаман» болыўы мүмкин дегени. Және Toss Bank компаниясының 워라벨 категориясы бойынша баҳасы жақсы емес.

Toss Bankтың JobPlanetтеги 3.6 орташа баҳасы көрсетилген статистика

Мениң өзимниң тәжрийбемнен айтсам: бир компанияның JobPlanetтеги балы төмен (2.2) екенин көрдим. Алдын ислеп кеткен хызметкерлердиң ашыў менен жазып кеткен пикирлерин де оқыдым. Сонда да «Ондай дәрежеде емес шығар-аў» деп жумыс басладым.

Сол ўақытта усылай ойлап, жумысқа кетип баратырған өзимди ҳәзир көргенимде, Interstellarдағы Cooperдей өз-өзиме жалынар едим:

«Меҳри, илтимас, ол токсик жерге барма!!!»

Interstellar фильмине қараслы сүўретте Cooper китап текшесиниң жанында тур

Екинши, тек улыўма баҳаға сүйенип қалмаң:

Компанияның баҳасы 3.2 ямаса 3.5 болыўы мүмкин, бирақ соңғы 6 ай ишинде жазылған пикирлерди оқың. Егер соңғы пикирлердиң ҳәммеси 1.0 ямаса 2.0 болса, демек компанияның жағдайы ҳәзир жаманласып атыр. Адамлар жазған пикирлерди оқың. JobPlanetке төлеген пулыңызға ашынбайсыз. (Бул реклама емес.)

Үшинши, компанияның жасалма пикирлерине алданбаң:

Егер бир ҳәпте ишинде избе-из бир неше 5.0 баллық жүдә жақсы пикирлер пайда болған болса, бул көбинесе HR бөлими тәрепинен компания рейтингин жасалма түрде көтериў ушын жазылған болыўы мүмкин. Барлық пикирлерге исениўдиң кереги жоқ.

Гилт сөзлерге итибар бериң:

«가족같은 분위기», «가족같은 회사» деп айтылған болса, өгей шаңарақ дегени. Көбинесе жумыс ўақтының шегарасы жоқ, адамның жеке дем алыў ўақтын ҳүрметлемейтуғын орталықты билдиреди.

«자율적인 환경» яки соған уқсаған зат айтылған болса, өз күниңди өзиң көр дегени. Базыда onboarding (үйретиў) системасының жоқлығын ҳәм «өзиң таярлан, өзиң тап» деген принциплерди көрсетиўи мүмкин.


6. Визаға спонсорлық қыла ала ма?

Кореяда университетти питкерип, рәсмий жумысқа кирип атырған шет елли студентлер ушын ең әҳмийетли машқала бул E-7 визасына тапсырыў/алыў болады. Компания сизге жумыс орнын усыныс етсе де, иммиграция идарәси (출입국·외국인관서) компанияның шәртлерине қарап визаны бериўи/бийкар етиўи мүмкин. Сонлықтан жумыс контрактына қол қойыўдан алдын компанияның виза бериў имканиятын тексериў зәрүр.

(Қандай да бир компанияда шет елли D-10 виза менен 2–3 ай практика қылып жумыс ислейди. Анық жумысқа алатуғын ўақытқа келгенде, компания E-7 визаға спонсорлық ете алмайтуғын болып шығады. Сондай ўақыяларды көп еситкенмен.)

Компания төмендеги рәсмий талапларға жуўап бериўи керек:

  1. Миллий хызметкерлер саны (Корейс жумысшылары 4–5 адамнан кем болмаўы керек): Иммиграция идарәсиниң қағыйдасына муўапық, E-7 визасын бериў ушын компанияда ең кеми төрт-бес Корея пуқарасы дизимде болыўы керек. Егер компанияда 5 адамнан кем корейс хызметкери болса, шет елли қәнийгени жумысқа алыўға рухсат берилмейди (стартапларға айырым жеңилликлер бар. Оларға бундай лимит қойылмаўы мүмкин).
  2. E-7 виза ушын ең кем айлық шәрти (GNI 80% / 2026-жылғы норма): E-7-1 визасын алыў ушын компания сизге жыллық ең кеми 31.12 миллион вон (3,112만원) әтирапында айлық (연봉) төлеўи шәрт. Егер усыныс етилген айлық нызамдағы ең кем муғдардан төмен болса, иммиграция сизге E-7 виза бермеўи мүмкин. 2026-жылғы рәсмий билдирис.
  3. Компанияның салық төлеў тарийхы (체납): Егер компанияның мәмлекетлик ямаса жергиликли салықлардан (국세, 지방세) қарызы (체납) бар болса, E-7 визасын алыў ямаса узайтыў бийкар етиледи.

E-7 визаға тапсырыў, алыў үлкен мәселе. Бул ҳаққында өз алдына кейинги блогларымда жазып өтемен.

Бирақ, әлбетте, жумысқа шақырған компаниядан E-7 визаға спонсорлық қыла алыўын сорап алғаныңыз өзиңизге пайдалы.


7. Ҳәзир ислеп атырған яки бурын ислеп кеткен жумысшылардың LinkedIn профиллерине қараң

Базы компаниялардың LinkedInдеги рәсмий бети (Company Page) болады. Компанияның бетине кирсеңиз, ол жерде «People» (Хызметкерлер) бөлиминен ҳәзирги ўақытта сол компанияда ислеп атырған ҳәм бурын ислеп кеткен адамлардың дизимин ҳәм олардың профиллерин көре аласыз.

«Не зәрүрлиги бар?» деп ойларсыз. Аўа, дурыс, шәрт емес.

Бирақ болажақ кәсиплеслериңиздиң қандай университетлерди питкергенин, бурын қайсы компанияларда ислегенин ҳәм олардың қандай проектлер/технологиялар менен шуғылланғанын билесиз. Бул сизге компанияның техникалық дәрежесин баҳалаўға жәрдем бериўи мүмкин.

Ямаса компанияда сизден тысқары басқа да шет елли хызметкерлер бар ма, олардың қайсы мәмлекетлерден екенлигин ҳәм компанияда қанша ўақыт ислеп атырғанын көриўиңиз мүмкин.

Егер имканият болса, сол компаниядағы бир хызметкерге LinkedIn арқалы қысқа хат жазып: «Мен усы позицияға ҳүжжет тапсырып атыр едим, компаниядағы орталық ҳаққында бир-еки сораў берсем бола ма?» деп сорап көриўге де болады.

Әлбетте, бул пункт ҳәмме компаниялар ушын шәртли емес (көпшилик киши-орта корейс компаниялар LinkedInде өз бетин ашпаған болыўы мүмкин).

Және адамның қандай екенин анық бирге ислескеннен кейин билесең дейди ғой. LinkedIn профили жылтыраған ҳәм сыртынан оғада жақсы адам болып көринсе де, кейин ала бирге ислескенде минези қыйын ямаса токсик болып шығыўы мүмкин. Ҳәр түрли адам бар. Ҳеш кимге исенбең.


8. Интервьюде сизге қандай сораўлар берилгенин еслеп көриң

Және бир рет тәкирарлайман. Жумыс ушын сәўбет бул тек сизди баҳалайтуғын орын емес. Сиз де жумысқа тапсырған компанияңызды, сизден интервью алыўшыларды сынға алып, баҳалап алатуғын орын есапланады. 😎 Олар да сизди ҳүрметлеўи, ўақытыңызды қәдирлеўи, интервью алдынан дурыслы сораўларды таярлап келиўи шәрт. Интервью даўамында ҳүрмет көрмеген жерден, сол жерге жумысқа киргеннен кейин де ҳүрметке ерисиў қыйын. Интервьюдиң соңында өзиңизди қызықтырған сораўларды әлбетте сораң. Айлыққа байланыслы мәселени өз алдына интервьюден сәтли өткеннен кейин сөйлесиўиңиз лазым.

Төмендеги жағдайларға итибар бериң.

  1. Интервью алыўшылар өз ўақтында келди ме? Егер кешиккен болса, кешиккени ушын кеширим сорады ма? Сизге ҳүрмет пенен мүнәсибетте болды ма, я сизди менсинбей, телефонына қарап ямаса үстиртин сөйлести ме?
  2. Сизден кәсиплик билимиңизге яки тәжрийбеңизге байланыслы болмаған жеке сораўлар соралды ма? (Мысалы: шаңарақлық жағдайыңыз, жеке турмысыңыз, бир отырғанда неше грамм арақ ише алыўыңыз ямаса «Кешке шекем қалып ислей аласыз ба?» деген сыяқлы сораўлар.)
  3. Интервью соңында сиз компания ҳәм компаниядағы жумыс ҳаққында сораў бергениңизде, олардың берген жуўаплары анық ҳәм түсиниўге аңсат болды ма?

Интервьюде сизге келиспеген, тутырықсыз сораўлар берген ҳәм сизге ҳүрмет көрсетпеген компанияларға жумысқа барыўды мәсләҳәт бермеген болар едим.

K-drama сахнасында ҳаял адам басқа ҳаял адамға стакандағы суўды шашып атыр

9. Үйден алыс па, жақын ба, соған да қараў керек

Компанияның сонша затына қарадық. Ҳәммеси унады. Бирақ ол турған жеримизден алыслаў болса не?

Жәмийетлик транспорт (метро, автобус) пенен ҳәр күни 3 сааттан артық жумысқа барып келиў бул сиз ойлағаннан көре тезирек сизди шаршатып таслаўы мүмкин.

Сеул үлкен қала. Жеке көлик пенен қатнаў да көп ўақыт ҳәм шығын талап етеди. Сондай ўақытта ең қолайлысы жәмийетлик транспорттан пайдаланыў. Бирақ метро ҳәм автобусларда қатнаўдың илажы болса да, егер жумысқа барып келиў ушын жумсалған орташа ўақыт 3 сааттан артық болса, адамды ҳәм физикалық, ҳәм руўхый тәрептен шаршатыўы мүмкин.

Соның ушын жумысыңызға жақынлаў жерден ижараға бөлме алып, көшип өтиўди усыныс етемен.

Көшиўдиң илажы болмаса, сизге әдеўир жақын жерлерден жумыс орнын излеўди усыныс етемен.

Naver Map (네이버 지도) ямаса KakaoMap (카카오맵) арқалы алдын ала жумыс орнына барыў ушын қанша ўақыт кететуғынын тексериң. Неше рет транспорт алмастырыў (환승) керек болады?

Таза жумысты баслаўдан алдын жоқарыда айтып өткенлеримди бир үйренип шықсаңыз, әййемги Қытай философы Сунь-цзының айтқан нәсиятына да әмел еткен боласыз. Ислериңизде әўмет 😊