49-блог: Тармақ (Networking) тийкарлары: TCP ҳәм UDP [2] / Tarmaq (Networking) tiykarları: TCP hám UDP [2]

TCP ҳәм UDP протоколлары не ушын керек, олардың бир-биринен парқы ҳәм интернетте мағлыўмат жеткериўде қалай ислейтуғыны ҳаққында.

Networking/Network бул IT илиминде компьютерлердиң тармағы деген мәнисти береди.

Тармақ бул мағлыўмат ҳәм ресурс алмасыў ушын компьютерлердиң бир-бири менен байланысқан орталығы есапланады.

Дүнья жүзилик компьютерлер тармағын интернет деп атайды.

Компьютер яки смартфонның интернетке жалғаныўы заман талабы болып қалды. Демек, программист ушын компьютерлердиң бир-бири менен қалай байланысып, қалай мағлыўмат алмасыўын билиў де өте әҳмийетли есапланады.

Айтып өтиўим керек, тармақ ҳаққында бир блогты оқып билип кетиў аңсат емес. Соның ушын мен тармақ тийкарлары ҳаққында бир-неше блог серияларын жазыўды мақсет қылдым. Ҳәр бир блогта тармақтың әҳмийетли бир бөлими ҳаққында түсиндирип бараман. Бүгин TCP ҳәм UDP ҳаққында сөйлесемиз.

Компьютер технологиясын тақта алдында түсиндирип турған адам

Мен алдын интернеттиң қалай ислеўи туўралы блог жазған едим. Егер қызықсаңыз, бир оқып шығың.

Себеби бүгинги айтажақ нәрсем усы тема менен тығыз байланысы бар. Компьютерлер бир-бири менен байланысады деп айттым. Олар байланысса не қылады? Мағлыўмат алыс-берис қылады.

Бир компьютер басқасынан ‘Ҳей, сен тирисең бе өзи?’ деп сораўы мүмкин. Екинши компьютер ‘Аўа, тиримен-ғо’ деп жуўап бериўи мүмкин. Усының өзине де компьютерлер өз-ара мағлыўмат алыс-берис қылып атыр.

Мен және HTTP деген протокол ҳаққында түсиндирген едим. TCP ҳәм UDP дегенимиз де протокол болады. HTTPға уқсап, TCP ҳәм UDP бул компьютерлер ортасындағы байланысты стандартластырыўға жәрдем беретуғын протоколлар есапланады.

“Неге ондай протоколлар көп?” дейсиз бе?

Сораў бериў ушын қолын көтерип турған ҳаял

Ҳәр бириниң өз орны, мақсети. Дурыс үшеўи де компьютерлер ортасындағы мағлыўмат алмасыўын тәртиплестириў мақсетинде пайда болған. Және үшеўи де бирге қолланылады.

Қарапайым тилде айтсақ, HTTP бул компьютерде ислеп турған программалардың ортасындағы байланыс ушын, TCP/UDP компьютерлердиң ортасындағы мағлыўмат алмасыў жәрәянын тәртиплестириў ушын қолланылады.

‘Сонда да түсинбедим’ деп атырсыз ба? Онда бир мысал келтирип өтейин.

Үйде отырып бир рестораннан аўқат заказ еттиңиз деп алайық. Сиз сол ресторанға қоңыраў етип мынандай дедиңиз:

“Бир орташа көлемдеги pepperoni пицца”

Кейин өз мәнзилиңизди айттыңыз. Ресторан заказыңызды қабыллады.

Мине усы байланыс HTTP протоколи арқалы әмелге асады деп айтсақ болады. Сиз сорадыңыз, ресторан жуўап берди.

Енди сол ресторан таяр болған пиццаны сизиң мәнзилиңизге жибериў ушын жеткерип бериў хызметшисинен пайдаланады. Ол хызмет пиццаңызды рестораннан сиз турған жерге шекем алып барыўы керек.

Мотоциклдеги жеткерип бериўши ҳәм жеткериў роботы

Рестораннан заказыңызды сизге тасыйтуғын хызметти TCP/UDP протоколи арқалы әмелге асады деп айтсақ болады. TCP ҳәм UDP протоколлары бир-биринен аз-маз парық қылады.

TCP - Жеткерип бериўши бала заказыңызды абайлап жеткизеди, тексереди, ҳеш нәрсе түсип қалмады ма деп қарайды, кемис нәрсени қайтадан рестораннан сорап алып келеди, заказ етилген затлардың нәўбетин де тексереди. Кока-коланы биринши заказ еткен болсаңыз соны ең биринши жеткерип береди.

UDP - Жеткерип бериўши бала заказыңызды жүдә тез жеткерип бериўге урынады. Тез киятырғанда заказыңыздың бир бөлеклери түсип қалыўы да мүмкин. Бирақ ҳеш ким не түсип қалды, не кемис деп тексерип отырмайды. Кемиси болса да солайынша заказыңызды қысқа ўақытта жеткизеди.

Демек және бир рет айтқанда, HTTP бул компьютерде ислеп турған программалардың ортасындағы байланыс ушын, TCP/UDP бул компьютерлердиң ортасындағы мағлыўмат алмасыў жәрәянын тәртиплестириў ушын қолланылады. Бул протоколлар бир-бири менен жарысып ислемейди. Олар бир-бирин толықтырып турады.


TCP/UDP не ушын керек?

Интернеттен күнде, ҳәр саатта, ҳәр минут ҳәм секундта басқалар менен мағлыўмат алыс-берис қыламыз.

Сондай жағдайлар болады, яғный сол мағлыўматтан ҳеш нәрсе кемис болып шықпаўы керек. Мәселен, почтаңызға 2-3 беттен ибарат шәртнама келиўи керек деп алайық. Яки онлайн банк арқалы транзакция қылып атырсыз деп алайық (биреўге пул жиберип атырсыз).

Сөйтип, интернетте ҳеш қандай протокол орнатылмаған деп елеслетейик. Не жүз бериўи мүмкин?

  • Шәртнаманың тек екинши бети келиўи мүмкин.
  • Жиберген пулыңыз керекли адамның банк счётына түспеген болыўы мүмкин (Қай жерде жойтылып қалғанын да билмейсиз).
  • Оқыйжақ онлайн мақалаңыздың тек ең ақырғы параграфы көриниўи мүмкин.

Ҳеш ким ҳеш нәрсени қадағаламаса интернетте ҳәмме нәрсе быламық болар еди. Соның ушын бизлерге TCP/UDP деген протоколлар керек.

TCP?

Егер керек мағлыўматты избе-из, бирме-бир, ҳәммесин жеткерип бериў шәрт ўақытта TCP деген протокол керек болады.

Мысал ушын, төмендеги жағдайларда:

  1. Вебсайтта мағлыўмат көриў
  2. Файлды жүклеп алыў
  3. Онлайн хат жибериў/алыў
  4. Логин қылыў
  5. Онлайн пул жибериў/алыў
  6. ... ҳәм тағы басқа.

Мәселен, 100 мегабайт файлды жүклеп атырсыз. Соның еки мегабайты бир жерлерде жоғалып қалды. Сондай ўақытта TCP протоколи өзи серверге қайтадан сораў жибереди. ‘Мына қурақым мағлыўмат жетип келмедиғо. Қайтадан соны жибер’ дейди. Сервер оған сол кемис мағлыўматты жибереди. Ал сиз ҳеш нәрседен қәўетер алмайсыз. Себеби жүкленген файлды көргениңизде ҳеш нәрсеси кемис болмайды.

UDP?

Бирақ базыда ҳәмме мағлыўматты толық-төкис алып отырыў шәрт емес жағдайлар болады.

Мәселен, төмендеги жағдайларда:

  1. Видео звонок қылыў
  2. Онлайн ойын ойнаў
  3. Интернетте тиккелей эфирге шығыў
  4. Интернетте тиккелей эфирде видео көриў
  5. ... ҳәм тағы басқа.

Мәселен, Telegramда видео звонокта сөйлескениңизде базыда видео бир сәтте қатып қалып, кейин басқа кадрға секирип өтип кетеди. Яки Zoomда онлайн жыйналыс қылып атырсаңыз да тез-тезден сондай жағдай болып турады.

Ол көбине интернетте мағлыўматтың жоғалып қалыўы (packet loss) себепли жүз береди. UDP деген протокол болса ески жоғалған пакетти күтип отырмайды, оны қайтадан серверден сорамайды.

Тап ҳәзир жүз берип атырған мағлыўматты/деректи тез жеткереди. Себеби, UDP ушын ески мағлыўматтан көре ҳәзирги мағлыўмат әҳмийетлирек.

UDP мағлыўматты жибереди, бирақ TCP сыяқлы «жетип барды ма?» деп тексерип отырмайды. Және мағлыўмат пакетлердиң рети менен жетип барыўын кепиллемейди.

Сол себепли UDP - мағлыўматтың толықлығына қарағанда оның тезлиги/жылдамлылығы әҳмийетли болған жағдайларда көп қолланылады.


Көпшилик программистлер TCP яки UDP протоколға тиккелей байланысып, шуқлап отырмайды. Бул протоколлар перде артында өзлери ислеп турады. Бирақ оларды билип қойыў пайдалы. Сервер менен байланысқанда жүз беретуғын қәтеликлерди, кемшиликлерди сазлаўда жәрдеми тийеди.

Демек, үйренген нәрсемизди ҳәммесине бир жалпы қарап шығайық:

  1. Компьютерлер өз-ара мағлыўмат алмасады. Олар бир-бири менен байланысады. Усы байланысты интернет деп атаймыз.
  2. Компьютерлер бир-бирине жиберетуғын мағлыўматты пакетлерге бөлип жибереди. Мен бул туўралы мына блогта түсиндирип өткен едим.
  3. Усы пакетлердиң керекли компьютерге аман-саў ҳәм тез пәтлерде жетип барыўын қадағалайтуғын қағыйдалар топламын TCP/UDP деп атаймыз.
  4. Пакетлерге IP мәнзил, порт сыяқлы керекли metadata (дерек) бекитилген болады. IP мәнзил не екенин түсиндирип өткен едим.
  5. Кейинги блогта портлар ҳаққында түсиндиремен.

TCP/UDP ҳаққында ҳәзирше усы нәрселерди үйренсеңиз жеткиликли.