48-блог: “Дигирман” - Таңлаўшы сортлаў (Selection sort) дегенимиз не? / Tańlawshı sortlaw (Selection sort) degenimiz ne?

Таңлаўшы сортлаў (Selection sort) алгоритми қалай ислейди, Bubble sortтан қандай парқы бар ҳәм оны Java тилинде қалай жазамыз?

“Дигирман” рубрикасы астында программаластырыўға байланыслы кеңейтилген, жоқары басқыштағы темалар ҳаққында жазыўға ҳәрекет етемен. “Дигирман” рубрикасындағы блогларды оқып түсиниў ушын сизде бағдарлама жазыў ҳәм информациялық технологиялар бойынша аз болса да дәслепки билим болыўы керек.

26-блог: “Дигирман” - Merge Sort дегенимиз не?

39-блог: “Дигирман” - Көпиршикли сортлаў (Bubble sort) ҳаққында

Компьютер илиминде “саралаў, сортлаў, ретлестириў, тәртипке салыў” деген түсиник оғада әҳмийетли. Сортлаўшы алгоритмлер компьютердиң өнимдарлы ислеп, керекли мағлыўматты тез таўып, тез тәртипке салыўына жәрдем береди. Сондай сортлаў алгоритмлерден биригиўши сортлаў (merge sort), және көпиршикли сортлаўды (bubble sort) үйрендик. Жоқарыдағы блогларды оқып шықсаңыз болады.

Бүгин үйренетуғын сортлаў алгоритми бул Selection sort есапланады. Қарақалпақшасына “Таңлаўшы сортлаў” деп алсақ болады.

Бул сортлаўдан күнделикли турмысымызда билип- билмей көп пайдаланғанбыз. Соның ушын ‘таңлаўшы сортлаўды’ тез үйренип алатуғын сортлаў алгоритми деп айтыўға болады.

Ҳәр түрли көлемдеги вазалар

Selection sort (Таңлаўшы сортлаў) дегенимиз не?

“Select” сөзи қарақалпақшасына ‘сайлаў, таңлаў‘ деген мәнисти билдиреди. Таңлаўшы сортлаўдың ислеў принципи жүдә әпиўайы:

Дизимниң ишинен ең киши элементти таңлап аламыз ҳәм оны дизимниң басына қоямыз. Кейин және қалған дизимниң ишинен ең киши элементти таңлап аламыз ҳәм оны дизимниң басына қоямыз.

Бул процессти дизим толық сортланып болғанша тәкирарлаймыз.

“Тоқтап тур, ҳаў жақында үйренген көпиршикли сортлаўдан (bubble sort) қандай парқы бар сонда?” деп ҳайран қалыўыңыз мүмкин.

Екеўиниң ислеў принципи бир-бирине уқсап кетиўи мүмкин. Бирақ айырмашылығы үлкен.

Көпиршикли сортлаў ең үлкен элементти дизимниң ақырына жайғастырады. Ал, таңлаўшы сортлаў ең киши элементти дизимниң алдына жылжытады.

Көпиршикли ҳәм таңлаўшы сортлаў усылларын салыстырыў

Көпиршикли сортлаў туўралы блогты оқысаңыз, дизимниң басынан баслап еки қоңсылас элементти салыстырып, ең үлкени менен орын алмастырып баратуғынын биле аласыз. Солайынша ҳәр бир итерацияда (тәкирарлаўда) ең үлкен мәнис дизимниң ақырына өткен болады.

Таңлаўшы сортлаўдың алгоритми сәл басқаша ислейди.

Еки басқыштан ибарат:

1. Толық дизимниң ишинен ең киши элементти излеў

2. Сол ең киши элемент пенен дизимниң басында турған элементтиң орнын алмастырыў

Мысал менен түсиндирейик. Көпиршикли сортлаўды үйренгенимизде бес оқыўшыны дизип қойып, бойының узынлығына қарап сортлаған едик. Бойы ең узын студентти қатардың ақырына өткердик.

Кейин, және басқа бойы узын студентти сол бойы ең узын студенттиң алдына қойдық.

Есиңизге түсти ме?

Таңлаўшы сортлаўдан пайдаланыў ушын, керисинше қыламыз. Яғный, бес оқыўшыны дизип қойып, бойы ең киши студентти қатардың басына өткеремиз.

Кейин, және басқа бойы киши студентти сол бойы ең киши студенттиң алдына қоямыз.

Парқын сездиңиз бе? Екеўинде де кишкенесинен үлкенине қарап сортлап атырмыз. Бирақ, сортлаў усылымыз сәл басқашалаў.

Таңлаўшы сортлаўға және бир-еки мысал келтирейик:

Партаның үстинде китапларымыз шашылып тур. 5 дана китап тур деп алайық. Соларды кишисинен үлкенине қарап сортлап, тақлап қояжақпыз. Мийиңиз тәбийий түрде не қылады?

Партаның үстинде ҳәр түрли көлемде жайласқан китаплар

Бес китапты ҳәммесин бир көзден өткерип, ең кишкенесин сайлап алады. Сол киши китапты алып, қатардың басына қоямыз. Кейин қалған китаплардың ишинен және ең кишкенеин сайлап аламыз. Оны ең кишкене китаптан кейин жайластырамыз.

Кейин қалған, сортланбаған үш китапқа қарап, солардың ишинен ең кишкенесин сайлап аламыз.

Сол китапты қатардың үшинши орнына қоямыз.

Ҳәзирше үш китапты кишисинен үлкенине қарап сортладық. Енди еки китап қалды.

Еки китаптың ишинен ең кишкенесин сайлап, қатардың төртинши орнына қоямыз.

Сортланбай қалған ең ақырғы китап бул ең үлкен китап болады. Оны қатардың соңғы орнына жайластырамыз.

Бизлер үйренежақ ‘таңлаўшы сортлаў’ алгоритми тап усы тәризде ислейди. Егер компьютерге усы алгоритмди үйретсек, ол усылай, элементлердиң ишинен ең кишкенесин таўып, оны қойып, және кишкенесин таўып, сортлап барады. Бирақ компьютер адамға қарағанда тез сортлайды. Компьютер 5 дана китапты миллисекундларда сортлап болған болар еди.

Таңлаўшы сортлаў алгоритми қандай жазылады?

Array (дизим, массив) деп аталатуғын мағлыўмат түринен пайдаланамыз. Берилген сортланбаған дизимди алып, оны еки түрли бөлимге ажыратыўға ҳәрекет етемиз. Биринши бөлим бул сортланған дизим, екинши бөлим - сортланбаған дизим.

Төмендеги сортланбаған массив берилген деп алайық.

int[] arr = ;

Жоқарыдағы санларды сортлаўымыз керек. Оның ушын loop (цикл) менен дизимди биримлеп тексерип шығамыз.

Циклдеги ең биринши мәнисти ең кишкене сан деп қабыллаймыз. Оны қалған санлар менен салыстырып көремиз. Салыстырып атырып, еле де кишкене сан шығып қалса биринши сан менен орнын алмастырамыз.

Төмендегише:

5 деген санды ең кишкене деп аламыз. Кейин оны қасындағы санлар менен биримлеп салыстырып баслаймыз.

5 < 3 (Үш бестен кишкене демек, енди ең кишкене сан 3 болады.)

3 < 8 (Үш сегизден киши. Үш өз орнында қалады)

3 < 1 (Үш бирден үлкен демек, енди ең кишкене сан 1 болады.)

1 < 2 (Бир екиден киши. Бир өз орнында қалады.)

Жоқарыдағы процессти төмендеги алгоритм менен жазса болады:

// Сыртқы цикл
for (int i = 0; i < n - 1; i++) {
 
    // Ең биринши мәнисти ең кишкене сан деп болжаймыз
    int minIndex = i;
 
// Және бир рет сол биринши мәнисти қалған мәнислер менен биримлеп салыстырып шығамыз.
// Бул дегени және бир рет (loop) айланып шығамыз ҳәр бир мәнис ушын
for (int j = i + 1; j < n; j++) {
   if (arr[j] < arr[minIndex]) {
       minIndex = j;
 
   }
}

Қасындағы барлық санлар менен салыстырып болғанда, сол ең кишкене мәнисти дизимниң биринши орнына қоямыз. Сол жерде турған бурынғы мәнисти ең киши мәнистиң бурынғы орнына қоямыз.

Swap (орын алмастырыў) деген түсиник усы жерде жүз берип атыр.

int temp = arr[minIndex];
arr[minIndex] = arr[i];
arr[i] = temp;

Төменде таңлаўшы сортлаў ушын Java тилинде жазылған толық алгоритм берилген.

public class SelectionSort {
    public static void selectionSort(int[] arr) {
        int n = arr.length;
        for (int i = 0; i < n - 1; i++) {
 
            int minIndex = i;
 
            for (int j = i + 1; j < n; j++) {
                if (arr[j] < arr[minIndex]) {
                    minIndex = j;
                }
            }
 
            int temp = arr[minIndex];
            arr[minIndex] = arr[i];
            arr[i] = temp;
        }
    }
}

Таңлаўшы сортлаў алгоритми қәсийетлери:

Ўақыт бойынша қыйынлық (Time complexity):

O(n²)

Себеби ҳәр бир кейинги киши мәнисти табыў ушын дизимди қайта-қайта айланып тексерип шығыўымыз керек.

Яд бойынша қыйынлық (Space complexity): себеби биз қосымша яд жумсамаймыз.

O(1)