47-блог: Тармақ (Networking) тийкарлары: IP мәнзиллер [1] / Tarmaq (Networking) tiykarları: IP mánziller [1]
Компьютер тармағында IP мәнзил неге керек, орталық ҳәм жеке IP адреслердиң парқы ҳәм NAT қалай ислейтуғыны ҳаққында.
Networking/Network бул IT илиминде компьютерлердиң тармағы деген мәнисти береди.
Тармақ бул мағлыўмат ҳәм ресурс алмасыў ушын компьютерлердиң бир-бири менен байланысқан орталығы есапланады.
Дүнья жүзилик компьютерлер тармағын интернет деп атайды.
Компьютер яки смартфонның интернетке жалғаныўы заман талабы болып қалды. Демек, программист ушын компьютерлердиң бир-бири менен қалай байланысып, қалай мағлыўмат алмасыўын билиў де өте әҳмийетли есапланады.
Девелопер неге компьютер тармақларын үйрениўи лазым?
- Заманагөй қосымша/программаларда көпшилик қәтелик/баглар (bug) кодтың өзинде емес, ал тармақта жүз береди. (404 деген қәте, CORS ҳәм тағы басқа)
- Компьютер тармақларының қалай ислеўин түсиниў арқалы тез ислейтуғын программаларды жарата аламыз.
- Компьютер тармақларының қалай ислеўин түсиниў арқалы жаратқан программамыздың қәўипсизлигин күшейте аламыз.
Айтып өтиўим керек, тармақ ҳаққында бир блогты оқып билип кетиў аңсат емес. Соның ушын мен тармақ тийкарлары ҳаққында бир-неше блог серияларын жазыўды мақсет қылдым. Ҳәр бир блогта тармақтың әҳмийетли бир бөлими ҳаққында түсиндирип бараман. Бүгин болса IP адреслер ҳаққында сөйлесемиз.

IP адрес дегенимиз не?
Ҳәзир компьютерде отырған болсаңыз, экраныңыздың төменги панелинде турған поиск бөлимине ‘cmd’ деп жазың.
Төмендегидей “Command Prompt” деген нәтийже шығады. Сол сөздиң үстинен бир рет клик етип, қосымшаны иске қосың.

Экраныңызда ‘қара экран’ пайда болады. Усыны cmd терминал дейди.

Терминалға ‘ipconfig’ деп жазып, клавиатураңызда Enter түймесин басың.

Терминалда төмендегише жазыў пайда болады.

Усы жерде компьютеримиздиң IP адресин билип алыўға болады. IPv4 деген гилт сөзден кейин турған санлар компьютеримиздиң IP адреси болады.
IP мәнзил неге керек?
IP сөзи ‘Internet Protocol’ деген инглизше сөзлердиң бас ҳәриплеринен қуралып, ‘АйПи’ деп оқылады.
IP мәнзилди интернетке қосылған ҳәр бир компьютердиң ‘почта адреси’ деп алсақ болады. Неге компьютерге сондай ‘почта адрес’ керек?
Төмендеги жағдайды елеслетип көриң:
Шамалап 50-60 жыл алдынғы, телефон жоқ заманда, бизлерден алыста жасаўшы дос-яранға хат жазып атырмыз. Хатты жибериў ушын, почтаға келдик. Не деймиз?

‘Мынаны Минайымға апарып бериш’ деймиз бе? Қарақалпақта сол ўақытта Минайым атлы ҳаял-қызлар баршылық болған. Почта ағамыз пал ашып таўып барыўы керек пе? Әлбетте, жоқ.
Қайсы, қай жерде жасаўшы Минайым екенин анықластырып жазамыз. Минайымның мәнзилин жазамыз. Сондағана почташы хатты керекли Минайымға дурыс алып барып бере алады.
IP мәнзилдиң мақсети де тап сондай әҳмийетли. Қай жердеги қайсы компьютерге мағлыўматты дурыс жеткерип бериў ушын IP керек.
Бизлерге IP мәнзиллер тийкарынан еки себепке көре керек:
1. Анықлаў (Идентификация)
Сизге банкте ким екениңизди көрсетиў ушын шахсты тастыйықлаўшы гүўалық (ID карта) қаншелли керек болса, компьютерге де басқа серверлерге өзин таныстырыў ушын IP мәнзил тап соншелли керек. Сиз қандай да бир вебсайтты ашқаныңызда, сервер мағлыўматларды дәл керекли адамға қайтарып жибериўи ушын оны ким сорағанын, яғный қай жердеги қайсы компьютер сорағанын билиўи керек.
2. Маршрутизация (Карта)
Интернет бул кәрўан сарай емес. Ол өз ара байланысқан роутерлер жыйындысы. Ҳәммеси өзиниң адресине ийе. Ҳеш қайсы IP адрес тосыннан емес. Роутерлер белгиленген мәнзилге қарайды.
Мәселен, IP 172... саны менен басланса, сервер АҚШта жайласқан болады. Оны New York роутерине жибериң.
Ал мынаўсы 210... менен басланады, бул Қубла Кореяда жайласқан. Демек, Сеул қаласына баратуғын роутер арқалы жибериң.
Егер усы санлы мәнзиллер болмаса, роутерлер мағлыўматларды қайсы тәрепке жибериў керек екенин билмейди.
Ҳайран қалыўыңыз мүмкин:
Сонда ҳәр бир компьютердиң IP адреси бар ма?
- Аўа, тап сондай. Тек компьютердиң емес, смартфонлардың, смарт үскенелердиң де (device) IP адреси бар.
Жер жүзинде миллиардлаған компьютер, смартфон, смарт дивайс барғо. Сонда ҳәммесине IP адрес жете бере ме?
- Жоқ, жетпейди. IP адреслер 2011-жылы таўсылып қалды.
IP адреслер таўсылып қалды дейсең бе?
- Аўа, IP адреслер таўсылып қалды. Ҳәм кейин не болғанын кейинлеў түсиндиремен.
Биринши, IP адреслер ҳаққында жақыннан танысып алайық. IP адрестиң не екенин үйрендик. Ҳәр бир интернетке жалғанатуғын смарт үскенениң IP адреси болатуғынын үйрендик.
Орталық IP ҳәм Жеке IP (Public IP & Private IP)
Енди IP мәнзилдиң түрлерин үйренемиз. Орталық IP ҳәм жеке IP адреслер бар.
Оларға не зәрурлик бар деп ойларсыз?

Орталық IP (public IP) бул мийманхананың мәнзилине уқсайды. Басқалар сырттан тек сол мийманхананы көреди.
Жеке IP (private IP) сол мийманхананың ишиндеги бөлме номери. Мийманхананың ишиндеги адамлар бир-бирин сол бөлме номерлери арқалы таба алады. Сырттан келген почтальон аға тек мийманхана мәнзилин биледи. Келген хатларды мийманхананың фронт дескине алып келип береди. Қалған жағын мийманхананың өзи жеткереди.
Тап сондай сизиң үйиңиздеги роутердиң бирғана орталық IP мәнзили бар болады. Сол роутер үйиңиздеги компьютерге, ноутбукке, смартфонларыңызға жеке IP мәнзилди бекитеди.
Ким сол роутерге орталық IP береди?
- Сизиң интернет провайдериңиз роутерге орталық IP береди.
Google, Netflix, яки Youtube сыяқлы вебсайтларға жалғансаңыз, олар роутердиң орталық IP мәнзилин көреди.
Жеке IP мәнзил тек үйиңиз, жумыс орныңызда, яки белгили бир тармақ ишиндеғана пайдаланылады.
Мысал ушын, төмендегилер жеке IP мәнзил болады:
192.168.0.10
10.0.0.5
172.16.1.20
Бул жеке IP адреслерге сырттан турып жалғана алмаймыз.
Неге еки түрли IP мәнзил керек?
Бағана IP мәнзиллер таўсылып қалды деп едимғо. Сол орталық IP мәнзиллер таўсылып қалды. Сондай қалай?
Ең биринши жаратылған IP мәнзил версиясын IPv4 деп атайды.
xxx.xxx.xxx.xxx
Жоқарыда ҳәр бир ‘x’тың орнында бир ханалы сан кириўи мүмкин. Толық 32 биттен ибарат.
Усы 32 биттен пайдаланып, 4 миллиард түрли орталық IP мәнзил жаратыўымыз мүмкин.
Бирақ кейинги он жыллықта дерлик ҳәр бир адамда бир телефон, бир ноутбукқа ийе болып, және смарт үскенелер көп шығыўына байланыслы сол 4 миллиард адрес бир заматта таўсылып қалды.
Сонлықтан, енди ҳәр бир үскенеге орталық IP үлестирип бериўдиң орнына, жеке IP адреслерден пайдаланыўға өттик.
(Негизи, IPv6 деп аталатуғын таза IP версия жаратылды. Ол дүнья турғанша туратуғын, таўсылмайтуғын IP версия есапланады. Ҳәр бир смартфон, компьютерге орталық IP үлестирип бере аламыз. Бирақ IPv4 версиядай кең тарқалмаған. Соның ушын көпшилик жерде елеге шекем орталық ҳәм жеке IP түринен пайдаланылады.)
Роутер арқалы бир жердеги бир неше үскенеге орталық IP мәнзил бериледи. Бул жәрәян NAT арқалы әмелге асады.
NAT бул инглизше термин. Network Address Translation деген сөзлерден қуралған. Қарақалпақшасына ‘Тармақ Мәнзил Аўдармашысы’ деп алсақ болады.
NAT роутердиң ишинде жайласқан болып, ол сол роутердиң қабыллаўшы администраторына уқсап жумыс орынлайды.
Сизиң ноутбугиңиздиң жеке IP мәнзили мынандай деп алайық: 192.168.0.10
Қолыңыздағы смартфоныңыздың жеке IP адреси усындай: 192.168.0.11
Wi-fiға жалғанған роутериңиздиң IP адреси мынандай: 203.0.113.25
Ноутбугиңизде Googleде бир нәрсе излеп көрдиңиз. Сиз жиберген сораў төмендеги избе-изликте жол алады:
192.168.0.10 → Роутер (203.0.113.25) → Google
Google енди жуўапты тиккелей сизге емес, роутериңизге жибереди.
Енди роутериңиз келген жуўапты сизиң смартфоныңызға емес, ноутбугиңизге жибериўи керек. Бул роутердиң жумысы. Анығырақ айтсақ, роутердиң ишиндеги NAT деген администратор ағамыз ким не сорағанын, кимге не жибериў керек екенин еслеп қалып, қадағалап отырады.
Роутериңиз келген жуўапты 192.168.0.10 IP адресине ие ноутбугиңизге бағдарлайды. NAT қалайынша ким не сорағанын еслеп қалатуғынын кейинги блогымда, портлар ҳаққында жазғанымда толық түсиндирип өтемен.
NAT неге керек?
Егер NAT болмағанда ҳәр бир смарт үскенеге өз алдына орталық IP мәнзил бериўимиз керек болады. Бирақ IPv4 версиядағы IP мәнзиллер әлле-қашан таўсылып болды. Кейин ала IPv6 деген IP версияны жараттық.
Бирақ ең үлкен машқала бул IPv6 ҳәм IPv4 бир-бири менен туўрыдан-туўры байланыса алмайды. IPv4 кең тарқалып болды. Енди оны жаңалыў жүдә қымбатқа түседи.
Соның ушын IPv4 версиясының қытқылшылығын ўақтынша NAT деген шешим арқалы сапластырып турыўға мәжбүр болдық. Бахтымызға NAT жүдә жақсы ислеп кетти. Сол себепли көпшилик ҳәзирше IPv6 версиясын қосыўға мүтажлик сезип атырған да жоқ.
IP ҳаққында айтқым келген нәрселер ҳәзирше усылар. Тармақлар ҳаққында түсиндириўди кейинги блогларда даўам етемен.