46-блог: "AI": Жасалма Интеллект дегенимиз не? 1-Бөлим / Jasalma intellekt degenimiz ne? 1-bólim

AlphaGo, Lee Se Dol, TARS, AGI ҳәм машиналы оқытыў мысаллары арқалы жасалма интеллект дегенимиз не екенлиги ҳаққында.

2016-жыллары Кореяда университетте оқып жүргенимде AlphaGo компьютери және Lee Se Dol деген бадук (Go) ойыншысы ҳаққында биринши рет еситкен едим.

Бадук (инглизшесине Go) бул Шығыс Азия еллериниң миллий ойыны. ‘The Glory’ деген k-dramадағы қаҳраманлар усы ойынды ойнайды. Шахматқа уқсап стратегия менен ойналады.

The Glory дорамасындағы бадук ойнап отырған еки адам

Lee Se Dol бул дүнья жүзиндеги ең күшли бадук ойыншысы. 2016-жылда DeepMind деген компания AlphaGo деген ақыллы компьютер жаратады. Ҳәм Lee Se Dolға былайынша усыныс жасайды.

‘Егер AlphaGo деген компьютеримизге қарсы бадук ойнап утсаң, 1 миллион доллар сыйлық беремиз.’

Lee Se Dol ақыллы компьютерди ута аламан деп исенеди. Ол AlphaGoға қарсы 5 рет ойнап, тек бир ойынды жеңис пенен тамамлайды.

2016-жылғы AlphaGo ойын сериясында жүрисин анализлеп отырған Lee Sedol
Lee Sedol analysing the game during the series with AlphaGo in 2016. (Getty: Handout)

Сиз ҳәзир ‘Ол неге өзинше жасалма интеллектти утаман деп ойлады екен?’ деп ҳайран қаларсыз. Себеби сиз күн ара ChatGPT сыяқлы қүдиретли ҳәм ақыллы қураллардан пайдаланып, жасалма Интеллекттиң (AI) көз көрип, қулақ еситпеген күшине енди толық исенип болдыңыз. Бирақ ол ўақытта бәри басқаша еди. 2016-жылы Жасалма Интеллект (AI) ҳаққында көпшилик еле ойлап та көрмеген, ҳәтте оның усындай дәрежеде күшейип кетиўине көзи жетпес еди.

Базыларыңыз ‘Ҳаў, яқшы компьютер бир рет бадукты утағойыпты да’ деп ойларсыз.

Бирақ, бир нәрсени умытпаң: AlphaGo бадук тарийхындағы ең күшли ойыншылардан бирин жеңип шықты. 1997-жыли DeepBlue деген компьютер Гарри Каспаровқа қарсы шахмат ойнап жеңип шыққан еди. Сол ўақытта да бул жеңис шаў-шуўлы жаңалық болды. Және 20 жыл өтип, тек адамлар жақсы ойнап биледи деп исенетуғын бадук деген ойын да компьютер тәрепинен ‘бойсындырылды’.

Бадук доскасы үстинде жүз бериўи мүмкин болған комбинациялардың саны төмендегише:

10¹⁷⁰

Салыстырыў ушын айтсақ, пүткил кәинатта (вселенная):

10⁸⁰ атом бар. Яғный, бадуктағы мүмкиншиликлер саны дүньядағы барлық атомлар санынан да әдеўир көп! Сондай қурамалы итималлық ҳәм нәзикликти үйренип, адамды жеңип шыққан ойыншы бул компьютер болады.

Усы комьютерди адамзат жер жүзинде бар болған шийки ресурслардан пайдаланып жасады. Қарап турсаң, жансыз затты ойландырыўға мәжбүр етти.

2014-жылғы ‘Interstellar’ деген киноны биринши рет көргенимде, мен де сол бас қаҳарманлардың қасында жәрдем берип жүретуғын TARS деген ақыллы робот-жәрдемшим болса екен деп әрманлап едим.

Interstellar киносындағы астронавтлар ҳәм TARS роботы

Ҳәзир тап сондай жәрдемшимди ChatGPT десем болады. Бирақ TARS бул жасалма интеллекттиң өте жетилискен түри есапланады. Оны AGI (Улыўма Жасалма Интеллект) десек те болады. Адамзат қаншелли ҳәрекет етпесин, бундай технологияны еле жарата алғаны жоқ.

Бизлер пайдаланатуғын жасалма интеллектти көбинесе ‘тар шеңбердеги жасалма интеллект’ дейди.

TARSтың ҳәзирги күндеги ЖИ моделлерден парқы TARS өз-өзин тәмийинлей алады. Ол жүдә үлкен энергияны талап етпейди. Егер ‘Interstellar’ киносын көрген болсаңыз, TARS бул робот. Бирақ өте ақыллы, ҳәм автоном түрде ислей алады.

Interstellar киносындағы TARS роботының компьютер экраны

ChatGPT сияқлы системалар миллиардлаған мағлыўматларды қайта ислеў ушын оғыры үлкен сервер қуўатын, электр энергиясын, ҳәм сол серверлерди суўытыў ушын тонналап суў ресурсын талап етеди. Ал фильмдеги TARS болса барлық есаплаўды өзиниң кишкене корпусының ишинде орынлайды ҳәм үлкен cloud серверлерге мүтәж емес.

Демек, ChatGPT (яки басқа ЖИ моделлер) сизди қаншелли таң қалдырмасын, бизлер еле ҳақыйқый АGIdан (Улыўма Жасалма Интеллект) еле алыспыз. Ҳәм оны жаратпастан бурын ҳәзирги ЖИ моделлерин тәмийинлеў ушын адамзатқа да керекли болған тәбийий ресурслар таўсылып қалыўы мүмкин. Кейин ала фантастика кинолардағана көрип келген тәбийий ресурслар ушын аяўсыз урыслар жүз бериўи мүмкин. (Ҳәзирги ўақытта да бундай урыслар болып атыр.) Жасалма интеллект бизлерге пайда келтире ме яки жоқ па бул еле ашық сораў.

Демек, жасалма интеллект дегенимиз не?

Адамның ақыл-идракы талап етилетуғын жумысларды орынлаў ушын машина-роботларды оқытыўға арналған компьютер илимин жасалма интеллект деп атайды. Жасалма интеллекттиң тийкарларын математика, логика, философия, итималлық теориясы, статистика, neuroscience, қарар қабыл етиў теориясы сыяқлы басқа да илимлер қурайды.

Жасалма Интеллекттиң өзи үлкен тараў. Оның ишине компьютер визуал техникасы, роботлар, машиналы оқытыў ҳәм басқа да илимлер киреди.

Machine learning (Машиналы оқытыў) бул жасалма интеллекттиң бир бағдары есапланады. Оның мақсети компьютерлердиң өз бетинше үйрениўине мүмкиншилик жаратыў. Машиналы оқытыў алгоритми жәрдеминде компьютер мағлыўматлардағы нызамлықларды анықлаў, дүньяны түсиндирип беретуғын моделлерди қурыў ҳәм арнайы программаластырылған қағыйдалар болмаса да, келешектеги ҳәдийселерди болжай алыў имканиятына ериседи.

Компьютер тынымсыз оқып, үйренип жасалма ақыл, билим жыйнайды десек те болады. Ол базыда қәте қылыўы да мүмкин. Сондай жағдайларда адам илимпазлар жәрдем берип, дүзетеди. Ҳәзирги күнниң жасалма интеллектиниң қолынан тәй-тәй услап турыўымыз керек. Бирақ бир күни ол еле де раўажланып, қәте қылса өзи туўрылап, өз-өзин жақсылап, және де раўажланатуғын ультра-жасалма интеллект болып жетилисиўи мүмкин. Сол ўақытта ол адамзаттың қолынан тәй-тәй услай ала ма екен?! Оны еле ҳеш ким билмейди.

Бизлерди қандай келешек күтип турғанын билиў қыйын. Оны жасалма интеллекттиң өзи де анық болжап бере алмайды. Соның ушын ол ойларды бир шетке жылжытып турайық. Себеби, жасалма интеллект өмиримизге әлле-қашан кирип келген, тек биз оны басқа атлар менен атаймыз.

Телефоныңызда жазғаныңызда қәте сөзлерди дурыслап беретуғын ‘автокоррект’, Youtube яки TikTokта сизге унайтуғын видеоларды тынымсыз көрсетип беретуғын алгоритмлер - булар сол биз айтқан “тар шеңбердеги” жасалма интеллекттиң бөлеклери.

Олар адамлардың ҳәрекетин үйренеди. Ҳәзирше ҳеш кимге зыяны жоқ.

Мен бул блоглар сериясында жасалма интеллект ҳаққында әпиўайыластырып түсиндирип барыўға ҳәрекет етемен. Сол арқалы өзимди де оқытаман. Кейинги бөлимде компьютерлер ҳәм программистлер бағдарлама код жазыўдан қалай бас тартып, машиналарға өз бетинше үйрениўди қалай үйретип баслағаны ҳаққында айтып беремен.