45-блог: “Жеке Пикир” - Интервьюге қалай таярланамыз? 2-Бөлим / Intervyuge qalay tayarlanamız? 2-bólim
Интервьюде көп соралатуғын сораўларға таярланыў, STAR форматында жуўап жазыў, өзиңизди таныстырыў ҳәм сәўбетте өзиңизди қалай тутыў ҳаққында.
“Жеке Пикир” - Интервьюге қалай таярланамыз? 1-Бөлим
Интервьюге қалай таярланып баслаў керек? Биринши компания қандай сәўбет түрин өткеретуғынын билип алыў керек. Инсонг (인성) яки кисуль (기술)? Неше рет болады? Онлайн бола ма? Яки оффлайн? Кейин сол сәўбет түрине қарап таярлықты баслаймыз.
Кисуль (기술 - қәнийгелик билим) сәўбет ушын өзлериңиз қәнийгелигиңиз бойынша оқып таярланыўыңыз керек. Мен компьютер илиминен басқа қәнийгеликлер ушын бул интервьюге қалайынша таярланыўды айтып бере алмайман. Ең жақсы мәсләҳәтим - қәнийгелигиңиз бойынша оқып, таярланыў. Және мен таярлаған ‘лайфхаклар топламын’ жүклеп алып, оқып шығың. (Инстаграмда дембермес аккаунтыма жазың.)
Екинши, қәнийгелигиңизге қарамай барлық интервьюде тез-тез соралыўшы болған сораўларға бирме-бир жуўап таўып, таярланыў керек. Көпшилик жумыс (인성 아니면 일반) сәўбетинде кандидаттың минез-қулқы, характери, өткен ис-тәжрийбесине байланыслы болған сораўлар соралады. Ендигиден былай усы сәўбет (인성면접) түрине қалай таярланыў кереклиги ҳаққында жазаман.
Таярлықты қалай баслаў керек?
(Инсонг мёнжоп - 인성면접) Сәўбетке таярлықты қалай баслаў керек? Ең биринши усындай минез-қулық сәўбетлеринде көп соралатуғын сораўлардың дизимин дүзип аламыз. Төменде сондай сораўлардың 15 данасын инглиз ҳәм корейс тилинде келтирип өттим. Толық дизимин Инстаграмда дембермес аккаунтыма жазсаңыз, таслап беремен.
-
Please give us a brief self-introduction.
자기소개를 간단히 해주세요.
(Маған усы сораўды ҳәр интервьюге барғанымда береди.) -
What are your strengths and weaknesses?
자신의 장점과 단점은 무엇입니까? -
What motivated you to apply to our company?
우리 회사에 지원한 동기는 무엇입니까? -
How do you handle disagreements with a supervisor or colleague?
상사나 동료와 의견 차이가 있을 때 어떻게 해결하나요? -
What is the most important value you consider in a team project?/when you work?
팀 프로젝트에서/일할때 가장 중요하게 생각하는 가치는 무엇입니까? -
How do you manage stress when working under a tight deadline?
촉박한 마감 기한 내에서 스트레스를 어떻게 관리합니까? -
Tell us about a failure you experienced and how you overcame it.
실패했던 경험과 그것을 어떻게 극복했는지 말씀해 주세요. -
What would you do if you were assigned a task you have never done before?
한 번도 해보지 않은 업무를 맡게 된다면 어떻게 하겠습니까? -
Where do you see yourself in 5 or 10 years at this company?
5년 후 혹은 10년 후의 회사에서의 자신의 모습은 어떨 것 같습니까? -
What would you do if your supervisor gave you an order that you felt was unfair or wrong?
상사가 부당하거나 옳지 않은 지시를 내린다면 어떻게 하겠습니까? -
Why did you leave your previous job (or why are you looking to change)?
이전 직장을 그만둔(혹은 이직하려는) 이유는 무엇입니까? -
What is your opinion on overtime work if the project needs it?
필요할 경우 야근이나 주말 근무를 하는 것에 대해 어떻게 생각하십니까? -
Describe a time when you had to quickly learn and apply a new technology or programming language.
-
Why did you come to Korean?
왜 한국에 왔어요? -
Do you have any final words or questions for us?
마지막으로 하고 싶은 말이나 우리 회사에 대해 궁금한 점이 있습니까?
Үшинши, жоқарыдағы сораўларға бирим-бирим жуўап жазамыз. Ҳәр бир сораўға 1-2 минутлық жуўап жазып, ядлап таярланамыз. Мен өзим сол жуўапты ҳәм корейс, ҳәм инглиз тилинде жазып, ядлап таярланған едим. Басқа аңсат жолы жоқ. Интервью ушын да тестке таярланғандай етип таярланыў керек болады. Тап жуўапты сөзбе-сөз ядламасаң да, шамалап не деп жуўап бериўди билиўдиң де үлкен пайдасы бар. Сәўбет алыўшылардың алдында ҳаяжанланып көп нәрсени умытып, өзимизди жойтып қойыўымыз мүмкин. Сондай жағдайдың аз-маз алдын алыўға жәрдем беретуғын нәрсе бул таярлық.

Сонда қалайынша таярланамыз?
Демек, жоқарыдағы сораўларға қалайынша жуўап жазып таярланамыз? Биринши, жуўапты STAR форматында инглиз ҳәм корейс тиллеринде жазып шығамыз. STAR форматы дегенимиз не?
STAR форматы бул интервью ўақтында берилген сораўларға мазмунлы, тәртипли ҳәм исенимли жуўап бериў ушын қолланылатуғын халық аралық стандарт есапланады. Бул формат арқалы сиз өз тәжрийбеңизди жақсы түсиндирип бере аласыз. Мәселен, сизге мына сораўды берди деп алайық: “Tell us about a failure you experienced and how you overcame it.”
Досларыңыз бенен отырыспақта отырғандай етип жуўап бердиңиз дейик: “Hmm... Алдынғы жумыста ислегенимде... Ол ўақытта қатты қыйын болды. Не қыларымды билмедим. Бирақ бар күшимди жәмлеп, ҳәрекет етип, сәтсизликти жеңип өттим. Қатты ҳәрекет еттимғо.” Бул жуўапты рәсмий сәўбетте ҳасла айта көрмең. Басқалар нени түсинди деп ойлайсыз? Ҳеш нәрсени. Соның ушын STAR форматын үйрениў лазым.
Бул термин 4 инглизше сөздиң бас ҳәриплеринен қуралып, ҳәр бир бөлим жуўаптың белгили бир бөлшегине жуўап береди:
1. S — Situation (Жағдай)
Жуўапты баслағанда, сол ўақытта жүз берген жағдай ҳаққында қысқаша мағлыўмат бересиз. Қай жерде, қашан ҳәм қандай шараятта болғанын түсиндиресиз. “Қайсы компанияда ҳәм қандай жойбар (проект) үстинде ислеп атырған едиңиз?” Бирақ жағдайды таныстыраман деп, тарийхты айтып кетпең. Илажы барынша қысқаша етип түсиндириң.
2. T — Task (Ўазыйпа)
Сол жағдайда сизиң алдыңызда турған конкрет машқала яки ўазыйпа не еди? Сиз нени шешиўиңиз керек еди? “Қандай қыйыншылық туўылды яки сизге қандай тапсырма берилди?” Қандай машқала туўылғанын, қандай сәтсизликке ушырағаныңызды, яки қандай қыйын ўазыйпаны орынлаўыңыз керек болғанын айтып бериң. Бирақ, жуўабыңыз созылып кетпесин.
3. A — Action (Ҳәрекет)
Бул ең әҳмийетли бөлим. Сиз сол ўазыйпаны орынлаў ушын конкрет не иследиңиз? Қандай технологияларды қолладыңыз яки қандай шешим қабылладыңыз? “Машқаланы шешиў ушын сиз өзиңиз не қылдыңыз? Қасыңыздағыларға қалай жәрдем бердиңиз?”
4. R — Result (Нәтийже)
Ҳәрекетиңиз қандай жуўмақ алып келди? Қандай жетискенликке еристиңиз? (Илажы болса, санлар менен көрсетиң: “процесс 20% тезлести” яки “қәтелер саны азайды”). “Сизиң ҳәрекетиңиз/талпыныўыңыз себебинен компанияға яки жойбарға қандай пайда келди?”
Пайдалы мәсләҳәт: “STAR” форматында жуўап жазыўға қыйналсаңыз, биринши сол жуўапты қарапайым тилде жазып шығың. Кейин AI (жасалма интеллект) жәрдеминде STAR форматына салып, дүзетип алың. Екинши, сол жазып таярлаған жуўапларымызды инглиз ҳәм корейс тилинде ядлаймыз. Не ушын еки тилде? Мен қатнасқан интервьюлерде базыда еки тилде жуўап бериўге туўры келген. Егер корейс тилин билсеңиз, сәўбетте де корейсше жуўап бериўге ҳәрекет етиң. Интервью алыўшылар алдында ‘плюс’ болады.

Сәўбетте өзимизди қалай тутамыз?
Сәўбеттен жақсы өтиў бул сораўларға тек дурыс жуўап бериў дегени емес. Өзимизди таныстыра билиў, басықлы тута билиў, анық-тинық сөйлей алыў, күлип қараў ҳәммеси интервьюдиң сәтли өтиўине жәрдем беретуғын факторлар есапланады.
- Сәўбет алыўшыларға беретуғын дәслепки тәсир (first impression) өте әҳмийетли. Сиз корея компаниясына кириў ушын интервью тапсырып атырсыз. Демек, интервью бөлмесине кирип келип, сол жерде отырғанларға 15-30 градус шамасында ийилип сәлем беремиз. Усыны ‘биринши тәсир’ деп алсақ болады. Аўылда жасы үлкенлер бизлерди ‘сәлеми дүзиў ме?’ деп сынға аладығо. Қай жерге барсаңыз сол орталыққа сай етип сәлем бериў де ҳүрмет ҳәм әдептиң бир көриниси. (”Неге бундай тәбийий нәрсени үйретип атырсаң???” деп енсеңиз қатыўы мүмкин. Аўа, бирақ албырағанынан не қыларын билмей, үндемей қалатуғын кандидатларды да бираз көрдим.)
- 1-2 минут даўамында өзимизди таныстырамыз. Жоқарыда мына сораў миннетли түрде соралады деп айтқан едим: “Please give us a brief self-introduction. 자기소개를 간단히 해주세요.” Әлбетте (ҳеш болмаса!) усы сораўға 1-2 минутлы жуўап жазып таярлап, ядлап жүриң. Дәслепки унамлы тәсир бериўге ҳәрекет ете алатуғын жеримиз усы өзимизди таныстыратуғын бөлим есапланады. Өзимизди таныстырыўды корейсше чагисогэ (자기소개) деп атайды.
Есиңизде болсын:
- 1. Шежиремизди айтыў шәрт емес.
- 2. 3-минуттан артық созып жибериў де мақул емес.
- 3. Резюмеде жазылған нәрсени бирме-бир айтып өтиў шәрт емес.
Өзиңизди таныстырғанда төмендеги бөлимлерге итибар бериң:
- A. Профессионал тараўда ким екениңизди таныстырың.
- Болмайды: -> Сәлем. Мен Меҳрибанман. Сол Кореяда жасайман. Жумыс излеп атырман.
- Болады: -> Мен Кореяда 5 жылдан берли программист сыпатында жумыс ислеп келемен. Атым Меҳрибан. (Және бир еки қосымша++)
- B. Профессионал тараўдағы бир жетискенлигиңиз ҳаққында айтып өтиң. Алдынғы жумысыңызда не қылдыңыз? Егер оқыўды енди питкерген студент болсаңыз, оқыў даўамында не қылдыңыз? Нени талпынып, күшиңизди берип қылғаныңызды, қандай нәтийжеге ерискениңизди, ҳәм сол нәрсе ҳәзир тапсырып атырған қәнийгеликке қандай байланысы бар екенлигин де аз-маз айтып өтсеңиз өте жақсы болады.
- C. Не ушын усы компанияға тапсырып атырғаныңызды да айтып өтсеңиз болады. Егер конкрет себеп таўып айта алсаңыз жүдә мақул болады.

Дене ҳәрекетимиз қандай болыўы керек?
Тилиңиз шүлдирлеп корейсше яки инглизше сөйлеп турса да, дене ҳәрекетиңиз, көзлериңиз яки мимикаңыз бенен басқа нәрсеге ымлап турған болыўыңыз мүмкин. Соның ушын төмендеги мәсләҳәтлерге қулақ салыўға ҳәрекет етиң:
- Көзиңизди алып қашпаң. Сәўбет алыўшыларға да қарап, итибар берип еситип атырғаныңызды көрсетип турың. Еситип, қабыллап атырғаныңызды көрсетиў ушын арасында басыңызды ийзеп турың.
- Сораўларға жуўап бергениңизде аз-маз күлимсиреўди умытпаң. ‘Poker face’ти сақлаўға ҳәрекет етиң. Сораўға жуўап билмей қалсаңыз, албырап, нервиңиз шығып, қабағыңыз үйилип қалмасын. Бет-әлпетиңиз, мимикаңызды турақлы услап турыўға ҳәрекет етиң. (Айтыўға аңсат)
- Қолларыңызды дизеңиздиң үстинде ямаса столдың үстинде услап отырың. Ручка ямаса шашыңызды ойнап отырмаң.
Сораўға жуўапты билмей қалғаныңызда?
Жуўабын билмейтуғын сораў берилиў итималлығы өте жоқары. Интервьюде ҳаяжаннан билетуғын нәрсени умытып қалыў мүмкин. Сондай ўақытта дүрст еттирип ‘Билмеймен!’ деў мақул емес. ‘Ҳәзир дурыс жуўапты билмей турман. Еле бул тема бойынша үйренип көремен.’ деп жуўап берген мақул. ‘Анық билмеймен, бирақ көбинесе соған уқсас жағдайларда мына нәрсени қылатуғын едим.... ‘ деп басқа бар билимиңизге байланыстырып жуўап бериўге ҳәрекет етсеңиз де болады. Бирақ ядыңыздан тоқып кетпең. Билмейтуғын нәрсени ‘билмеймен’ деп айта алыў да ҳақыйқатгөйлигиңизди көрсетеди. Интервьюге қатнасқан көпшиликтиң алдынан билмейтуғын сораўы шығып турады.
Сәўбетте тек сизди баҳаламайды.
Интервью бул тек кандидатты баҳалайтуғын орын емес. Сиз де жумысқа тапсырған компанияңызды, сизден интервью алыўшыларды сынға алып, баҳалап алатуғын орын есапланады. 😎 Олар да сизди ҳүрметлеўи, ўақытыңызды қәдирлеўи, интервью алдынан дурыслы сораўларды таярлап келиўи шәрт. Интервью даўамында ҳүрмет көрмеген жерден, сол жерге жумысқа киргеннен кейин де ҳүрметке ерисиў қыйын. Интервьюдиң соңында өзиңизди қызықтырған сораўларды әлбетте сораң. Айлыққа байланыслы мәселени өз алдына интервьюден сәтли өткеннен кейин сөйлесиўиңиз лазым.
Интервьюге қалай таярланыў бойынша бергим келген мәсләҳәтлер ҳәзирше усылар. Басқа сораўларыңыз болса, мениң dembermes.coding instagram блогыма DM жиберип сорасаңыз болады.
Follow қылып, усы блог ҳаққында жақсы гәпиңизди басқалар менен бөлисиўди де умытпаң.
Алдыңғы ислериңизде сәт! 💪