44-блог: “Жеке Пикир” - Интервьюге қалай таярланамыз? 1-Бөлим / Intervyuge qalay tayarlanamız? 1-bólim

Кореядағы компанияларға жумысқа кириў ушын интервьюге қалай таярланыў, интервью форматы, басқышлары ҳәм сәўбетке не кийип барыў ҳаққында.

Кореяда университетте оқыўды питкерип, сол жердеги компанияларға жумысқа кириў ушын ҳәрекет етип атырған қарақалпақ студентлер де баршылық. Сол аўылдың қыз-жигитлерине пайдам тийсин деген мақсетте, Кореядағы 5-6 жыллық жумыс тәжрийбеме тийкарланып төмендеги блогларды жазып шықтым.

Көрип турғаныңыздай, ҳәммесин избе-из түсиндирип атырман. Биринши Кореядағы жумыс базары туўралы, шет елли студент ушын Кореяда турақлы, рәсмий жумыс табыўдың қыйыншылықлары, ҳәм Корея компаниялары ушын резюмени қалай жазыў керек екенлиги ҳаққында үйрендик. Усы блогта Кореяда рәсмий жумысқа кириў ушын интервью басқышына қалай таярланыў керек екенлиги ҳаққында жазып өтемен.

Кореядағы ески класс тақтасына интервьюге қалай таярланамыз деп жазып атырған ҳаял
헤이리 예술 마을 - 2026년

Резюме жиберген 100 жердиң биреўинен төмендеги хабар келди деп көз алдымызға келтирейик.

“서류 합격 축하드립니다. 1차 면접은 아래 장소와 시간 참고해주세요.”

(Аўдармасы: Резюме скринингинен өткениңиз бенен қутлықлаймыз! Биринши интервьюңиз мына жерде, мына ўақытта болады.)

Енди не қыламыз?

Енди интервьюге таярланамыз. Мен өзим Кореяда көп компаниялардың интервьюлерине қатнасып көрдим. Coupang деген үлкен IT компаниядан баслап, кишкене стартап компанияларға шекем. Сол жумыс сәўбетлерине қалай таярланғаным ҳаққында айтып бермекшимен. Билгениңиздей, мен программистпен. Программистлердиң өтетуғын сәўбети, ҳәм басқа кәсипкерлердиң өтетуғын сәўбетлери, ҳәммеси бир-биринен аз-маз парық қылады. Бирақ көпшилигинде улыўмалық қәсийет бар.

1. Интервьюден алдын не қылыў керек?

Егер ‘резюме скринингинен өттиңиз, интервьюге келиң’ деген мирәтти (email, sms, телефон арқалы) алсаңыз, тез ҳәм профессионал түрде жуўап қайтарыўға ҳәрекет етиң. Жиберген жуўабыңызда интервьюге мирәт еткенине раҳмет айтып, интервью болатуғын орын менен ўақытты және бир рет анықлап сорап алың.

Интервью орны: Анық қай жерде болады? Компанияның тийкарғы корпусында ма? Яки басқа филиалында ма? Егер үлкен имарат болса, нешинши этажда? Қайсы бөлмеде? Сол жерге барып болып, кимге хабарласыў лазым?

Интервью ўақты: Қайсы күни, саат нешеде болады? Басқа күнге қойыўға келиссе бола ма (егер зәрүрлиги туўылса)?

Жуўап үлгиси:

Инглиз тилинде:

Thank you for the invitation. I would like to confirm the interview on [Date] at [Time]. Could you please clarify if the interview will be held at [Location] and if there are any specific documents I should bring?

Корейс тилинде:

인터뷰 기회를 주셔서 진심으로 감사합니다! [날짜] [시간]에 인터뷰가 가능함을 확정 드리고자 연락드렸습니다. 인터뷰 장소가 [회사 주소/위치] 가 맞는지 다시 한번 확인 부탁드리며, 당일 제가 따로 지참해야 할 서류가 있는지 알려주시면 감사하겠습니다.

2. Интервью форматы қандай болады?

Кореяда интервью форматы төмендегише болыўы мүмкин:

  1. Жеке интервью (다대일): Сәўбет даўамында үш-төрт баслық сизиң бир өзиңизди отырғызып сораў береди.
  2. Группалық интервью (다대다): Сәўбетке сиз ҳәм басқа да жумысқа тапсырғанлар қатнасады. Бул дегени, үш-төрт баслық кандидатлардың 3-4еўин отырғызып қойып бирме-бир сораў береди.
  3. Дискуссия/Талқылаў (토론): Сәўбетке келген сиз ҳәм басқа да кандидатлардың үш-төртеўин жыйнап, ортаға сораў таслайды. Кандидатлар сол берилген сораўды додалаўы керек. Сәўбет алыўшылар кандидатларды еситип, баҳалайды.
  4. Басым астындағы сәўбет (압박 면접): Бул кандидаттың қыйын жағдайларда өзин қалай тутатуғынлығын ҳәм стресске шыдамлылығын тексериў ушын қолланылатуғын арнаўлы сәўбет түри. Бундай интервьюда сәўбет алыўшылар тынбастан, қаталлық пенен ҳәм жүдә қыйын сораўлар бериў арқалы кандидаттың “басымын арттырады”. Бундай қылыўының тийкарғы мақсети сизди қорқытыў емес, бәлки күтилмеген машқалалар туўылғанда қаншелли сабырлы ҳәм логикалық пикирлей алатуғынлығыңызды анықлаў/баҳалаў. Бундай сәўбетте илажы барынша өзиңизди жоғалтпай, сыпайылық пенен жуўап бериўге ҳәрекет етиў керек. (Айтыўға аңсат😔 )
Radiant Office дорамасындағы группалық жумыс интервьюси

Мениң өзим усы ўақытқа шекем тек жеке (ҳәм басым) интервьюлерге қатнасып көрдим. Мүмкин, шет елли кандидатлар ушын группалық ҳәм дискуссия интервьюлерди көп шөлкемлестирмейтуғын шығар.

3. Интервью неше басқыштан ибарат болады?

Кореядағы көпшилик компаниялар ушын интервью ең көби еки басқыштан ибарат болады. Бирақ, компанияның түрине қарап бул процесс төмендегише өзгериўи мүмкин:

  • Стандарт: Компаниялардың көпшилиги 2 басқышлы интервью өткереди. Биринши басқыш бул “Working-level” (기술 면접), яғный сизиң кәсиплик билимиңизди тексериў. Екинши басқыш бул “Executive” (인성 면접), яғный компания басшылары/менеджерлери менен болатуғын сәўбет. Базы компаниялар усы еки басқышты бир сәўбет түрине қосып, интервьюди тек бир рет өткереди.
  • Қурамалысы: Үлкен компаниялар ямаса IT компанияларда интервью 3-4 басқышқа дейин созылыўы мүмкин. Биринши басқышы онлайн тест/тапсырма, екиншиси кәсиплик билимди тексеретуғын сәўбет, және қосымша тест, баслық пенен сәўбет ҳәм басқа да сәўбет түрлери өткериледи. Базыда кишкене стартап компаниялар да 3 басқышлы сәўбет өткереди.

4. Қәнийгелик (기술) ҳәм минез-қулық (인성) интервьюлары дегенимиз не?

Дерлик ҳәмме Корея компаниялары еки басқышлы интервью өткереди. Яки усы еки басқышты бир интервьюдиң ишине қосып жибереди.

A. 기술 면접 бул кандидаттың қәнигелик билимин тексеретуғын сәўбет есапланады.

Бағдарламашы (программист), инженер, маркетолог, дизайнер, дилмаш, саўда-сатық қәнигеси ҳәм соған уқсаған жумысларға тапсырсаңыз, көпшилик жағдайда усы 기술면접 сәўбеттен өтиўиңиз керек болады. Бул ‘қәнийгелик сәўбеттиң’ тийкарғы мақсети сизиң әмелий билимиңизди/көнликпеңизди тексериў. Сонда не соралады?

  1. Қәнийгеликке байланыслы тийкарғы (яки жоқары басқыштағы) билим ҳәм көнликпелер: Маркетологтан AB тест не екенлиги ҳаққында сораўы мүмкин. Программисттен қандай да бир мәселени алгоритм жазып шешип бер деўи мүмкин.

B. 인성 면접 бул кандидаттың минез-қулқын тексеретуғын сәўбет есапланады.

Бул әдетте соңғы басқыш болады. Усы ‘минез-қулық сәўбеттиң’ тийкарғы мақсети сиз компанияның корпоративлик мәдениятына қаншелли сәйкес келиўиңизди анықлаў болады. Қопал, әдепсиз, өтирикшисиз бе яки жоқ па соны тексереди. Кореяда көбинесе 인성 (инсаный минез-қулық) 기술дан (техникалық билим) жоқары турады. Себеби олар техникалық билимниң жетиспеген жерлерин үйретип алыў мүмкин, бирақ адамның минез-қулқын ямаса характерин өзгертиў жүдә қыйын деп есаплайды.

Radiant Office дорамасындағы басым астындағы жумыс интервьюси

5. Сәўбетке не кийип барыў керек?

Сәўбет бул рәсмий ўақыя болғанлығы ушын соған ылайық түрде кийинген жақсы. Базыда сәўбетке шақырған компанияның түрине қарап, не кийиўди билиўге болады.

  1. Банклер, финанс шөлкемлер: Бастан аяққа шекем өте рәсмий түрде кийинген мақул. (Еркеклер - костюм шалбар, ҳаяллар - кофта, юбка/классикалық шалбар)
  2. IT, маркетинг, саўда-сатық ҳәм соған уқсаған компаниялар: Сәўбетке барғанда еркин рәсмий стилде (business casual) кийинген жақсы. ‘Аппақ көйлек, қара шым, туфли’ кийиў шәрт емес. Бирақ спортивка, жыртылған джинсы шалбар, мини юбка, яки көзге қатты тасланатуғын кийимлерди де кийиў мақул емес. Мәселен, мен ҳәр дайым интервьюға барғанда қара шалбар, водолазка ҳәм кроссовки кийетуғын едим.
Жумыс интервьюсине түрли кийимде келген кандидатлар