43-блог: “Бэкенд” - API дегенимиз не? 2-Бөлим / API degenimiz ne? 2-bólim

API key, endpoint, параметрлер, Public ҳәм Private API, HTTP методлары, request, response ҳәм статус кодлар ҳаққында түсиник.

“Бэкенд”- API дегенимиз не? 1-Бөлим

Төменде жуўап жазып өттим:

Сораў: Пайдаланыўшының өзи гидро-мет берген мағлыўматты көрсе болмай ма?

Жуўап: Болады. Бирақ, гидро-мет орайы ҳаўа райы туўралы мағлыўматты пайдаланыўшы ушын қолайлы ҳәм аңсат етип жеткерип бермейди. Гидро-мет ‘шийки мағлыўмат’ береди. Ол төмендеги көринисте болыўы мүмкин.

{
  “city”: “Nukus”,
  “coordinates”: {
 
      “lat”: 42.46,
      “lon”: 59.60
},
 
  “weather”: [
   {
     “main”: “Clear”,
     “description”: “clear sky, sunny”
    }
 ],
“main_metrics”: {
    “temp”: 22.5,
    “feels_like”: 21.0,
    “humidity”: 30,
    “pressure”: 1012
},
 
“wind”: {
“speed”: 5.2,
“direction”: “NW”
},
  “status”: 200
}

Жоқарыдағы мағлыўматты сиз, биз түсинсек те, көпшилик адам қалай оқып, түсиниўди билмейди.

Сиз жаратып атырған қосымша (программа), усы ‘шийки мағлыўматты’ алып, жөнлеп, сулыўлап, қуяш, көк аспан ҳәм басқа иконкаларды қосып, бир қараса түсип алатуғын етип жеткерип береди. Бул сизиң қосымшаңыздың қуны.

Сораў: Гидро-мет берген мағлыўматты қалай аламыз?

Жуўап: Гидро-меттиң программасы Python тилинде жазылған болыўы мүмкин. Бизлердиң қосымшамыз Kotlin-де жаратылған деп алайық. Усы еки түрли тилдеги программа бир-бири менен API арқалы сөйлеседи. Сиз Гидро-мет орайына “Нөкис қаласында ҳаўа райы қандай?” деген сораў (Request) жибересиз. API бул сораўды орайға жеткереди. Орай мағлыўматты тексереди ҳәм API арқалы сизге жуўап (Response) қайтарады. Бул процесс жүдә тез, миллисекундлар ишинде әмелге асады.

API-дан қалай пайдаланамыз сонда?

Жоқарыдағы мысалды даўам етемиз.

Биринши, гидро-мет программасы API-ды қандай усылда инәм етиўин үйрениўимиз, яғный олардың API документациясын оқып шығыўымыз керек. Пал ашып, API жазып, гидро-меттен мағлыўмат сорай алмаймыз. Олардың жазып қойған API документациясын оқып, танысып аламыз.

API документация бул қандай бағдарлаўшы мәнзиллердиң (endpoints) ашық екени, қандай параметрлерди жазып жибериўге болатуғыны туўралы қолланба болады.

API қолланбаны сол ресторандағы менюге уқсатыўымызға болады. Менюде бар нәрсени сорай аламыз. Корейский ресторанға келип, гүртик яки қармаға заказ бере алмайман.

Ресторанда меню арқалы заказ бериў мысалы ушын таярланған аўқат

Төменде OpenWeather деген жердиң API документациясынан скриншот келтирдим.

OpenWeather API документациясындағы API сораў мысаллары

Екинши, гидро-меттен API key-ди яғный API-дан пайдаланыў ушын ‘рухсат’ сораймыз. API key бул API гит деген мәнисти билдиреди. Оны бизлердиң сол API-ды еркин қолланыў ушын пайдаланатуғын “санлы паспортымыз (цифровой паспорт)” сыпатында қараўымыз мүмкин.

Неге гидро-мет API key береди? Гидро-мет бул ‘кәрўан сарай’ емес. Олар да өзлерин қорғаўы, ҳәм ҳаўа-райы мағлыўматынан кимлер пайдаланып атырғаны ҳаққында билип отырыўы керек. Көпшилик жағдайда, бизлер мағлыўматтан пайдаланыў ушын API key-ди сатып аламыз. Егер API key болмаса гидро-метке уқсаған серверлер мағлыўмат бермейди.

Соның ушын API key-ди ҳәр дайым сыр сақлаўымыз керек. Егер, сол ‘цифровой паспортымызды’ басқа биреў билип қойса, олар енди ‘еккенде жоқ, тиккенде жоқ, қырманда таяр’ болып, мағлыўматтан арқайын пайдаланып отырады.

Үшинши, керекли бағдарлаўшы мәнзилди (endpoint) таўып аламыз. Гидро-мет ҳаўа райынан басқа да мағлыўматты усыныўы мүмкин. Жергиликли тәбият бойынша мониторинг, тәбийий апатшылық ҳәм соған уқсаған түрли мағлыўматларды жеткереди.

API документацияны оқысақ қайсы “endpoint” бизлерге зәрүр мағлыўматты жеткеретуғынын билип аламыз.

Мәселен,

Бүгинги күнниң ҳаўа райын билиў ушын мына endpoint:

api.gidromet.uz/v1/current

Бес күнлик ҳаўа райы туўралы билиў ушын мына endpoint:

api.gidromet.uz/v1/forecast/5

Мине усы жоқарыдағы URL мәнзилди API деп атайды. (Әлбетте бул қыялый URL мәнзил.)

Төменде AccuWeather деген компанияның инәм ететуғын ҳақыйқый API endpoint-ти жазып кеттим:

https://dataservice.accuweather.com/forecasts/v1/daily/1day/349727

Усы жерде ең соңғы 34927 саны бул New York қаласы ушын анықлаўшы код. Демек, жоқарыдағы API New York қаласы ушын күнлик ҳаўа райы мағлыўматын сораўға болатуғын endpoint.

Төртинши, API арқалы мағлыўматты алыў ушын параметрлерди дурыслап жибериўимиз керек. Тек жоқарыдағы ‘endpoint’ларды билиў жетерли емес. Олардан нени қалай сорай алатуғынымыз ҳаққында да билиўимиз керек болады. Мәселен, гидро-метке API-ди төмендегише сазлап жибериўимиз мүмкин:

api.gidromet.uz/v1/current?city=Nukus&units=metric&apikey=XYZ123

Мына бөлекти параметр деп атайды:

?city=Nukus&units=metric&apikey=XYZ123

(city=Nukus) Қаланы Нөкис деп белгиледик,

(units=metric) Ҳаўа райын Цельсийде көремиз деп алдық,

(apikey=XYZ123) API Key-ди де белгилеп өттик.

Демек, API-дан пайдаланыў бул бир нәрсени сораў ушын рәсмий хат жибергенге уқсайды.

  • Хаттың мазмунын жазамыз (Параметр)
  • Адрести жазамыз (Endpoint)
  • Қол қоямыз (API key)

API түрлери (Private & Public)

Биринши бөлимде API-ды архитектурасына қарап бир неше түрлерге бөлдик. Енди API-дан ким пайдаланатуғынына қарап еки түрге бөлемиз.

Public API

Егер қандай да бир компания инәм ететуғын API-дан басқа жер жүзиндеги developer-лер де пайдалана алса, ол public (орталық) API болады. Developer сол API-дан пайдаланыў ушын жоқарыда айтып кеткен API key-ди сатып (яки бийпул) алады.

Мәселен: Google Maps, OpenWeather ҳәм соған уқсаған серверлер.

Private API

Private API деген терминди қарақалпақшаға аўдарсақ бул Жеке API дегени. Атынан көринип тур, бул API тек сол компанияның/сервердиң өзинің developer-лери сол компанияның программалары ушын пайдалана алады.

Мәселен: Instagram қосымшасы серверден мағлыўмат алыў/жибериў ушын, өзлериниң арнаўлы, жеке-меншик API-дан пайдаланады. Instagram-ның API документациясын да көре алмайсыз. Пул төлеп сатып ала алмайсыз. Соңлықтан, өзиңиздиң жеке Instagram қосымшаңызды да (приложение) жарата алмайсыз. Сизге рухсат жоқ.

Жеке-меншик API-лардан, сол қосымшаға (приложение) пайдаланыўшы (user) сыпатында логин қылып, пайдалана аласыз.

REST API дегенимиз не?

Жоқарыда айтып өткен едим. REST API бул HTTP деген протоколға тийкарланған.

HTTP-диң методларынан, статус кодларынан пайдаланады. Қалай қолланатуғынын төмендеги мысалларды оқып түсинип алайық.

Ең биринши бизлер сораўымыз керек. Сервер пал ашып бизлерге не керек екенин таўып берип отырмайды. Биринши сол серверден API арқалы сораўымыз керек.

Усы сораўды инглиз тилинде Request деп атайды. Серверден келген жуўапты Response дейди.

1. Request

Request (сораў) бөлими бағана айтып өткен параметр, API key, URL endpoint сыяқлы мағлыўматтан қуралады. Және усы ‘Request’ке HTTP методын да киритемиз.

“HTTP Метод деген не енди?” деп сораўыңыз мүмкин.

Бир серверден ҳәр түрли жол менен “ана файлды көрсет, мына файлды тасла, басқа файлды бер” деп сораўдың орнына енди ТЕК ҒАНА бир түрде “Мен сораған файлды алып кел” деп айтыўға ҳакқымыз бар. Ол сервер басқа “көрсет, тасла, бер” деген сөзлерди есапқа алмайды (түсинбейди).

Усы “алып кел” деген ҳәрекет “GET” метод деп аталады. get - бул “to get” инглизше сөз.

“GET” сыяқлы бир неше HTTP методлар бар: “POST”, “DELETE”, “PUT”...

Инстаграмда да сторис көремиз, яки өзлеримиз сторис жаратамыз. Сторис көргенимизде “GET” метод пенен HTTP сораў жаратып, сторисларды көремиз. Сторис қойғанымызда “POST” метод пенен HTTP сораў жаратып, стористи Инстаграмның дата базасына “сохранить” етемиз.

Инстаграмнан ески фотоны өширген ўақтымызда “DELETE” метод пенен HTTP сораў жаратып, дата базадан “удалить” етемиз.

Мәселен, instagram-да достымыздың ‘сторисин’ көргенимизде төмендегише API request жазамыз:

А. Instagram-дағы танысымыздың профилиниң үстине клик қыламыз.

Request:

GET /v1/stories?user_id=dembermes.coding
 
Host: privateapi.instagram.com
 
Authorization: Bearer JWT token
 
Accept: application/json

Жоқарыдағы бул GET request (сораў). GET request-те ‘body’ (толық сораў параметрлери) болмайды.

B. Instagram-ға сторис қоямыз.

Request:

POST /v1/stories/upload
 
Host: api.instagram.com
 
Authorization: Bearer JWT token
 
Content-Type: application/json
 
{
 
“image_url”: “https://storage.com/nukus-photo.jpg”,
 
“caption”: “Love Nukus!”,
 
“location”: “Nukus”
 
}

Жоқарыдағы бул POST request. Көрип турғаныңыздай, POST request-те ‘body’ (толық сораў параметри) бар болады. Сервер усы толық сораў параметрин мағлыўмат базасына сақлайды. Фотоңызды, кейин стористе не деп жазғаныңызды, яки музыканы, яки сөйлегениңизди мағлыўматлар базасына сақлап қояды.

2. Response

Instagram-ның серверине request жибергеннен кейин, ‘Ееей, болады’ деп қол қаўыстырып, стористиң пайда болыўын күтип отырмаймыз. Серверден келген жуўаптың түрине қарап, бизлер де ҳәрекет етемиз. Серверден response (жуўап) келеди. Усы жуўаптың ең бириншиси бул 3 цифрдан ибарат код есапланады.

Бул 3 цифрлы кодты ‘статус код’ деп те атайды. Жалпақ тилде сервердиң ‘кеўил-күйи’ деп көз алдыңызға келтирсеңиз болады. Сизиң сораған нәрсеңиз жақсы бежерилди ме, яки қәте шықты ма, қәте шықса ким себепли келип шықты ҳәм соған уқсаған жағдайды код арқалы биринши көрсетеди.

Базыда базы бир вебсайтларды көргениңизде мына 404 деген веб-бетти көргенсиз бе? Усы 404 те сервер жиберген статус код есапланады.

Алдыннан белгиленген статус код дизими бар. Қәлеген сервер қәлеген кодын жиберип отырмайды.

А. 200 ден басланатуғын код - “Ҳәммеси жақсы” 👍

Егер ‘response’-та 200 деген статус коды бар болса, бул ‘Сервер сизиң сораўыңызды жақсы түсинип, сораған нәрсеңизди әмелге асырды’ деген мәнисти береди. ‘Ҳәммеси сәтли өтти’ деген мәнисти береди.

Б. 400 ден басланатуғын код - “Сениң айыбыңнан усындай болды! 🤨”

Егер ‘response’-та 400 (яки 400ден басланатуғын) код бар болса, бул ‘Бизлер серверге жиберген сораўда қәте барлығы себепли, сервер сораған затымызды бежере алмады’ деген мәнисти береди.

Сонда интернетте тез-тезден көрип туратуғын 404 коды бизлердиң қәтемиз себепли келип шыға ма? Аўа.

404 Not Found статус коды көрсетилген веб-бет

404 Error (Табылмады) — бул қандай статус код?

Бул сервердиң: “Мен барман, ислеп турман. Бирақ сиз сораған мағлыўмат менде жоқ” деген жуабы.

Неге жүз береди?

  1. Мәнзилди (URL) қәте жазсаңыз.
  2. Сол веб-бет ямаса мағлыўмат өширип тасланған болса.
  3. Силтеме (link) ескирген болса.

В. 500 ден басланатуғын код - “Мениң айыбым себепли усындай болып атыр.😱”

Егер ‘response’-та 500 (яки 500ден басланатуғын) код бар болса, демек сервер себепли қәте келип шығып атыр дегени. Сервер истен шыққан болыўы да мүмкин. Яки басқа техникалық проблемалар бар болыўы мүмкин.

Мәселен, төмендеги статус кодлар тез-тезден көриўиңиз мүмкин. Соның ушын, олардың мәнислерин үйренип қойған жақсы.

HTTP статус кодлары ҳәм олардың қарақалпақша түсиндирмеси

Жуўмақ 😭

‘Ўайбу, оқып изине жете алмай кеттим ғо’ деп ойлап атырған болсаңыз түсинемен. Себеби мен де жазып қолым аўырды. (Ҳәзил)

Егер бирден ҳәммесин түсинбесеңиз, хапа болмаң. Кейинлеў бирге әпиўайы API жазып, проект ислеп көремиз. Сол ўақытта аңсатлаў түсинесиз.

Демек, усы стандартласқан API методлар ҳәм статус кодлардан пайдалансақ, дүньяның қәлеген жериндеги программист бизлер инәм ететуғын API-дан пайдалана алыўын тәмийинлеймиз.