42-блог: “Бэкенд”- API дегенимиз не? 1-Бөлим / API degenimiz ne? 1-bólim
API дегенимиз не, ол фронтенд пенен бэкендти қалай байланыстырады ҳәм күнделикли пайдаланатуғын сервислеримизде қандай хызмет атқарады?
Қурамаластырып айтқанда API (ЭйПиАй) бул ‘Application Programming Interface’ деген терминниң бас ҳәриплеринен қуралып, программаның интерфейси деген мәнисти береди.
Түсиндиңиз бе? Өзиңизди қыйнамаң. Ҳеш ким жоқарыдағы гәпти оқып, түсинип кетпеген.
API-ды адамға уқсап түсиндириў ушын усы блогты жазыўға қәрәр еттим. API бул заманагөй интернетти жабыстырып турған ‘клей’ деп алсақ болады. API бул фронтенд ҳәм бэкендти байланыстыратуғын ‘көпир’ десек болады.
API-ды түсиниў ушын фронтенд пенен бэкендтиң не екенин билиўиңиз керек болады.
Төмендеги блогты оқып шығың.
1-блог: Фронтенд, бэкенд дегенимиз не? / Front-end, Back-end degenimiz ne?
Жоқарыдағы блогларда фронтендти ресторанның ишки ҳәм сыртқы интерьерине уқсатқан едик.
Бэкендти ресторанның асханасына теңедик.
Усы ресторанның ишинде API-дың орны бар ма?
Аўа, API бул официантлар.

“Және ресторан ба?” деп ойларсыз. Расы, фронтенд, бэкенд ҳәм API-ды ‘ресторандай’ етип аңсат түсиндиретуғын қарапайым мысалды табыў қыйын.
Пайдаланыўшы (Клиент) -> Ресторанға келип, столға отырдыңыз. Менюди көрип басладыңыз.
Сервер (Кухня) -> Сизди заказ етпекши болған тағамды таярлаў ушын керек азықлықтың барлығы бар. Аспазлар таяр тур. Бирақ сиз бул кухняға кириўиңизге рухсат жоқ.
API (Официант) -> Официантқа заказыңызды айтасыз. Ол сизиң сорағаныңызды кухняға жеткереди. Аспазлар аўқатты писиреди. Кейин официант таяр аўқатты сизге алып келип береди.
API-дан күнде пайдаланамыз
“Қанша ресторанды айтсаң да түсинбедим” деп ойлап атырған шығарсыз. Бирақ сиз күнде API-дан билип-билмей пайдаланасыз. Қалайынша?
- Базы бир вебсайтларға Google яки Facebook арқалы логин қылып көргенсиз.
- Телефоныңызда ҳаўа райының қандай екенин (яки ҳаўаның қаншелли патаслығын) көргенсиз.
- Банктиң қосымшасынан пайдаланып, басқаларға пул жиберип, алып көргенсиз.
- Google map яки Yandex taxi-ден пайдаланып көргенсиз.
- Сум яки доллардың курсын тексергенсиз.
Көбинесе, жоқарыдағы хизметлерди инәм ететуғын сервислер API-дан пайдаланады.
API дегенимиз не?
API бул программаны ислеп шығыўға, интеграциялаўға жәрдем беретуғын қағыйдалар ҳәм протоколлар топламы болып есапланады. Оны арасында мағлыўмат жеткериўши (программа, қосымша) ҳәм мағлыўматтан пайдаланыўшы ортасындағы шәртнама деп те атайды. Бул шәртнама пайдаланыўшыдан қандай мағлыўмат керек екенлигин ҳәм жеткериўши оған жуўап ретинде нени қайтарыўы тийис екенин белгилеп береди. Мәселен, ҳаўа райы сервиси ушын API қағыйдасы төмендегише болыўы мүмкин:
Пайдаланыўшы турған жериниң индекс кодын жибереди, ал сервис оған жуўап ретинде ең жоқары температура менен ең пәс температурны жибереди.

“Мен ондай ҳеш нәрсе жиберип атырғаным жоқ” деп ойларсыз. Сиз емес, сиз телефоныңызда пайдаланатуғын ‘Ҳаўа райы’ приложенииеси өзи автомат түрде сиз турған жердиң индекс кодын жиберип тур.
Демек, API-ды пайдаланыўшылар (клиентлер) ҳәм олар алыўды қәлейтуғын ресурслар яки веб-хизметлер арасындағы “дәлдал” сыпатында елеслетсеңиз болады.
Сондай-ақ, API бул компаниялар ушын өз ресурслары ҳәм мағлыўматлары менен бөлисиўдиң қәўипсиз жолы есапланады. API арқалы компания өзинің мағлыўматларын қорғайды, оны қадағалайды ҳәм аутентификацияны орнатады. Яғный, кимге қандай мағлыўматқа рухсат бериў кереклигин өзи белгилейди.
Сонда, қай жердедир сизиң смартфоныңыздағы «Ҳаўа райы» приложениесине API жәрдеминде үзликсиз ҳаўа райы мағлыўматын жеткерип турған сервер бар. Сол сервер менен байланысыўдың бирғана жолы бул API. Сиз оннан сорайсыз, ол сизге жуўап береди.
Усы API-дың бир қанша түрлери бар. Дүзилисине қарап, API-ды төмендеги түрлерге бөлемиз.
- REST
- SOAP
- GraphQL
- gRPC
Усы API-лардың ишинде ең көп қолланылатуғыны бул REST API. Күнделикли пайдаланатуғын вебсайт ҳәм қосымшалардың дерлик 90% усы REST API-дан пайдаланады. Бирақ, ең жақсы, ең зор API түри жоқ. Ҳәр бириниң өзине жараса пайдаланылатуғын орны бар. Бирақ, сол ҳәммеси бир хизметти атқарыў ушын жаратылған. Яғный, клиент ҳәм сервер ортасында мағлыўмат алмасыў жәрәянын стандартластырыў.
Демек, бүгин бизлер REST API ҳаққында үйренемиз. Усы API методы туўралы үйрениўден алдын, төмендеги блогты оқып шығыўды усыныс етемен. HTTP ҳаққында түсиндирген едим. Себеби, REST бул HTTP деген протоколға тийкарланған.
HTTP бул интернеттиң тийкарғы байланыс протоколы. REST API усы байланыс протоколынан пайдаланатуғын ‘алыс-берис’ түри.
Базыда, программистлер HTTP менен Rest API-дың ортасында не парық бар өзи деп ойлап қалыўы да мүмкин. Төмендеги мысал жәрдеминде бир түсинип көрейик.
HTTP протоколын ‘қарақалпақ’ тили деп алсақ, REST API бул жанр. Мәселен, қарақалпақ тилинде муҳаббат, мистика, драма, яки дәстан жазыў мүмкин.
Яқшы, төмендеги практикалық мысалды оқып шығайық.
Сиз ҳаўа райын көрсетип беретуғын қосымша жаратып атырсыз деп алайық. Ҳаўа райы ушын мағлыўмат жыйнаў қаншелли қыйын екенин билесиз.

Ҳәр бир район-қаладағы ҳаўа райын өзилеримиз бақлап, жыйнап отырыўға бюджетимиз жетпейди. Соның ушын гидро-метеорология орайының хизметинен пайдаланамыз. Олар өзлериниң арнаўлы қурал-әсбаплары арқалы ҳәр бир ел, қала ҳәм регионлардағы ҳаўа райын гүзетип, мағлыўмат жыйнап отырады. Олар усы мағлыўматты онлайн тәризде инәм етиўи мүмкин. (OpenWeather, AccuWeather сыяқлы вебсайтлар)
Сизиң жумысыңыз енди әдәўир аңсатласты. Гидро-мет орай инәм ететуғын мағлыўматты алып, клиентиңизге жеткерип берсеңиз болады.
Ҳазир сизде еки дана сораў туўылыўы мүмкин:
- Пайдаланыўшының өзи гидро-мет берген мағлыўматты көрсе болмай ма?
- Гидро-мет берген мағлыўматты қалай аламыз?
Жоқарыдағы еки сораўға жуўапты усы блогтың екинши бөлимин оқып билип аласыз.