41-блог: Бэкендти (Backend) үйрениў ушын не қылыў керек? / Backendti úyreniw ushın ne qılıw kerek?
Бэкенд девелопер, мағлыўматлар базасы администраторы, DevOps/SRE ҳәм Security инженерлер не ислейди ҳәм бул тараўларды үйрениў ушын нелерди билиў керек?
Мен бул тема бойынша көп жаздым.
- Фронтенд, бэкенд дегенимиз не?
- Вебсайт жаратыў ушын нелерди үйрениўим керек?
- Бэкендти қалай үйренемиз?
Бул блогта қосымша бир-еки нәрсени түсиндириўге ҳәрекет етемен. Себеби, соңғы бир-еки жыллықта технологиялар әлеминде көп жаңалықлар жүз берди. Солардан ең үлкени бул жасалма интеллект. Жасалма интеллекттиң Бэкенд ке қандай тәсири бар деп ойларсыз? Оқыўды даўам етсеңиз билип аласыз.
Биринши бэкендтиң өзи не екени ҳаққында еле түсинигиңиз аз болса, төмендеги блогты оқып шығың.
Алдынғы блогта фронтендке мысал ретинде Нөкистеги белгили бир ресторанның ишки интерьерин көрсеткен едим. Өте жақсы UI/UX. Бирақ ресторанның тийкарғы хизмети бул мазалы аўқат ҳәм ишимлик инәм етиў. Егер сондай ресторанның асханасы болмаса, аўқат писиретуғын аспазлары болмаса, сулыў интерьердиң кереги болмай қалады.

Тап сондай, суп-сулыў вебсайтымызда керекли мағлыўматты қайта ислеп, сақлап, излеп, жеткерип беретуғын бэкенд тәреп жоқ болса, вебсайтымыз “бир қарап кететуғын банер” сыяқлы болып қалады.
Бэкенд девелоперлер төмендеги машқалалар үстинде ислейди:
- Мағлыўматларды сақлаў: Пайдаланыўшыға тийисли ҳәм пайдаланыўшы тәрепинен жаратылған мағлыўматларды қәўипсиз түрде сақлаў.
- Программа қағыйдалары/логикасы: Программа, вебсайт, қосымшаның логикасы/қағыйдалары (Мәселен, смартфонда банктиң программа/қосымшасынан пайдаланғанда балансымыздағы суммадан артық ақшаны шешип ала алмаймыз. “Ҳаў, анық нәрсе емес пе?” деп ойларсыз. Усы қағыйда Бэкенд тәрепте енгизилген болады.)
- Қәўипсизлик: Пайдаланыўшыға тийисли мағлыўматларды басқа адамлар көриўиниң алдын алыў.
Бэкенд әдәўир қурамалы тараў. Үлкен сервис вебсайтлардан пайдалансаңыз, оларды тек бир бэкенд программист жаратпаған. Бэкенд деген “зонтик атама” астында бир қанша маманлар бирге ислескен. Қандай маманлар?
Бэкенд девелоперлер
Бэкенд девелоперлер программаның мәнисин (логика/қағыйдасын) жазады. Олар API жаратады. API не екенин келеси блогта түсиндиремен. Олар фронтенд тәрептен келген мағлыўматты сазлап, базаға сақлайтуғын код жазады. Және фронтенд сораған мағлыўматты базадан излеп, фронтенд тәрепке жеткерип беретуғын код жазады.

Бэкенд девелопер болыў ушын нени үйрениўим керек?
Анық жуўап бериў қыйынлаў. Себеби көплеген бағдарлама тиллери бэкенд ушын да қолланылыўы мүмкин. Фронтенд HTML/CSS/Javascript, React/TypeScript, PHP яки басқа тиллерде жазылса, бэкенд және де көп тиллердиң биреўинде жазылған болыўы мүмкин. Солардан ең кең тарқалғанлары төмендеги бағдарлама тиллери болып есапланады:
- Java
- Python
- Go
- .Net
- Node.js
- Kotlin
- C#
- …
Жоқары тиллердиң бир-екеўин үйрениўиңиз керек болады. Ҳәммесин үйрениўиңиз шәрт емес. Көп тиллерди сайыз билгеннен көре, бир тилди терең билген ең жақсы.
Усы тиллерди үйренсеңиз, веб frameworkларға дус келесиз. Оларды да үйрениў лазым. Веб frameworkлар бэкенд код жазыўды және де жеңиллестиретуғын қураллардан бири. Мәселен, қуры Java тилинде бэкенд код жазыў көп ўақытты талап етип, әдәўир қурамалы болыўы мүмкин. Соның ушын усы Java ушын арнаўлы жаратылған Spring деген frameworkтан пайдаланып, бэкенд ушын код жазамыз. Басқа тиллер де Spring-ға уқсаған frameworkларды инәм етеди.
Төмендеги блогта толық нени үйрениў кереклиги ҳаққында жазып өткен едим.
‘Бэкенд не екенин түсингендеймен’ деген ўақтыңызда өзиңиз бир аңсатлаў проект үстинде ислеп баслаң. Соның бэкенд тәрепин жаратып көриң. API жаратың. Мағлыўмат базасы менен ислесип көриң. Кейинги видеоларда фронтенд ҳәм бэкенди бар бир қарапайым вебсайт жаратып үйретемен.
Жасалма интеллекттиң тәсири:
Не қылайын, бэкенд девелопер болайын ба?
Ҳәзир анық бир нәрсе деп айтыў қыйын заман болды. Жүз оқып, мың ҳәрекет ет дегеним менен, ертең сол маманлық жасалма интеллект тәрепинен “ийелеп” алыныўы да мүмкин. Бул дегени нан табыў ушын ислейтуғын жумысыңызды енди жасалма интеллект қылып отыр. Ҳәммемиз жасалма интеллект жәрдеминде фото, музыка, текст жаратып көрдик. Жасалма интеллекттиң және бир жақсы қылатуғын нәрсеси бул бэкенд код жазыў. Ол мағлыўматлар базасын сазлайтуғын буйрықларды (CRUD) қәлеген бэкенд тилинде бир заматта жазып таслайды.
Ҳәзир ҳәммеде бир сораў. Сонда бэкенд девелоперлерге жумыс қалмай ма? Жасалма интеллект девелоперлердиң орнын аўыстырып таслай ма? Бул сораўларға анық жуўап табыў қыйын. Ертең компьютер илими қалай өзгеретуғыны белгисиз. Бирақ бэкенд девелопер сыпатында жасалма интеллект әмелге асыра алмайтуғын нәрселерди таўып үйренип, ислеў пайдалы. Жасалма интеллекттиң “күши” жетпейтуғын бир-еки машқалалар бар:
- Қурамалы ҳәм өнимли бизнес қағыйдаларды жаратыў
- Сервистиң (вебсайт, қосымша яки программа) қәўипсизлигин тәмийинлеў
- Сервистиң (вебсайт, қосымша яки программа) архитектурасы менен ислесиў
- Сервистиң (вебсайт, қосымша яки программа) жақсы ислеўин тәмийинлеў
- Сервистиң ишинде жүз беретуғын қәтелерди дурыслаў, сервис сипатын жақсылаў
- Жасалма интеллект тәрепинен жазылған кодты бақлаў ҳәм сазлаў
ҳәм тағы басқа...
Усы мәселелер үстинде бас қатырыў ушын да бэкенд ҳаққында үйрениўиңиз керек болады.
Ең биринши калькулятор шыққан ўақытта, көпшилик “Математиклерге енди жумыс қалмайды” деп айтқан уқсайды. Көрип турғаныңыздай, калькулятор бир қуралға айланды ҳәм математиклер қосымша басқа машқалаларды шеше баслады.
Мағлыўматлар базасы администраторы (Database Administrator)
Мағлыўматлар базасы (database) менен ислесиў бул үлкен жумыс. Мағлыўматлар базасы администраторы (қысқаша, МБА) бул компанияның мағлыўматлар базасы тез ислеўин, тәртиплескен болыўын тәмийинлейди. Бирақ, бул маман ҳәмме IT компаниялардан табыла бермейди. Көпшилик жерде МБАлардың жумысын бэкенд девлер қосып ислейди.
Базы бир компаниялардың database серверлери жүдә көп болады. Сол ўақытта мағлыўматлар базасы администраторына мүтәжлик туўылады.

Олар не ислейди:
- Мағлыўматлар базасы серверин жаратады, жөнлейди ҳәм қадағалайды
- Мағлыўмат базасында скималарды (schema) жаратады
- Серверде мағлыўмат излеў, сақлаў, өшириў тезлигин сазлайды
- Мағлыўматлардың пүткүллей өшип кетиўиниң алдын алады
- Талапқа жараса сервердиң санын көбейтеди, азайтады
- Бир қанша датабейс түрлери менен ислесип биледи
- Датабейс серверин орнатып, иске қосып, сазлап биледи ҳәм тағы басқа
Пайдаланатуғын ‘қураллары’ төмендегише болыўы мүмкин:
- SQL
- PostgreSQL
- MySQL
- MongoDB
- Oracle ҳәм тағы басқа
Мағлыўматлар базасы администраторы болыў ушын нени үйрениўим керек?
Жоқарыдағы қуралларды үйрениўиңиз зәрүр болады. Көбинесе, ҳақыйқый билим ҳәм тәжрийбе жумыс барысында жыйналады. Базыда бэкенд девелопер болып жумыс ислейтуғынлар кейин ала датабейс администратор болып ислеўге өткен болады.
Жасалма интеллекттиң тәсири
Мағлыўматлар базасы администраторы қылатуғын жумыстың көпшилигин жасалма интеллект жәрдеминде автоматластырыўға болады. Бирақ базы жағдайларда адам тәрепинен баҳаланыўы, пикирлеўи, қарары зәрүр болады. Қулласы және сол гәп: Жасалма интеллект қыла алмайтуғын нәрсени үйрениў лазым.
ДевОпс (DevOps) инженерлер
ДевОпс инженерлер код жазбайды. Олар сол программа, қосымшаларды иске жүргизетуғын орталықты жаратады. Код жазып, программа жаратыў аңсат емес. Бирақ сол кодты иске қосып, жер жүзиндеги пайдаланыўшыларға турақлы түрде инәм етип барыў да аңсат емес.
Сонда Дев Опс инженерлер не қылады?
Девелопер/программистлерди самолётты басқаратуғын пилот деп аламыз. Мәнзилге жетип алыў ушын самолётымызды басқарып билетуғын пилот керек.
ДевОпс инженерлер бул аэродром хызметкерлери ҳәм ҳаўа трафик диспетчерлери. Олар ушыў-қоныў жолағын (runway) салады, қадағалайды, самолёт двигателин тексереди, ҳаўа райын бақлап барады, самолёт қәўипсизлигин тәмийинлейди. Мәнзилге аман-саў (!) жетип алыў ушын аэродром хызметкерлери ҳәм ҳаўа трафик диспетчерлери керек.


Фронтенд ҳәм бэкенд бағдарламашылары (девелоперлери) қосымшаның өзин (самолётты) жасаса, ДевОпс инженерлери сол самолёт қәўипсиз ушыўы ушын керекли барлық инфраструктураны таярлайды. Олар системадағы ҳәр бир қәтеликти алдын-ала сезип, бақлап, оны турақлы сақлап сазлап турыўға жуўапкер болады.
Енди түсиндиңиз бе?
ДевОпс/SRE инженерлер не менен бәнт?
Көпшилик IT компанияларда ДевОпс команда бар. Олар төмендеги жумысларды әмелге асырады:
1. CI/CD
ДевОпс командада “pipeline” деген сөзди көп еситесиз. “Pipeline”ди көбинесе CI/CD деп те атайды. ДевОпс инженерлер “pipeline” жаратады. Ол нәрсе девелоперге жазған кодын иске қосыў жәрәянын аңсатластырыўға, тезлестириўге жәрдем береди.
“Кодты иске қосыўдың неси қыйын” деп ойларсыз. IT компанияларда кодты иске қосатуғын dev, staging, test, prod деген түрли орталық бар болады. Ҳәр бир орталыққа жараса айныўшылар, ID/пароллер де өзгеретуғын болады. Девелопер усы орталықлар ҳаққында да бас қатырып отырыўға ўақты болмайды. Олар код жазыўы керек. ДевОпс инженерлер түрли орталықларды жаратады, қадағалайды. Олар жазылған кодты алып, керекли орталықта иске қосып, сервистиң дурыс ислеп турғанын бақлайтуғын тексериўшилерге (testers, PM, QA) инәм етип береди. Егер кодты иске қосқанда қәте келип шықса, дәрҳал девелоперге хабар жеткизеди.
2. Инфраструктураны жаратыў
Олар TerraForm яки CloudFormation деген қураллардан пайдаланып, серверлерди автомат түрде жарататуғын яки өширетуғын скрипт код жазады. Мәселен, Жаңа Жыл яки соған уқсаған байрамлардың қарсаңында Yandex Taxi-ден пайдаланыўшылардың саны көбейеди. Сол ўақытта бир серверге көп аўырлық түсиўи мүмкин. ДевОпс инженерлер серверлердиң талапқа қарап көбейиўин, ямаса азайыўын тәмийинлеп береди. Жүзлеген, мыңлаған пайдаланыўшылар бир ўақыттың өзинде сервистен пайдаланса да сервер ресурсларының таўсылып қалыўының алдын алады.
3. Мониторинг ҳәм сазлаў
ДевОпс (ямаса SRE) инженерлер программа ҳәм серверлердиң “денсаўлығын” тексерип, диагноз қылып, насазлықты жөнлеп отырады. Олар интернеттиң “детективлери”. Вебсайт 0.5 секундқа пәйсейсе яки сервердиң қызып кетиўин диагноз қылса, ДевОпс (ямаса SRE) инженерлер серверди сазлаўға кириседи.
ДевОпс инженерлер пайдаланатуғын қураллар:
- Linux
- Docker
- Kubernetes
- AWS
- Terraform
- Jenkins
- …..
Жақсы ДевОпс инженер болыўдың ең жақсы жолы бул ДевОпс командада жумыс ислеў, жумыс барысында ‘писип, қыйналып ‘ үйрениў есапланады.
Қәўипсизликти тәмийинлеўши инженерлер (Security engineers)
Вебсайттың (программа яки қосымшаның) қәўипсизлигине жуўапкер. Сервисти ҳәм серверди хакерлерден қорғайды. Security инженерлер кодтағы “кемшиликлерди” (leaks) излейди, қәўипсизликке сезимтал мағлыўматларды (пароллер сыяқлы) шифрлайды ҳәм файерволларды (firewalls) орнатады. Бирақ көпшилик кишигирим IT компанияларда security инженерлер жоқ есабы. Олардың жумысын бэкенд яки ДевОпс инженерлер қосып ислейди.
Олар security бойынша оқып, таярланып, нени қалай қорғаўды билиўи керек болады. Мениң бул жөнелис ҳаққында жақсы биле бермегеним ушын, бул блогта security инженерлерди жалпы таныстырып өтемен.
Мәселен, жоқарыда айтып өткен роллер бир-бири менен қалай ислеседи? Бул сораўға жуўап бериў ушын сизди Instagram қосымшасына логин қылып атырсыз деп алайық:
- Фронтенд девелопер: Сиз кириткен ID/паролди алып бэкенд тәрепке жибереди.
- Бэкенд девелопер: Жетип келген ID/паролди тексереди, пайдаланыўшының мағлыўматы дурыс екенлигин тексереди.
- Мағлыўматлар базасы администраторы: Датабейс бэкенд сораған пайдаланыўшыға тийисли мағлыўматтың миллисекундларда жеткерилиўин тәмийинлейди. Пайдаланыўшы көп күтип қалмаўы керек.
- Security инженер: Пайдаланыўшы менен сервер ортасындағы байланыс шифрланған тармақта әмелге асып атырғанын қадағалайды.
- ДевОпс/SRE инженер: Instagramның серверлери иске қосылып, тез ислеп турған болыўын тәмийинлейди.
Instagram қосымшасы Meta деген компанияға тийисли. Meta бул үлкен IT компания болғаны ушын оның ишинде көплеген фронтенд, бэкенд девелоперлер, мағлыўматлар базасы администраторлары, қәўипсизлик бойынша инженерлер, ДевОпс/SRE инженерлер ислеўи тәбийий.