40-блог: Фронтендти үйрениў ушын не қылыў керек? / Frontendti úyreniw ushın ne qılıw kerek?
UX/UI дизайнер, UI девелопер ҳәм фронтенд девелопер қандай жумыс ислейди, нелерди үйрениў керек ҳәм жасалма интеллект оларға қалай тәсир етеди?
Мен бул тема бойынша көп жаздым.
1-блог: Фронтенд, бэкенд дегенимиз не? / Front-end, Back-end degenimiz ne?
2-блог: Фронтендти қалай үйренемиз? / Front-endti qalay uyrenemiz?
23-блог: Вебсайт жаратыў ушын нелерди үйрениўим керек?
Бул блогта және де тереңирек шуңғып түсиндириўге ҳәрекет етемен. Себеби, соңғы бир-еки жыллықта технологиялар әлеминде көп жаңалықлар жүз берди. Солардан ең үлкени бул жасалма интеллект. Жасалма интеллекттиң фронтендке қандай тәсири бар деп ойларсыз? Оқыўды даўам етсеңиз билип аласыз.
Биринши фронтендтиң өзи не екени ҳаққында еле түсинигиңиз аз болса, төмендеги блогты оқып шығың.
1-блог: Фронтенд, бэкенд дегенимиз не? / Front-end, Back-end degenimiz ne?
Фронтенд әдәўир қурамалы тараў. Үлкен сервис вебсайтлардан пайдалансаңыз, оларды тек бир фронтенд программист жаратпаған. Фронтенд деген “зонтик атама” астында бир қанша маманлар бирге ислескен. Қандай маманлар?
Дизайнерлер
Ҳеш бир девелопер “келсе бес, келмесе жигирма бес” деп код жазып басламайды. Тигинши де бирден кийим тигип кетпейди. Қурыўшы да бирден имәрәт салып кетпейди. Ең биринши сүўрет салынады. Анықлаў етип айтқанда, дизайн, эскиз сызылады.
Вебсайт яки қосымшаның (программаның) дизайны жаратылады. Усы UI/UX дизайн жарататуғын маманларды дизайнерлер деп атаймыз. Олар проект/продукт менеджерлер менен бирге ислесип, проект ушын UI/UX дизайн жаратады.
UI/UX дегенимиз не?
UI (User Interface) бул вебсайт яки программаның пайдаланыўшыға инәм етилетуғын тәрепи.
Қымбат ресторанға келдиңиз деп ойлайық. Сол жердеги стол, стуллар, интерьер, столдың үстиндеги тарелка, қасық, салфетка ҳәм меню бул сиз көрип, услай алатуғын нәрселер. Олар сулыў, көркем, ықшам болса, “UI жақсы екен” деп айта аламыз.

UX (User Experience) бул вебсайт яки программаның пайдаланыўшыға инәм ететуғын қолайлылық ҳәм хызмет дәрежеси.
Сол ресторанға кирип отырсаңыз өзиңизди қалай сезесиз? Официант сизди жақсы күтип алды ма? Аўқат кешиктирилмей тартылды ма? Ресторанның иши шаўқымлы болмады ма? Ресторанда орын бәнтлеў, яки аўқат заказ етиў қыйын болмады ма? Рестораннан кеўилли болып, қарныңыз тойып шықтыңыз ба? Ондай болса, “UX жақсы екен” деп айта аламыз.
Дизайнерлер мине усы UI/UX тәрепти инабатқа алып, вебсайт ҳәм қосымшалардың дизайнын жаратады. Соңлықтан оларды UI/UX дизайнерлер деп те атайды.
Олар мына программалардан пайдаланады: Figma, Adobe XD, Sketch.
Көрип турғаныңыздай, UX/UI дизайнер болыў ушын код жазып билиў шәрт емес. Керисинше, дизайнерлик, жаратыўшылық қәбилетиңиз азада болып, жоқарыда көрсеткен программалардан жақсы пайдаланып билиўиңиз жетерли.
Төменде дизайнерлердиң Figma деген программа жәрдеминде жаратқан проектлерин келтирип өттим.


Жасалма интеллекттиң тәсири:
Не қылайын, UX/UI дизайнер болайын ба?
Ҳәзир анық бир нәрсе деп айтыў қыйын заман болды. Жүз оқып, мың ҳәрекет ет дегеним менен, ертең сол маманлық жасалма интеллект тәрепинен “ийелеп” алыныўы да мүмкин. Бул дегени нан табыў ушын ислейтуғын жумысыңызды енди жасалма интеллект қылып отыр. Ҳәммемиз жасалма интеллект жәрдеминде фото, музыка, текст жаратып көрдик. Ҳәзир көплеген жасалма интеллект сервислер UX/UI дизайнға шекем жаратады. Сонда дизайнерлерге енди жумыс қалмай ма? Жасалма интеллект UX/UI дизайнерлерди толық алмастырып таслай ма? Жоқарыда айтқанымдай, бул сораўларға анық жуўап бериў қыйын.
Бирақ бир нәрсени айта аламан: Жақын 50 жыллықтың ишинде UX/UI дизайнерлердиң жумысы таўсылмайды. Жасалма интеллект UX/UI макетлерди сызыў, дизайн жаратыў ҳәм дизайн системаларын ретлеў сыяқлы қара жумысларды өз мойнына алып баслайды. Бирақ усы дизайн жаратып атырған жасалма интеллектти қадағалайтуғын, дүзейтуғын, толықтыратуғын UX/UI дизайнерлердиң дәўири келеди. Олар енди кураторларға айланады.
Жасалма интеллект UX/UI дизайнерлерге проектлерде тез ислеў имканиятын бергени менен, адамның не қәлеўин түсиниў, болжаў қәбилетин, эмпатия сезимлериниң орнын алмастыра алмайды. Соңлықтан, дизайнерлер енди тек отырып дизайн жаратыў емес, жасалма интеллект пенен бирге ислесиў, оны жақсы нәтийже алыўға бағдарлаў, ҳәм басқа да машқалаларды шешиў сыяқлы жумысларды да қосып әмелге асырыўды баслайды.
UI девелоперлер
UI девелоперлер UX/UI макетти кодқа айландырады. UI девелоперлер Figmaдағы дизайнды алып, оны браўзер, компьютер яки смартфонда көрсетип бере алатуғын кодқа айландырып жазады. UI девелоперлер қурамалы логика жазбайды. Олардың тийкарғы жумысы берилген дизайнды код пенен жазып, оны дурыс, анық, турақлы жеткерип бериў есапланады. Мәселен, пайдаланыўшы белгили бир сервистен өзиниң компьютеринде, смартфонында яки планшетинде пайдаланыўы мүмкин. Ҳәр бир орталықта UX/UI дизайн дурыс ҳәм турақлы түрде инәм етилиўи керек.

UI девелоперлер усыған уқсаған машқалалардың үстинде бас қатырады:
Қәлиплесиўшең (адаптив) UI: Вебсайттың көриниси ҳәр түрли орталықта (30 дюймлы монитор, 13 дюймлы ноутбук, Таб ямаса Samsung Galaxy экранлары) бирдей дәрежеде көркем ҳәм дурыс көриниўин тәмийинлеў.
Интерактив реакциялар: Түймениң үстине тышқаншаны апарғандағы жумсақ эффектлер, қаптал менюдың шығыў анимациялары ямаса карточканың жүклениў (loading) ҳалатларын код пенен жазыў.
Дизайн системалары: Вебсайттың яки қосымшаның ҳәр бир бети, менюси бир қәлипте (стилде) болыўы ушын қайта пайдаланыўға болатуғын компонентлер (түймелер, киргизиў майданлары, модаль айналар) “китапханасын” (library) жаратыў.
Web қолайлылығы (Accessibility): Тек экран менен ислесетуғын оқыўшы (screen reader) ямаса тек клавиатура арқалы сайттан пайдаланыўшы адамның да тышқанша (мышка) ислететуғын адам сыяқлы сайтта еркин ҳәрекет ете алыўын тәмийинлеў. Имканияты шекленген адамлар ушын да сайттан еркин пайдаланыў ушын вебсайт интерфейсин соған жараса сазлаў.
Кореяның тек-индустриясында UI девелоперлерди паблишерлер деп атайды. Олар дизайнерлер ҳәм фронтенд девелоперлер менен бирге ислеседи. Басқа көпшилик жерлерде фронтенд программистлер UI девелоперлердиң де жумысын қосып әмелге асырады.
Демек, UI девелопер болыў ушын не қылыў керек?
Төмендеги билимлерди үйрениўиңиз керек:
- HTML
- CSS
- Tailwind (ҳәм басқа да UI library)
- JavaScript
Жасалма интеллекттиң тәсири:
Не қылайын, UI девелопер болайын ба?
Ҳәзир анық бир нәрсе деп айтыў қыйын заман болды. Жүз оқып, мың ҳәрекет ет дегеним менен, ертең сол маманлық жасалма интеллект тәрепинен “ийелеп” алыныўы да мүмкин. Ҳәзир жасалма интеллект UX/UI девелопердиң де жумысын минсиз атқарып отыр. Жасалма интеллектке Figmaның макетин берип көриң, бир минуттың ишинде оны кодқа айландырып береди.
UI девелоперлердиң жумысы азайыўы мүмкин. Фронтенд девелоперлер енди UI девелоперлердиң жумысын қосып әмелге асыра баслайды. Тек HTML/CSS пенен IT базарында өтимли болыў, жумыс табыў қыйын. Соңлықтан UI девелоперлер қосымша таза билимлерди үйренип, практикада қоллап барыўы керек болады.
Фронтенд девелоперлер
UI/UX дизайнерлер вебсайттың дизайнын жаратады. UI девелоперлер сол дизайн макетлерди вебсайтқа “кийгизеди”. Фронтенд девелоперлер вебсайтқа “мий” орнатады.
Көплеген вебсайттың (яки смартфон қосымшаның) фронтенд тәрепи бул күлип қарап отыратуғын интерфейс емес. Пайдаланыўшы вебсайтта тынымсыз бир нәрселерди қылады.
Мағлыўмат көреди, излейди, түймелерди басады, ‘Like’ қылады, жазады, өширеди, жумысын орынлайды, жүклейди, көширип алады ҳәм тағы басқа...
Усы ҳәрекетлерди “вебсайттың логикасы” деп алсақ болады.
Фронтенд девелоперлер “вебсайттың логикасын” жаратады. Вебсайтқа жан енгизеди, тирилтеди. Олар фронтенд пенен бакендти байланыстырады.
Қалайынша дейсиз бе? Төменде “Регистрация/Логин” веб-бети (webpage, веб-страница) берилген. Бул бетти UI дев яки фронтенд дев жаратты деп алайық. Ҳәзирше сулыў дизайн кийгизилген. Бирақ “Регистрация/Логин” веб-беттиң қәдири тек оның сулыўлығы менен өлшенбейди.

Фронтенд девелопер енди төмендеги машқалаларды шешиўи керек болады:
- Таза пайдаланыўшы вебсайтқа қыйыншылықсыз дизимнен өте ала ма?
- Дизимнен өткен пайдаланыўшы қайтып келип вебсайтқа логин қыла ала ма?
- Регистрация ҳәм логин қылатуғын функциялар турақлы ҳәм тез ислей ме?
- Регистрация қылған ўақытта электрон адрестиң орнына келиспеген сөзлерди жазса не болады?
- Егер телефон номер жазатуғын жерге қуры санларды дизип жазып қойса не?
- Әллеқашан регистрация қылған пайдаланыўшы қайтадан бирдей электрон адрес пенен регистрация қылыўға урынса не болады?
- Регистрациядан өтпеген пайдаланыўшы логин қылыўға урынса не болады?
- Егер пайдаланыўшы паролин тинимсиз қәте киргизсе не болады?
- Паролин умытып қалған болса не болады?
- Хакер емес, әпиўайы пайдаланыўшы екенин қалай тексеремиз?
“Регистрация/Логин” веб-бетке жоқарыдағы “маңыз/функция/логиканы” енгизетуғын девелопер бул фронтенд девелопер (разработчик, программист) деп атаймыз.
Фронтенд девелопер болыў ушын не қылыў керек?
Әлбетте, HTML/CSSтен хабарыңыз болыўы керек. Және төмендеги билимлерди өзлестириўиңиз керек:
- JavaScript (ES6+) -> JavaScript бойынша бир неше блоглар жазып тасладым. Соларды оқып шықсаңыз болады.
- React/Vue сыяқлы framework -> Кейинги блогларды түсиндирип өтемен.
- Ҳал/ҳалатты басқарыў (State management) ушын жәрдем беретуғын Redux, Zustand, Recoil сыяқлы library -> (Кейинги блогларды түсиндирип өтемен.)
- API ди қоллана билиў -> API ҳаққында өз алдына үлкен блог жазып атырман. Фронтенд дев API жаратып билиўи шәрт емес. Бирақ сол APIларды фронтендте қолланыў ушын fetch, axios деген билимлерди үйрениўи керек.
- Typescript -> JavaScript ажағамыздың қатал ағасы. Мағлыўмат түрлерин қадағалайды.
Және бир мысал:
hh.uz деген вебсайттан пайдаланып көрген шығарсыз. UX/UI жақсы деп айталмайман.

Сол вебсайтты мысал ретинде және бир рет айтып өтсем:
-
UI девелопер поиск қатары пенен поиск түймесин жаратады.
-
Фронтенд девелопер усы излеў түйме басылғанда орынланыўы керек функцияны жазады.
-
Сол функция бакенд серверге сораў таслайды: “Аҳудай маған инглиз тили репетитор деген атамасы бар жумыслардың дизимин бер”
-
Бэкенд сораўды орынлайды. Сол жүклениў ҳалатын төмендегидей “Күтип турың, ҳәзир излеп атырмыз” деген спиннер көрсетеди. Бул жумысты да фронтенд дев код пенен жазады.
-
Бэкенд тәрептен жуўап жетип келгенде оны төмендегидей етип көрсетип береди. Усы функцияны да фронтенд дев жазады.

Жасалма интеллекттиң тәсири:
Не қылайын, фронтенд девелопер болайын ба?
Ҳәзир анық бир нәрсе деп айтыў қыйын заман болды. Жүз оқып, мың ҳәрекет ет дегеним менен, ертең сол маманлық жасалма интеллект тәрепинен “ийелеп” алыныўы да мүмкин. Жасалма интеллект фронтенд кодты да тез, қәтесиз жазып баслады. Ҳәзир көплеген фронтенд девелоперлер жасалма интеллекттен пайдаланып код жазыўы жасыратуғын нәрсе емес. Жасалма интеллект фронтенд девелоперлердиң орнын толық ийелеп алады деген болжаў жоқ. Бирақ келешекте бир фронтенд дев жасалма интеллект жәрдеминде 5 фронтенд девтиң жумысын қыла алатуғын болады. Фронтенд девелоперлерге жумыс азайыўы мүмкин. Бирақ не боларын еле ҳеш ким анық билмейди.
Енди фронтенд девелоперлер де тек программа жазып билемен деп жумыс базарында өтимли бола бермеўи мүмкин. Олар басқа қосымша билимлерди үйрениўи керек болады. Жасалма интеллект шешиўге қыйналатуғын мәселелерди шешиўди үйрениў керек болады.