39-блог: “Дигирман” - Көпиршикли сортлаў (Bubble sort) ҳаққында / Kópirshikli sortlaw (Bubble sort) haqqında

Көпиршикли сортлаў алгоритми қалай ислейди, оның қәсийетлери қандай ҳәм Bubble sort алгоритмин Java тилинде қалай жазамыз?

“Дигирман” рубрикасы астында программаластырыўға байланыслы кеңейтилген, жоқары басқыштағы темалар ҳаққында жазыўға ҳәрекет етемен. “Дигирман” рубрикасындағы блогларды оқып түсиниў ушын сизде бағдарлама жазыў ҳәм информациялық технологиялар бойынша аз болса да дәслепки билим болыўы керек.

  1. “Дигирман” - Merge Sort дегенимиз не?

Компьютер илиминде “саралаў, сортлаў, ретлестириў, тәртипке салыў” деген түсиник оғада әҳмийетли. Сортлаўшы алгоритмлер компьютердиң өнимдарлы ислеп, керекли мағлыўматты тез таўып, тез тәртипке салыўына жәрдем береди. Сондай сортлаўшы алгоритмлердиң ең кең тарқалғаны ҳәм қарапайымы бул “bubble sort” болады. Қарақалпақшасына “көпиршикли сортлаў” деп алсақ болады.

“Көпиршикли сортлаў” дегенимиз не?

Төмендеги сүўретте “көпирик, көпиршик” келтирилген.

Ҳаўада ушып жүрген көпиршиклер

Аўа, сол сиз, биз билген нәрсе. Инглизшесине bubble, foam дейди.

Неге сортлайтуғын алгоритмди bubble sort деп атайды? Көпириктен пайдаланып, затларды сортламайтуғын шығармыз? Әлбетте, жоқ. Бирақ усы сортлаў алгоритминиң ислеў принципи көпиршиклерге уқсап кетеди екен. Қалайынша?

Суўдың жүзине көтерилип баратырған түрли көлемдеги көпиршиклер

Көлдиң жағасында турсыз. Қолыңызда түрли көлемдеги топлар бар. Аўа, сол жерге урып, қақшып ойнайтуғын топ. Солардың ҳәммесин көлге аттыңыз. Солардың ишинде ең үлкенлери биринши суўдың жүзесине қалқып шығады.

Демек, компьютер илиминде көпиршикли сортлаўдан пайдаланғанда еки қоңсы мәнисти бир-бирине салыстырамыз. Егер олардың орны алмасып кеткен болса (яғный үлкени биринши келсе), сол үлкенин ақырғы орынға жиберемиз.

Еле анық не екенине түсинбеген болсаңыз, төмендеги мысалды оқың.

Өмирден мысал:

Баяғыда бизлер мектеп дәўиринде, дене тәрбиясы сабағында бойымыздың узынлығына қарап дизилисип турып, сабақты баслайтуғын едик. Сол дизилисип турыўды және бир еслеп көрейик. 20-30 оқыўшы емес, 5 оқыўшыны олардың бойына қарап дизилтирежақпыз (кишисинен үлкенине қарап). Ҳәзирше ҳәр ким қәлеген жеринде тур.

Бойлары ҳәр түрли болған бес оқыўшы
  1. Ең биринши турған оқыўшыны оның артында турған екинши оқыўшы менен салыстырамыз. Егер биринши оқыўшымыз узын болса, екеўиниң орнын алмастыраман. Бойы узынлаўы екинши орынға барады.
  2. Енди екинши студентти оның артында турған үшинши студент пенен салыстыраман. Егер үшинши оқыўшы кишилеў болса, екинши қатарға орнын өзгертип, екинши орындағы оқыўшыны үшинши қатарға өзгертемен. Егер үшинши оқыўшы үлкенлеў болса, ҳеш кимниң орнын өзгертпеймиз.
  3. Үшинши қатардағы оқыўшыны төртенши қатардағы оқыўшы менен салыстыраман. Қайсысы үлкенлеў? Қайсысы киши? Бойларын салыстырып, егер шәрт болса, орнын өзгертемиз.
  4. Төртинши қатардағы оқыўшыны бесинши қатардағысы менен салыстырамыз. Шәрт болса, орнын өзгертемиз. Енди ең бойы узын оқыўшы усы бесинши қатарда, яғный өзиниң орнында турғаны анық.
  5. Биринши қатардағы оқыўшымызға барып, қайтадан салыстырып, орнын өзгертиўди даўам етемиз. Яғный, биринши менен екиншини салыстырып, керек болса орнын өзгертемиз. Кейин екинши менен үшиншини салыстырып керек болса, орнын өзгертемиз. Және үшинши менен төртеншини салыстырып, шәрт болса, орнын өзгертемиз. Бирақ бул рет бесинши қатарға тиймеймиз, себеби ол жерде турған ең бойы узын оқыўшы өзиниң орнында тур. Демек, енди төртинши қатарда да бойы узын оқыўшы тур. Бирақ оның бойы бесинши қатардағы оқыўшыныкынен пәслеў.
  6. Биринши қатардағы оқыўшымызға барып, қайтадан салыстырып, орнын өзгертиўди даўам етемиз. Көрип турғаныңыздай, ҳәр бир рет қайталап шыққаныңызда келеси бойы ең узын оқыўшы өзиниң орнында турған болады.

Мине усы сортлаўды “көпиршикли сортлаў” дейди. Хммм, уқсаслығын таптыңыз ба?

Көпиршикли сортлаў неге керек? (яки керек емес)

  1. Көпиршикли сортлаўды программа тилинде жазыў анағурлым аңсат. Сол себепли егер сортлайтуғын затыңыз ондай көп болмаса, усы сортлаўдан пайдаланыўдың зыяны жоқ.
  2. Көпиршикли сортлаў әсте ислейди. Жоқарыда 5 оқыўшыны сортлаў ушын неше рет биримлеп салыстырып, неше рет айланып шықтыңыз? Енди 30 оқыўшыны сортлаў керек деп ойлаң? Енди сортлаў ушын керек болған ўақыт N^2 дәрежеде көбейди.

Төменде Википедиядан алынған bubble sortтың ислеў принципин көрсетип беретуғын анимация көрсетилген.

Bubble sort алгоритминиң ислеў принципин көрсететуғын анимация

Bubble sort алгоритмин Java тилинде қалай жазамыз:

  1. Bubble sort ушын алгоритм жазғанымызда қабатланған цикллер (nested loops) деген түсиниктен пайдаланамыз.

‘Цикл дегенимиз не?’ деп сорап атырған болсаңыз мына блогты оқып шығың.

Қабатланған цикл бул усы бириниң ишинде бири келетуғын цикл есапланады. Төмендеги bubble sort алгоритминде усы nested loop келтирилген.

  1. Берилген мәнислерди салыстырып, орнын алмастырыўға арзыйтуғын мәнис таппағанымыз бул мәнислердиң әллеқашан сортланып турғанынан дерек береди. Демек, сортлаўымызды усы жерде тоқтатсақ болады.

Биринши BubbleSort класын жаратамыз. Сол кластың ишинде берилген санларды сортлайтуғын bubbleSort деген методты жаратамыз.

Усы санларды сортлайтуғын боламыз: int[] numbers = ;

public class BubbleSort {
    public static void main(String[] args) {
 
        int[] numbers = {64, 34, 25, 12, 22, 11, 90};
 
        System.out.println("Сортлаўдан алдын: " + java.util.Arrays.toString(numbers));
 
        bubbleSort(numbers);
 
        System.out.println("Сортлаўдан кейин: " + java.util.Arrays.toString(numbers));
    }
 
    public static void bubbleSort(int[] arr) {
        int n = arr.length;
 
        // swap деген сөз Инглизшесине орын алмасыў деген мәнисти береди.
        boolean swapped;
 
        // Сыртқы цикл дизим бойлап неше рет айланып шығатуғынымызды анықлап береди
        // Берилген параметрдиң санына қарап айланып шығамыз
        for (int i = 0; i < n - 1; i++) {
 
            // басында ҳеш кимниң орны алмаспаған болады, соның ушын false деп аламыз
            swapped = false;
 
            // Усы ишки цикл санды санға салыстыратуғын жумысты атқарады.
            for (int j = 0; j < n - 1 - i; j++) {
                // Егер шептеги (биринши) қоңсы мәнис үлкенлеў болса, олардың орнын алмастыр
                if (arr[j] > arr[j + 1]) {
 
                    // temp айныўшысынан пайдаланған орын алмастырыў логикасы
                    int temp = arr[j];
                    arr[j] = arr[j + 1];
                    arr[j + 1] = temp;
                    
                    swapped = true;
                }
            }
 
            // Егер ҳеш қайсы мәнистиң орны алмастырылмаған болса, сортлаўды усы жерде тоқтат
            if (!swapped) break;
        }
    }
}

Жоқарыдағы алгоритм ҳаққында:

  1. i дан басланған сыртқы цикл

Бул цикл берилген массивтиң (array) басынан ақырына шекем әмелге асады. Берилген мәнислердиң саны қанша болса, сонша айланыс қылатуғын цикл. Ҳәр бир айланыста бир мәнисти сортлап, өзиниң орнына қойған боламыз.

  1. j дан басланатуғын ишки цикл

Усы циклдиң ишинде анық салыстырыў ҳәм орын алмастырыў әмелге асады. Массивтиң ишиндеги еки қоңсылас мәнислерди салыстырады. Биринши arr[j] ҳәм екинши arr[j+1] мәнислерди салыстырып атырғанымыз себепли, циклдиң шегарасын n - 1 - i деп аламыз.

Бул жерде:

  • -1 -> циклдиң шегарасын анықлап береди.
  • -i -> Ҳәр бир айланыстан кейин, келеси ең үлкен сан ақырғы орында сортланып турған болады. Сол себепли ең ақырғы санды қайтадан салыстырып, сортламаў ушын -i ди айырып барамыз.
  1. Орын алмастырыў (Swap) логикасы

Көк кеседе қара шай, ақ кеседе көк шай тур деп ойлаң. Кесениң ишиндеги шайлардың орнын алмастырмақшысыз деп алайық. Екеўин бир ўақыттың өзинде орнын алмастыра алмайсыз. Көк кесеге көк шайыңызды қуйып көриң қанекей.

Көк кеседе қара шай ҳәм ақ кеседе көк шай

Сизге бос бир кесе керек. Бос кесеге биринши көк шайды қуйып, ақ кесемизди босатамыз.

Шайлардың орнын алмастырыў ушын бос кеседен пайдаланыў

Кейин сол ақ кесемизге қара шайымызды қуямыз. Көк кесемизге (бос кеседеги) көк шайымызды қуямыз. Сөйтип, бос кесени ылақтырып/таслап жиберемиз. Енди көк кеседе көк шай, ақ кеседе қара шай тур.

Орынлары алмастырылған қара шай ҳәм көк шай

Жоқарыдағы алгоритмдеги swap логикасы тап усы тақыйлетте ислейди. Ол жерде бос кесе бул temp айныўшысы. Егер биринши сан екиншисинен үлкен болса: [6, 3]

Онда, 3 санын ўақтынша temp айныўшының ишине қойып турамыз.

Кейин, 3 санының босаған орнына 6 санын қоямыз.

6 санының босаған орнына temp айныўшының ишиндеги 3 санын қоямыз.

temp айныўшыны ылақтырамыз.

Көпиршикли сортлаў алгоритми қәсийетлери:

Ўақыт бойынша қыйынлық (Time complexity): O(n^2)

Яд бойынша қыйынлық (Space complexity): O(1) себеби биз қосымша яд жумсамаймыз.