6-блог: Интернетке қалай жетемиз? / Internetke qalay jetemiz?
Компьютерден kruz.uz сайтына шекемги маршрутты Windowsтағы tracert қуралы жәрдеминде тексерип көремиз.
Бул блог алдыңғы "Интернет қалай ислейди?" деген блогтың бир бөлими. Яки даўамы. Мен сол блогта айтып өткен теманы және де кеңирек түсиндириўге ҳәрекет етемен.
Жоқарыдағы блогтан үзинди:
4. Роутерлер ара "саяҳат" басланады.
Радио толқынды қабыллап алған роутер оны электрон сигналға айландырады. Бул сигналды сизиң интернет провайдериңизге жибереди. Интернет провайдер сигналды (яғний пакетлерди) және басқа роутерге жибереди. Ол роутер және басқа роутерге жибереди. Келсе бес, келмесе жигирма бес деп басқа роутерге жибермейди бирақ. Пакетке бекитилген IP адрести көрип соған алып баратуғын роутерге жибереди.
Қарақалпақша жаңалықлар басылып шығатуғын kruz.uz сайтына Қубла Кореядан неше рет "секирип" барыўға болатуғынын билмекши болсаңыз мына блог постты оқып көриң.

Демек, айтқанымдай kruz.uz сайтына неше рет "секирип" барыўға болатуғынын тексерип көремиз.
Буның ушын биринши компьютерде болыўыңыз керек.
(Телефонда да тексериўге болады, бирақ арнаўлы бағдарлама (эп) жүклеп алыўыңыз зәрүр.)
Windows операцион системасы мысалында көрсетемен.
1. Поиск деген жерге "cmd" деп жазың.

2. Төменде пайда болған айна (window) бул операцион системаға "мынаны қыл, ананы көрсет" деп буйрық жазыўға болатуғын жери.

3. Усы жерге төмендегидей етип “tracert kruz.uz” деп жазып, Enter түймени басың.
tracert kruz.uztracert - бул cизиң компьютериңизден соралған серверге шекем аралықты қалай басып өтетуғынын көрсетип беретуғын диагностикалық қурал.

4. Бираз күтсеңиз төмендегидей жуўап шығады.
Демек, kruz.uz серверине 14 рет "секирип" барғанбыз.

Бирақ ең қызығы, усы 14 рет "секириў" даўамында жер жүзин дийерли бир рет айланып шықтық. Қалай дейсизбе?
(Әлбетте, сиз tracert пенен тексергениңизде жуўап басқаша болады. Егер Өзбекстанда болсаңыз 7-10 рет секирип барған боласыз. Турған жериңизге байланыслы.)
5. Келиң жоқарыдағы "қалай?" деген сораўға жуўап жазайық.
А. Биринши менин IP адресим.
Екиншиси, яғный 1.1.1.1 деген адрес бул DNS. Басқа блогта ДНС не екенин жас балаға түсиргендей етип түсиндириўге ҳәрекет еттим.

Б. Үшинши мәнзил, яғный 121.134.236.33 бул интернет сервис провайдердиң (ISP) адреси.
"Ҳәмме адрести ядлап қойыпсаңба не?" деп ойлаўыңыз мүмкин. Яқ.
Мына силтеме арқалы кирсеңиз, IP мәнзилди излеп көриўге болады.
Төмендегидей етип аты-затын шығарып береди. Демек, көрип турғаныңыздай мениң интернет провайдерим бул KoreaTelecom. Мен турған жер Кореадағы Гангнам деген районға жүда жақын. Метрода 5 минутлы жол.

Демек, мениң компьютеримнен шыққан сигнал енди жақын жерде турған интернет провайдерге шекем жетип барды.
С. Сегизинши мәнзилге шекем Кореяның ишиндеги серверлерди билдиреди.
Тоғызыншы IP мәнзил бул Арқа Америкадағи сервер адреси. Төмендеги фотодан көрип турғаныңыздай мениң компьютеримнен жиберилген сигнал енди пүткүл бир Тыныш океанын кабельлер (!) арқалы кесип өтип Америкаға жетип барды.
Неге дерсиз? Даўамын оқың.

Д. Оныншы яғный 141.136.110.41 IP адресин тексерип қарасақ
Енди Европада жайласқан Германия елиндеги серверге жетип барғанын билиўге болады.
Атлантика океанын кесип өтип, Европаға келиўиниң себеби не?
Е. Себеби, kruz.uz вебсайты Германияда орналасқан веб-хостинг серверинде жайласқан.
Веб-хостинг не екенин менимше билетуғын шығарсыз. uz домени болғаны менен, вебсайттың өзи Германиядағы серверде ашылып тур. Бул тәбийий нәрсе. Серверди ашыў, тәмийинлеў ҳәм ислемей қалса оңлаў аңсат емес. Соның ушын көпшилик веб-хостинг хызметинен пайдаланады.
Ф. Германияның өзинде бир еки роутер арасында "секирип" kruz.uz IP мәнзилине (162.55.134.175) жетип барады.
<1 мс <1 мс <1 мс
Мына белги нени билдиреди деп ойлаўыңыз мүмкин.
tracert буйрығы IP мәнзилге 3 түрли пакет жибереди. Сол 3 түрли пакеттиң роутерге жетип бараман дегенге шекемги ўақты. Көрип турғаныңыздай ҳәммеси милли-секундларда жүз береди.
Базыда сервер tracert буйрығының пакетлерин қабыл етпеўи де мүмкин. Сол ўақытта * белгиси шығады.
Сизде компьютериңизде жоқарыда көрсетип өткендей етип, сиз турған жерден kruz.uz сайтына неше рет "секирип" барыўға болатуғынын тексерип көриң.
Билим алып, күнде таза нәрсени үйрениў жүдә қызық. Блогымды оқығаныңыз ушын раҳмет! 😊