5-блог: Интернет қалай ислейди? / Internet qalay isleydi? 2-Бөлим
Сервер HTTP жуўапты қалай таярлайды, мағлыўмат пакетлерге қалай бөлинеди ҳәм файл компьютериңизге қалай жетип келеди?
(2-Бөлим)
Интернет қалай ислейди? 1-Бөлимди оқыў
6. Сервер HTTP жуўап (HTTP response) таярлайды
Сораўды қабыллап алған программа, яғный вебсайт, дәрҳал жумысқа кириседи. Ол HTTP сораўды қабыллап, не зат, кимге керек екенин анализлеп, биринши сервердиң базасынан сиз сораған китап бар-жоқлығын тексереди. Кейин HTTP жуўап таярлайды.
Бул жуўапқа жуўаптың түри (сервер жақсы қабыллап алған болса "ОК", егер проблема жүз берген болса "ERROR" деген хабар менен код номери), сиз жүклеп алмақшы болған PDF китапты қосады.

7. Жуўап қайтарылады
Сервер жуўапты бир неше дата пакетлерге (data packets) бөлип таслайды. Мәселен,100 бетли китап деп алсақ, биринши 20 бетин, екинши 10 бетин, хәм қалған бетлерин де бир нешелеген пакетлерге бөлип сигналға айландырып жибереди. Ҳәр бир пакетке еки жақтың IP мәнзили, пакет ҳаққында мағлыўмат жазылған болады.
"Сонда қалай?" деп ойлап қалыўыңыз мүмкин. Бир мысал келтирейик. Достыңызға хат жаздыңыз. Хатты конвертке салдыңыз. Конвертке достыңыздың үй мәнзили жазылған.
Және айтылмаған гәплериңиз бар екени есиңизге түсип, биринши хаттың изин даўамлап жаздыңыз. Басқа конвертке салдыңыз. Кейин конвертке және "2-бөлим" деп жаздыңыз. Биринши конвертке "1-бөлим" деп жаздыңыз. Хатларыңызды қабыллап алған достыңыз "1-бөлим" деп жазылған хатты биринши оқыў керек екенин биледи.
Мен пакетлерге бөлип жибериў қубылысын әпиўайыластырып түсиндириўге ҳәрекет еттим.

8. Және роутерлер ара "саяҳат" басланады
Дата пакетлер сигналларға айландырылады. Ҳәм роутерге жеткерип бериледи. Бағана "секирип" өткен "саяҳатымызды" енди керисинше басып өтемиз. Роутерден роутерге, роутерден "gateway"ға (ортадағы дәрўазалар), және роутерге секирип-секирип сизиң компьютериңизге жетип келеди.
9. HTTP жуўап қабыллап алынады
Wi-Fi роутерден қабыллап алған радио толқынды компьютер электр сигналға айландырады.
(Көбинесе вебсайт сервер деп аталатуғын үлкенлеў компьютерде жайласқан болады. Ол интернет кабелге тиккелей жалғанған болады.)
Соң бул сигнал "санақлы" (русшасына цифровой, инглизшесине digital) сигналға айландырылады.
Санақлы сигнал және бир рет расшифровка қылынады. Ол енди компьютер түсинетуғын тилге (binary) айландырылады. Binary data бул 0 (ноль) ҳәм 1 (бир) деген санлардан ибарат.
Усы хабар пакети енди компьютердеги интернет протоколдың бөлимлеринен бирме-бир өтип, ең жоқары этажы HTTP протоколға жетип келеди. HTTP протокол кирип келген хабарды HTTP жуўап форматына қайта тиклеп, браузерге хабар береди.
10. Браузер қалған жумысты жуўмақлап береди
Браузер кирип келген жуўап түри "файлди жүклеў" екенин анықлайды. Браузер сизден файлды қай жерге сақламақшы болғаныңыз ҳаққында "сораўы" (prompt) мүмкин. Яки файлды алдыннан бекитилген орынға сақлаўы мүмкин.
Усы тәризде интернеттен китапты жүклеп аласыз.
Енди жоқарыда айтып өткен қәдемлердиң ҳәммеси бир неше миллисекундларда жүз береди деп ойлап көриң. Расында да сондай. Интернеттиң жоқары тезлиги себепли ҳәммеси бир заматта жүз береди. Сиз ҳәм биз билген интернет усылай ислейди.
Әлбетте, қарапайым тилде түсиндириўге ҳәрекет еттим. Қурамалы деп ойлаған бөлимлер ҳаққында айтып өтпедим. Қалғанларын кейинги блогларда әсте түсиндирип бара беремен.
Интернеттен күнде пайдаланып жүрген адам интернеттиң қалай ислеўи ҳаққында ойламаўы да мүмкин. Бирақ үйренсең жүдә қызық. Итибарыңыз ушын раҳмет! Күнде таза билим үйренейик 😊