IT Bilim

4-блог: Интернет қалай ислейди? / Internet qalay isleydi? 1-Бөлим

Интернеттеги мағлыўмат компьютериңизге қалай жетип келеди? HTTP сораў, роутерлер, пакетлер ҳәм IP мәнзиллер ҳаққында әпиўайы түсиндирме.

(1-Бөлим)

Интернетте көретуғын, оқыйтуғын, еситетуғын барлық нәрсе сизден әдеўир алыста жайласқан "басқа биреўлердиң" компьютерлеринде сақланған.

Сизиң компьютериңиз жер жүзиниң түрли мүйешиндеги компьютер менен байланысып, сиз сораған затты алып келеди.

Бир сценарийди көз алдыңызға келтириң.

Достыңыздың үйинде сиз сорап жүрген китап бар. Үйине барып алып кетсеңиз болады. Мәнзилин билесиз. Достыңыздың үйине таксиге минип барып, өзинен китапты сорап алып, қайтадан таксиге минип үйиңизге қайтасыз. Яки базардан керекли азық-аўқат сатып алыў ушын да усылай базар тәрепке баратуғын маршрутқа минип, керекли нәрсеңизди алып, қайтадан сол маршрут пенен үйге қайтасыз.

Енди бир ойлап көриң. Достыңыздың үйине яки базарға барып келиў процесин өте жылдам пәтлерде тезлестирип жиберейик. Сондай супер күшке ийемиз деп ойлайық.

Егер усы жағдай миллисекундлар (millisecond) дәрежесинде тезлестирилсе, сиз базарға барып алып келетуғын азық-аўқат алдыңызда бирден пайда болғандай болады. Тап аспаннан түскендей.

Негизинде де, компьютериңиз сиз елеслетип көре алмайтуғын дәрежедеги тезлик пенен интернеттен сизге керек мағлыўматты алып келеди.

Билмеген адамға аспаннан келип түсип атырғандай болыўы мүмкин.

Бирақ интернет сиз излеген нәрсени радио толқынлар арқалы аспаннан жеткерип бермейди.

Интернеттиң қан тамыры деўге болатуғын талшықлы-оптикалық кабельлер жер жүзи бойлап бир неше мыңлаған километрлерге созылып жатыр. Усы кабельлер океанларды да кесип өтеди. Олар жер жүзиндеги пүткүл интернет трафиктиң дерлик 97%ине жуўапкер.

Аспаннан антенна арқалы түскендей болып көринетуғын интернет негизи усы кабельлер жәрдеминде жетип келеди.

Келиң, енди интернет қалай ислейтуғынын бир әпиўайы мысал менен түсинип алайық.

Сиз шет елдиң "'электрон китапхана" вебсайтынан PDF китап жүклеп (download) алмақшысыз.

Бул алыс-берис әмелге асыўы ушын жоқарыда айтып өткендей еки тәрептиң компьютер мәнзилин билиў зәрүр.

(Бул жағдай сиз билген теле- трансляциядан парқы бар. Трансляция орайлары сизиң үйиңиздиң мәнзилин билмесе де радио толқынды таратып береди. Сол толқынларди телевизорыңыз (яки радио) "қақшып алып" сизге сериалыңызды көрсетип береди.)

1. Биринши, сиз керек PDF китапты таңлап, "Download" (жүклеп алыў) түймесин басасыз.

Электрон китапхана бетинде Download түймеси көрсетилген компьютер
Электрон китапханадан PDF китапты таңлап, жүклеп алыўды баслаў.

2. HTTP сораў (HTTP request) жаратылады

"Download" түймесин басқан ўақтыңызда браузер (browser) "Мына китапты жүклеп бер" деген HTTP сораўын жаратады.

HTTP не деп ойлаўыңыз мүмкин. HTTP бул интернет протоколдың аты. Протокол бул стандарт қағыйда нызамлардың топламы.

Егер усы протоколлар болмағанда интернет те болмас еди. Ҳәр түрли компьютер бир-бири менен сөйлесиў ушын белгили бир қағыйдаға бойсыныўы зәрүр.

"Сен таўдан келсең, мен дәрьядан келсем қалай табысамыз дегендей"

Енди усындай интернет протокол топламы ҳәр бир компьютерге алдыннан орнатылған болады. Онысыз компьютериңиз интернетке байланыса алмайды.

Усы интернет протокол топламының ең жоқары этажында HTTP деп аталатуғын протокол турыпты.

Қулласы, усы протокол арқалы биринши сораў жаратылады. Бул сораўға сизиң жүклеп алмақшы болған китаптың аты, IP адресиңиз, электрон китапхананың URL адреси ҳәм тағы басқа инфо киритиледи.

Кейин, интернет протокол топламының қалған бөлимлеринен де биримлеп өтип, ең соңында электрон сигналға айландырылады.

3. Сигнал роутерге жеткериледи

Егер HTTP сораўының өлшеми үлкен болса, ол бир неше пакетлерге (data packet) бөлинеди. Ҳәр бир пакетке керекли инфо бекитилген болады.

Роутер деген сөзди көп еситкен шығарсыз. Ол үскене. Егер Wi-Fiдан пайдаланып атырған болсаңыз, үйиңизде Wi-Fi роутер болады.

Усы роутерге компьютериңиз жоқарыда айтып өткен "пакетти" радио толқынға айландырып жеткерип береди.

"Ей, тоқтаң, радио толқыннан пайдаланбайды деп едиңғо?" деп жақсы сораў бериўиңиз мүмкин. Аўа, тап сондай. Wi-Fi роутерге шекем радио толқын жәрдеминде жеткерип бериледи.

Бирақ роутерди жақыннан көргенсизбе? Ол нелерге жалғанған? Кабельлер! :)

Wi-Fi роутер - сизиң телефоныңыз яки компьютериңиз таратқан радио толқынды "қақшып алып", они қайтадан электрон сигналға айландырып басқа роутерге жибереди.

Сиз ҳәзир жер жүзиниң басқа бир мүйешиндеги серверге байланыспақшысыз. Оған шекем радио толқында бир хабар жеткерип, жуўап алып көриң. Интернет тезлиги пәсейеди. Көп пулға түсип кетесиз. 😰😰😰

Кабель жалғанған үй Wi-Fi роутери
Wi-Fi роутер радио толқынды қабыллап, сигналды кабель арқалы жибереди.

4. Роутерлер ара "саяҳат" басланады.

Радио толқынды қабыллап алған роутер оны электрон сигналға айландырады. Бул сигналды сизиң интернет провайдериңизге жибереди. Интернет провайдер сигналды, яғный пакетлерди, және басқа роутерге жибереди. Ол роутер және басқа роутерге жибереди. Келсе бес, келмесе жигирма бес деп басқа роутерге жибермейди бирақ. Пакетке бекитилген IP адрести көрип, соған алып баратуғын роутерге жибереди.

Роутерлер ара саяҳатты "секириў", яғный инглизше "hop" дейди. Қулласы, пакетлерге бекитилген IP мәнзилге жетип келемен дегенше ортада орташа 30 - 40 рет "секириў" жүз береди.

Қарақалпақша жаңалықлар басылып шығатуғын kruz.uz сайтына Қубла Кореядан неше рет "секирип" барыўға болатуғынын билмекши болсаңыз мына блог постты оқып көриң.

Интернет пакетиниң бир неше роутер арқалы саяҳаты
Пакетлер мәнзилге жеткенше бир роутерден екиншисине секиреди.

5. Мәнзилге жетип келеди

Жоқарыда ислеп шыққан HTTP сораў IP мәнзилге, яғный вебсайттың серверине, жетип келди. Бул сервер де кирип келген ҳәмме сигналларды қабыллай бермейди.

Биреўдиң үйине қонаққа барсаңыз есиктен кирип келиўиңиз керек болғандай, HTTP сораў да қағыйдаға бойсынып 80 яки 443 деп белгиленген порт (port) арқалы кирип келеди.

Және де жақсы түсиниў ушын, серверди бир мекеме деп алайық. Ол жерде администрация, отдел кадр, бухгалтерия ҳәм тағы басқа бөлимлер болады. Сиз баслыққа хабарласыўыңыз керек. Мекемениң имаратына жетип келдиңиз. Енди баслықтың бөлмесин табыўыңыз керек. Тап сондай, IP адреске жетип келген электрон сигнал енди керекли программаны табыўы керек.

Электрон сигналға нешинши порт екени ҳаққындағы инфо да бекитилген болады.

Даўамын кейинги блогта оқыймыз. ☺️