IT Bilim

7-блог: DNS неге керек? / DNS nege kerek?

DNS вебсайт атын IP мәнзилге қалай аўдарады ҳәм интернеттен керекли серверди табыўға қалай жәрдем береди?

Баяғыда смарт телефонлардан алдын, "простой" телефонларды қолланғанымызда жақынларымыздың телефон номерин ядлап алып жүретуғын едик. Егер биреўге қоңыраў (звонок) етиў керек болса, сол адамның телефон номерин теретуғын едик.

Ҳәзирги смарт телефонлар себепли дерлик ҳеш кимниң телефон номерин ядлап отырыў шәрт емес. Контакт дизиминен керек адамның атын излеп, қоңыраў етиү жетерли.

Егер DNS хызмети болмағанда интернет те "простой" телефонға қусап қалар еди. google.com вебсайтынан пайдаланбақшысызба, браузердиң URL (вебсайт мәнзилин) жазатуғын жерине 142.250.207.110 деп IP мәнзилди киритиўиңиз зәрүр болады.

Бирақ IP мәнзилди ядлап отырыў аңсат емес. Жеке дәптершеңизге IP мәнзиллерди жазып шығыўыңыз мүмкин. Бирақ ол да қолайсыз.

IP мәнзиллер жазылған ашық дәптерше

Егер мен сол IP мәнзилге ат қойып алсам не болады? Усы вебсайттың атын тексерип, оның мәнзилин таўып беретуғын хызметти жаратсақ не қылады?

Жоқарыдағы еки сораўға да DNS хызмети "әлбетте, илажи бар" деп жуўап береди.

DNS бул Домен Атама Системасы деп аталатуғын интернет хызмет түри.

DNS болмаса, серверлер бир-бирин таўып алалмаған болар еди. Яғный сиз интернеттен пайдалана алмас едиңиз.

Оның системасында домен атамасы менен сол доменге тийисли IP мәнзиллер дизими жазылған болады.

Бағана айтып өткен "IP мәнзиллер жазылған дәптерше"ге қусайды.

ДНС (ДийЭнЭс) сервер деп көп еситиўиңиз мүмкин. Бирақ ДНС бир серверден ибарат емес.

Компьютердиң өзинде кэш (cache) яғный "склад" бар. Буны ДНСтиң бир бөлеги деп алсақ та болады.

Және интернет провайдериңиздиң ДНС сервери бар.

Соң, үлкен доменлердиң (.com, .uz, .kr, .net, .edu сияқлы) дизимин сақлайтуғын "Түбир ДНС серверлер" (Rооt DNS servers) бар. Усындай "Түбир ДНС серверлер"диң дүнья жүзинде 13 данасы бар.

Және ҳәр бир домендеги мәнзиллердиң дизимин өз ишине алған ДНС серверлер бар. Мәселен, .com ДНС серверине .com доменине киретуғын вебсайтлардың мәнзиллери жазылған болады (instagram.com, youtube.com ҳәм тағы басқа). Яки .edu ДНС серверине .edu доменине киретуғын вебсайтлар киритилген болады. (mit.edu, academia.edu ҳәм тағы басқа)

Кейин, суб-доменлердиң дизимин сақлайтуғын ДНС серверлер бар. Мәселен, art.academia.edu.

Ҳәр түрли талап ҳәм сервер қәсийетлерине байланыслы ортада және басқа ДНС серверлер орнатылған болыўы мүмкин.

Енди, бир мысал жәрдеминде жоқарыдағы айтып өткенлерди түсинип алайық.

Браузер URL мәнзилине dembermes.substack.com деп жаздыңыз. "Интернет қалай ислейди?" деген блогта интернетке сораў жибергенде әмелге асатуғын процести бирме-бир түсиндирген едим. Сол блогта әлбетте еки тәрептеги компьютер мәнзилин билиў зәрүр деп айтып өткен едим.

Бирақ компьютер dembermes.substack.com деген вебсайттың атын оқый алмайды. Соның ушын вебсайт атын биринши тийисли IP мәнзилге айландырыў/ аўдармалаў керек болады.

Демек, HTTP сораў жиберилмесинен алдын ең биринши вебсайт атын IP мәнзилге аўдарыў жумысы жүз береди. Компьютер ДНС сервер менен тез байланысып, керек IP мәнзилди таўып алып келеди.

Егер соралған IP мәнзил компьютердиң кэшинде (cache) бар болса, басқа ДНС серверге сораў жиберип отырмайды.

Егер кэште болмаса, интернет провайдериңиздин ДНС серверине сораў жибереди. Егер ол жерде де болмаса, "Түбир ДНС серверге" сораў жибереди.

"Түбир ДНС сервер"ден керекли доменниң ДНС серверине бағдарланады. Егер шәрт болса, тийисли суб-домен ДНС серверине бағдарланады.

Ен ақырында керекли IP мәнзилди таўып келемиз. Буның ушын ДНС серверлерге көп раҳмет.

Ҳәзирги ўақытта, IP адрести билип турсақта туўрыдан-туўры сол серверге жалғана алмаймыз. Бирақ, браузерге толық вебсайт атын жазып кире алыўымыз мүмкин.

Буның бир қанша себеплери бар. Есиме келип турған бир себеби, бир IP мәнзилде бир неше вебсайт ҳостинг болып турыўы мүмкин. Және бир себеби, келген трафикти ортада мөлшерлеп турыўшы арнаўлы технологиядан (load-balancer) пайдаланған болыўы мүмкин. Және бир себеби, қәуипсизлик ушын тиккелей IP мәнзил менен жалғаныўды блоклап қойған болыўы да мүмкин. Және басқа да себеплери бар.

Бирақ ДНС сервер себепли интернетте керекли вебсайтқа арқайын кире алыўымыз енди сыр емес.

Және бир рет таза нәрсе үйренгениңиз бенен қутлықлайман!