IT Bilim

11-блог: Биринши қайсы тилди үйренсем болады? / Birinshi qaysı tildi u'yrensem boladı?

Веб, ойын, мобил бағдарлама, электроника яки дата анализлеў ушын биринши қайсы бағдарлама тилин үйрениў кереклигин көремиз.

Биринши қайсы тилди үйренсем болады деп көп рет ойланған болсаңыз керек.

Қәлеген программа тилди үйренсе болады. Керек болса, ески бағдарлама тиллерден бири Фортранды үйренсе де болады.

Fortran, Node.js ҳәм Python тиллерин көрсететуғын роботлар

Бирақ ...

Егер "кодингди (коудингди) үйренип, мынаны қылмақшыман" деген мақсетиң болса, жоқарыдағы сораўға жуўап бираз өзгереди.

1. Егер вебсайт / веб ушын программа жаратыў нийетиң болса

Front-end: HTML/CSS, JavaScript

Back-end: Node.js яки Java яки Golang яки Ruby яки Kotlin ҳәм тағы басқа

Жоқарыда айтып өткен тиллердиң барлығын үйрениў шәрт емес. Ең биринши биреўин әсте үйренип баслаң, дәстүрлеўдиң мағызын түсинип алыўға ҳәрекет етиң. Кейин басқа тиллерди үйренгениңизде аңсатлаў болады.

2. Егер үйрениўге аңсат тилди үйренгиң келсе

Python тилиниң атақлы екениниң бир себеби оны оқытыў ҳәм үйрениў де басқа тиллерге салыстырғанда аңсат. Қурамалы синтаксиске ийе емес. Код аңсат жазылады.

Және бир қанша нәрсеге пайдаланса болады.

Вебсайт жаратыў, дата анализлеў, жасалма интеллект ҳәм тағы басқалар.

Python бул high-level (жоқары абстрактлы) бағдарлама тили болғаны себепли ең биринши тил сыпатында үйрениў қолайлырақ болыўы мүмкин.

3. Электроника, драйверлер, яки операцион системалар ушын бағдарлама жаратқың келсе

C яки C++ деген программа тилди үйренген пайдалырақ. Айтыў орынлы, бул тиллерди үйрениў аңсат емес. Бирақ үйренип болмайды дегени емес. Үйренсеңиз, компьютердиң қалай ислеўи, компьютерде бағдарлама жазыў, ҳәм иске қосыў қалай әмелге асатуғынын толық түрде түсинер едиңиз.

4. Ойын (game) жаратыў нийетиңиз болса

Компьютер/мобил ойын жаратқыңыз келсе, C# яки C++ деген тиллерди үйрениўди усыныс етер едим.

5. Дата анализлеў (data analysis, data science) нийетиңиз болса

Python, R деген тиллерди үйренгениңиз жақсы.

6. iOS ушын бағдарлама жаратыў нийетиңиз болса

Apple ушын дәстур жазыў жүда нәзик мәселе. Бирақ Swift деген тилди үйренип баслаў бул биринши керекли қәдем.

7. Андроид девелопмент пенен шуғылланыў нийетиңиз болса

Kotlin, Java, React Native (бул бағдарлама тили емес, фреймворк) дегенлердиң биреўин үйренип басласаңыз болады.

Айтқанымдай, бул блогта қайсы тилди үйренип басласам екен деген сораўға жуўап бериўге ҳәрекет еттим.

Бир тилди үйренип тоқтап қалмаң. Программисттиң қуралы бул күнде билим үйрениў, өз үстинде ислеў болады.