Jeke Pikir

12-блог: “Жеке пикир” - Кореяда жумысқа кириў аңсатпа? / “Jeke pikir” - Koreyada jumısqa kiriw ańsatpa?

Кореяда университетти питкерген шет елли студентлер ушын жумыс излеў, E7 визасы, резюме ҳәм интервью ҳаққында жеке пикир.

Кореяға келип жасап атырғаныма демде 8 жыл болады. Соның 4 жылын университетте бакалавр дәрежесине оқып, қалған 4 жылын программист сыпатында жумыс ислеп өткердим.

Айтып өтиўим керек, мен Нөкистеги ҚМУда да 4 жыл оқығанман. Бирақ бүгинги блог мениң өмир жолым ҳаққында емес.

"Жеке Пикир" деген рубрикадағы блогта көбинесе ITдан басқа темалар бойынша да жазыўға ҳәрекет етемен.

"Кореяда жумысқа кириў аңсатпа?" деген сораўға жуўап бериўден алдын бир нәрсени айтып өтиўим лазым.

Егер Кореяға Е9 (яки Е7-4) деген виза түри менен келмекши болсаңыз, бул блог сиз излеген сораўға толық жуўап бермеўи де мүмкин.

Себеби, Е9 яғный жумысшы визаны биринши Өзбекстанда турып Корея менен жумыс шәртнамасын дүзип, тексериўден өтип, алып келиў керек болады. Көбинесе, жумыс шәртнаманы Кореядағы завод, фабрика, ферма, аўыл-хожалығы ширкетлери менен бирге дүзеди. Ол жерлерде жумыс баршылық. Сонлықтан Өзбекстан Қубла Кореяға шәртнама тийкарында жылына бир неше жүзлеген жумысшыларды жибереди.

Танысларыңыздың Кореяға жумысқа кеткенин көрсеңиз "Кореяда жумыс көп екен" деген түсиник пайда болыўы мүмкин.

Лекин, Өзбекстаннан және Кореяға жылына бир неше мыңлаған жаслар оқыў нийетинде студент болып келеди.

Усы блогта Кореяда оқыўды питкерген шет елли студентлердиң жумысқа кириўи аңсатпа деген темада жазыўға ҳәрекет етемен.

Университетте оқып жүрип, сабақтан тыс ўақытта, келисимли түрде ярым ставка жумыс ислеп, жеп-ишиўге пул табыўға болады. Мениң өзим де сондай қылып едим. Ол өз алдына тема.

Бул блогта "Кореядағы университетти питкерип болып рәсмий түрде, толық ставкаға, Кореядағы компанияға жумысқа кириў аңсатпа?" деген мәселе туўралы айтып беремен.

Мисенг дорамасындағы Корея офисиниң көриниси
Қызығып көрген дорамаларымнан бири - Мисенг (Кореядағы жумысшылардың өмири ҳаққында)

Кореяда оқыўды питкергеннен кейинги виза

Бириншиден, Кореяда университетти питкерген шет елли студентке завод, фабрикалар менен жумыс шәртнамасын дүзип, Е9 виза алыўға рухсат жоқ.

Бакалавр дипломын алған студент профессионал виза түри есапланатуғын Е7-1 яки Е7-2 деген виза түрине тапсыра алады.

Лекин, бул визаның бир қанша талапларын да қанаатландырыўыңыз шәрт болады.

  1. Биринши, сизди жумысқа алыўға қайыл болған жумыс орнын табыўыңыз керек. Сол жумыс бериўши менен шәртнама дүзиўиңиз керек.

  2. Екинши, университетте оқыған қәнийгелигиңизге мас келетуғын жумыс түри болыўы лазым.

  3. Үшинши, жумыс бериўшиден алатуғын айлық муғдары да нызам тәрепинен белгиленген нормадан кем болмаўы шәрт.

Көрип турғаныңыздай, профессионал жумыс визаның өзине тапсырыў да бираз машақатлы.

Кореяда нызамлы түрде жасаў ушын визаңыз болыўы зәрүр.

Университетте оқып жүргениңизде D2 студент виза менен жүресиз. Дипломыңызды қолға алған ўақтыңыз D2 визаның мүддети питеди.

Соңын ала, D10 яғный жумыс излеўши визаға 6 айға шекем өтиўиңиз мүмкин. (6 айдан 4 рет созыўға болады) Усы ўақыт аралығында жумысқа кириўге урынасыз.

Жумысқа кириў неге қыйын?

Енди усы жерде мен бир неше жыллар даўамында байқаған бир еки нәрсени айтып өтсем.

Көплеген Кореяға оқыўға келген танысларым бакалавр дәрежесин алып болып, және магистрге оқыўға кирип, соңын ала докторантураға кирип оқып атыр. Бир қарасаң 7-8 жылдан берли студент болып оқып жүрген болады.

Бул жағдайдың себеплериниң ең үлкени Кореяда рәсмий түрде жумысқа кириўдиң әдеўир қыйын екенлиги. Бирақ илажсыз нәрсе емес. Және бир себеби, қайсы шет мәмлекет болса да, сол жерде узақ мүддет нызамлы түрде жасаў ушын қолай ҳәм аңсат алыўға болатуғын виза бул студент виза.

Кореяда конкуренция бираз күшли. Ашық жумыс орнына резюмеңизди тапсырсаңыз сиз бенен бирге басқа кореецлер де тапсырады.

Корея дорамасында резюмесин көрсетип атырған бала
Резюмесин қуўанып көрсетип атырған бала (Қайсы бир дорамадан үзинди)

Көбинесе, жумыс бериўшилер аңсат тил табыса алатуғын "өзлериниң" адамын жумысқа алғанды раўа көреди.

Және сол кореецлердиң қосымша сертификатлары (IELTSқа қусаған) болыўы мүмкин.

Қулласы, қағазда болса да өзин жақсы тәрептен көрсете алады.

Соның ушын, дәслепки тәсир жүда әҳмийетли. Себеби, қайсы орынға арза тапсырсаңыз да, биринши сиз жиберген резюмеге қарап сизди баҳалайды.

Корейс тилин толық билсеңиз, ҳәм оны TOPIK сертификаты арқалы дәлийллей алсаңыз жүда жақсы. Қосымша тиллерди билгениңиз де жақсы.

Қосымша басқа сертификатларыңыз болғаны (мәселен, компьютер саўатханлығы) оннан да жақсы.

Кореецлер сертификатқа тест тапсырыў ушын күни-түни оқып, таярланады. Еситиўим бойынша, тапсырып көриў мүмкин болған 300 ден аслам сертификат тест түри бар.

Корея дорамасында сертификатларын көрсетип атырған бала
Сертификатларын көрсетип атырған бала (Қайсы бир дорамадан үзинди)

Биринши скрининг басқышы

Ашық жумыс орнына арза тапсырғаныңыздан соң, жумыс бериўши сизиң резюмеңизди баҳалап, биринши скрининг басқыштан (document screening) өткериўди яки өткермеўди шешеди.

Көбинесе, ҳәр түрли себеплерге байланыслы усы биринши этаптан өтпей қалыўыңыз да мүмкин.

Буған төмендегилер (ҳәм басқа да) себеп болыўы мүмкин:

  1. Жумыс бериўши сизди шет елдиң пуқарасы болғаныңыз ушын корейс тилинде жақсы сөйлей алмайды деп ойлайды.

  2. Жумыс бериўши сиз шет елдиң пуқарасы болғаныңыз ушын Е7 виза алыў мәселесин қыйын көриўи мүмкин (Базы бир компанияларға Е7 визаға тапсырыўға рухсат жоқ)

  3. Шет елдиң пуқарасы болғаныңыз ушын сизге исенбеўи мүмкин.

  4. Сизден басқа кандидатлар бар болыўы мүмкин.

  5. Резюмеңизде, яки қосып тапсырған документлериңизде кемшилик болыўы мүмкин.

Өзиңизге байланысы жоқ басқа себеплерди деп биринши этаптан өтпей қалыўыңыз мүмкин.

Лекин, қапа болмай, қайтадан қәнийгелигиңизге мас жумыс орнына тапсырыўға ҳәрекет етиң. Бирден болатуғын нәрсе жоқ. Әсиресе, жумыс излесеңиз, "отказ" алыў бул тәбийий жағдай.

Менде де сондай болған. Шет елде оқыў басқа гәп, ол жерде жумыс табыў басқа гәп.

Корея дорамасында жумысқа кириўге таярланып атырған бала
Жумысқа кириўге оқып, таярланып атырған бала (Қайсы бир дорамадан үзинди)

Олар қалай епледи?

Илажын қылып, жумыс орнына араласып кеткенлер де бар. "Олар қалай епледи?" деген сораўға жуўап жазайық. Олардың көпшилигин тутастырып туратуғын улыўмалық белгилер бар.

  1. Жумыс базарының "нишасын" (niche) тапқанлар - Ҳәм конкуренция аз, ҳәм талап бар тараўды "ниша" (Инглизше niche деген сөзден келип шыққан) деп айтады. Мәселен, компьютер/мобил ойынларын социал тармақларда тарғыб қылыў/реклама қылыў искерлиги. Яки, Корея косметикасын шет елдиң пуқараларына реклама қылыў искерлиги (маркетинг), түңги сменада техникалық жәрдем көрсетип ислеў ҳәм соған қусаған.

  2. Орта Азия яки шет ел менен байланыслы бизнес қылатуғын компанияда жумыс тапқанлар - Бизнес тараўында оқығанлар, корейс тилинен басқа инглиз ҳәм рус тилин билетуғынлар шет еллер (әсиресе СНГ еллери) менен рәсмий түрде байланыс қылатуғын компанияларға жумысқа кириўи мүмкин.

  3. Дилмаш сыпатында жумысқа киргенлер - Өзбек, яки рус тиллерин жақсы билсеңиз, айрым компанияларға, клиникаларға, агентликлерге аўдармашы/переводчик сыпатында жумысқа кириўиңиз мүмкин.

  4. Анық пәнлер тараўында оқып, инженер, механик, девелопер сыпатында жумысқа киргенлер - Қай жер болмасын, жақсы инженер ҳәммеге керек. Инженер сыпатында жумысқа кириўдиң қыйыншылықлары болса да, жақсы инженерлерге Кореяда да талап күшли.

    Усы жерде айтып өтиўим керек...

    Егер тил билсеңиз, ҳәм жақсы, тәжирийбели девелопер болсаңыз, Кореядан басқа елде жумыс ислеўди мәсләҳат берген болар едим. Неге ондай екенин кейинги "Жеке Пикир" рубрикаларында айтып беремен.

  5. Әўметлилер - Усы өмирде түсинген бир сезимлериңди айт деп сораса, "әўмет" деген нәрсеге көп нәрсе байланыслы екенин айтар едим. Өмир әдалатсыз. Базыда қанша ҳәрекет етсеңиз де әўметиңиз келмеўи мүмкин. Бирақ, тек алға қарап ҳәрекет етемиз.

  6. “Элит” оқыў орны, жумыс орнынан “келгенлер” - Шет елдеги белгили элит жоқары оқыўын питкергенлер яки үлкен корпорацияларда жумыс ислеген тәжирийбелилерди корейс тилин жақсы билмесе де жумысқа алыў итималы жоқары.

Интервью басқышы

Резюмеңиз биринши скринингнан өтсе, кейингиси интервьюге шақырыў басқышы болады. Интервьюде сиз туўралы, тәжирийбеңиз, минез-қулқыңыз, билимиңиз ҳаққында сорайды.

Инженер лаўазымына тапсырған болсаңыз, қосымша тестлер болады. Мениң өзиме ҳәр сапар "кодинг (коудинг) тест"ти де шешиўге туўры келген. Базыда интервью бир рет болады. Базыда 2 яки 3 басқыштан ибарат болады. Базы компаниялар группалық интервью өткереди. Бул дегени, кандидатлардың 3-4еўин отырғызып қойып бирме-бир сораў береди.

Корея дорамасындағы группалық интервью көриниси

Яки, 3-4 жоқары лаўазымдағы адам тек сизди отырғызып қойып сораў береди.

Корея дорамасындағы комиссиялық интервью көриниси

Жоқарыдағы сүўретлер бул Корея дорамаларынан видео үзинди. Тек, мысал сыпатында келтирип өттим.

Интервьюге де өз алдына таярланыў керек.

"Усыны сорап қалады-аў" деген сораўларға жуўап жазып, ядлаў керек. Инглизше, ҳәм корейсше сөйлеп жуўап бериўди практика қылыў керек.

Кейинги блогларда қалайынша Кореяға жумысқа кириў, қандай документлерди таярлаў, ҳәм нелерге таярланыў кереклиги ҳаққында жазып өтемен.

Усы блогты оқып, қорқып қалыўыңыз мүмкин. Бирақ ойшы ойланаман дегенше, тәўекелши дәрьядан өтеди дегендей, қорықсаңыз нийет қылған әрманларыңызға ерисиўиңиз қыйын.

Соның ушын, алды артыңызға қарамай, тек ҳәрекетте болып, изленип, билим алыўдың жолында болсаңыз, әлбетте, мақсетлериңизге ерисесиз. 🍀