IT Bilim

2-блог: Фронтенд девелопер болыў ушын нелерди үйрениў керек?

Пайдаланыўшы ушын қолайлы ҳәм көркем дизайнге ийе вебсайтты жаратыў ушын HTML, CSS ҳәм JavaScriptти үйренемиз.

Пайдаланыўшы (user) ушын қолайлы ҳәм көркем дизайнге ийе вебсайтты жаратыў ушын нелерди билиў керек? Фронтенд девелопер болыў ушын нелерди үйрениў керек?

Веб девелопменттиң уйтқысы есапланатуғын HTMLды билиў зәрүр.

1. HTML

HTML бул белгилеў/маркап тил (markup language). Өз алдына бағдарлама жазыў тили (programming language) деп айтыў қыйын.

Жай салғанда план сызыў керек болғандай, вебсайт жаратқанда да HTML жазып басланады. Сиз билген, пайдаланған ҳәмме сайтта HTML бар. HTMLды үйренип алыў қыйын емес.

HTML код (коуд, code) төмендегидей етип жазылады:

<!DOCTYPE html>
<html>
<head>
    <title>Қарақалпақша контент</title>
</head>
<body>
 
    <h1>Қарақалпақша контент</h1>
    <p>Көрип турғаныңыз бул әпиўайы веб пейж.</p>
 
</body>
</html>

2. CSS

Тек HTML менен жаратылған вебсайттан ҳеш кимниң пайдаланғысы келмейди. Көрсе көзди қуўантпайтуғын, қолайсыз, қалтырап атырған вебсайтқа уқсайды.

(Бирақ жаслықта, 2008-жылларда, Нөкисте сондай вебсайтлардан пайдаланып жүр едик. Ол ўақытлары интернет енди танылып киятырған заманлар еди. Және мени апа деп ойлап қалмаң. Сонда да интернеттиң көз алдымда қалайынша кәмал тапқанын көргендеймен.)

Ӽәзир адамларға CSS пенен безелмеген вебсайтты көрсетсең, саған бир түрли болып қарайды. Менсинбейди.

Соның ушын фронтенд үйренгенде және бир әҳмийетли нәрсе бул CSS. Қарапайым тилде айтқанда, HTMLды безейтуғын код (коуд, code).

Жоқарыда жазған HTML кодты былайынша алып қарайық.

Тек HTML менен жазылған Қарақалпақша контент веб-бети
Тек HTML менен жазылған веб-бет.

Енди сол кодты CSS пенен безеп көрейик.

CSS пенен безелген Қарақалпақша контент веб-бети
CSS пенен безелген веб-бет.

Парқын сездиңизбе?

Мен өзим CSS жазыўды онша биле бермеймен. Күнде жазып жүрмегеннен кейин умытып қаламан. Бирақ бул тәбийий нәрсе. Себеби керек ўақытта гуглинг (googling) қылып, таўып алсам болады.

CSSти үйрениў қыйын емес. (десем де болатуғын шығар?)

3. JavaScript

Жаваскрипт (JavaScript) бул вебсайтты “тирилтетуғын» бағдарлама тили.

Интерактив деген сөзди еситкенсизбе? Тап сондай сиз вебсайттан еле де жақыннан пайдаланыўыңыз ушын вебсайтқа сол интерактив деген қәсийетти қосып береди. Қуры қарап отыра бериў кимге жағады?

Мысал ушын, Фейсбук сайтынан пайдаланғаныңызда постларға реакция қылыў ушын Like түймесин (button) басасыз, пикириңизди жазып қалдырыў ушын коммент бөлимине кирип коммент жазасыз. Усы ҳәм тағы көплеген функцияларды Жаваскрипт пенен жаза аласыз.

Жаваскрипт бул мени ҳәм күйдиретуғын ҳәм сүйдиретуғын дәстүрлеў/бағдарламаластырыў тили. Себебин кейинлеў айтып беремен.

Веб девелопмент пенен шуғылланатуғын Программист (developer) Жаваскриптти әлбетте үйренгени пайдалы.

Фронтенд девелопер болыў ушын ең биринши усы 3 нәрсени үйренгенди мәсләҳәт беремен. Бирақ фронтенд бул жерде тоқтамайды.

Программисттиң басқаларға көринбейтуғын өмири бул тынбай таза билим үйрениў. Оқып ҳәрекет етпесе де болады дейтуғынлар бар. Бирақ жақсы девелопер боламан деп нийет еткенлерге турақлы түрде изленип, үйренип барыўды мәсләхәт етемен.

Фронтенд девелопер және Bootstrap, React (яки басқа фронтенд фреймворк (framework)), package managers қусаған затларды да үйрениў керек.

Жоқарыда айтып өткен басланғыш билимлерди уйренип алсаңыз калғанын жумыс/практика бабында уғып ала бересиз.

Ең баслысы үйренемен деген қунт болса болды.

Постты оқығаңыз ушын көп раҳмет! 👍