1-блог: Фронтенд, бэкенд дегенимиз не? / Front-end, Back-end degenimiz ne?
Вебсайт жаратыўды веб девелопмент деп атайды. Усы веб девелопментти көбинесе еки түрге бөлиў мүмкин: фронтенд ҳәм бэкенд.
Программа/бағдарлама (инглизше application) жаратыўдың түрлери көп.
- Вебсайт жаратыў (web development)
- Embedded бағдарлама / апликейшн (app) жаратыў
- Android / iOS ушын бағдарлама жаратыў
- Ойын (game) жаратыў
- … ҳәм тағы басқа
Әлбетте, соның ишинде кең тарқалған түри бул веб девелопмент.
Вебсайт жаратыўды веб девелопмент деп атайды.
Усы веб девелопментти көбинесе еки түрге бөлиў мүмкин: фронтенд ҳәм бэкенд.
Аңсат қылып түсиндиргенде:
Фронтенд – бул пайдаланыўшыға (user) көринетуғын вебсайттын тәрепи. Усы жерде биз ҳәм сиз вебсайттан пайдаланып, анаў-мынаў линкти басып, вебсайттың басқа бетлерине барамыз, логин қыламыз, мағлыўматларды киритемиз, қосық еситемиз, видео көремиз ҳәм тағы басқа…
Төменде ютуб вебсайтының фронтенд тәрепи:

Бэкенд – бул вебсайттын сизге көринбейтуғын тәрепи. Машинаның моторындай десек те болады. Көринбесе де, сол вебсайттың функцияларының орынланыўына себепши болады.
Сиз күнде пайдаланатуғын телеграм эпликейшнды алайық.
Хабар жиберген гезиңизде, телеграмның бэкенд тәрепи хабарыңызды қабыллап алып, оны кимге жибергениңизди анықлайды, хабарды ийесине жибереди, клауд базаға (cloud database) сақлайды, сизге хабарыңыз аман-саў ийесине жетип барғаны ҳаққында белги таслайды. Бэкенд туўралы еле айтып өтпеген бир еки нәрсе бар еди. Бирақ оларды да айтсам жүдә қурамаласып кетеме деп ойлап қарапайым тилде түсиндириўге ҳәрекет еттим.
Кейинги блогларда бирге вебсайт / веб эп (web app) жаратамыз.
Айтқандай, программа жаратқанда инглизше терминлерди билип алған зыян қылмайды.
Мен өзим де инглизше терминлерди көп қосып жазыўым мүмкин. Себеби, кодинг (коудинг, coding) қылған ўақытта пайдаланатуғын терминлер ҳәммеси инглиз тилинен алынған.
Кореяда IT компанияда жумыс барысында да корейсше сөйлесип атырғанда инглизше терминлерди қосып сөйлеймиз.
Фронтенд дәстүрлеўин үйрениў ушын нелерди билиў кереклиги ҳаққында қызықсаңыз, мениң 2-блогымды оқың.
Бэкенд дәстүрлеўин үйрениў ушын нелерди билиў кереклиги ҳаққында қызықсаңыз, мениң 3-блогымды оқың.