Frontend

15-блог: HTML/CSS пенен қалай вебсайт жаратамыз? / HTML/CSS penen qalay vebsayt jaratamız?

HTML ҳәм CSS жәрдеминде бир беттен қуралған әпиўайы вебсайтты VS Codeта бирге жаратып үйренемиз.

Бүгин HTML/CSS жәрдеминде биринши проектимиз болған әпиўайы вебсайт жаратып үйренемиз. Бул вебсайт тек бир беттен қуралады.

Ҳәмме тәжирийбели девелоперлар нөлден баслаған.

"Ой, тек бир бетпе не" деп изге қайтпаң. Бирге кодинг (коудинг) қылып, HTML/CSS қалай бирге ислеўин, иске қосылыўын үйренип алайық.

Буның ушын сизге компьютер, VS Code, интернет керек болады. Мен бул блогты видео-блог қылып таярлағанман.

Бирме-бир кодинг (коудинг) қылыўды жазып түсиндирсем, ада болмай кетеме деп ойлап, ақыры видео блог қылып таярлап, YouTubeқа жайладым.

Төмендеги видеоны көрип, кодинг (коудинг) қылып басласаңыз болады. Әўмет!

Бул видеода HTML ҳәм CSS жәрдеминде қалайынша кодинг (коудинг) қылып, өзлеримиздиң биринши кишкене вебсайтымызды жаратыўды үйретемен.

Мениң компьютеримниң операцион система версиясы бул Windows 11.

Сиз биринши VS Code деп аталатуғын программаны орнатып алған болыўыңыз керек.