18-блог: Мағлыўмат типлери дегенимиз не? 2-бөлим / Maǵlıwmat tipleri degenimiz ne? 2-bólim
Python тилиндеги int, float, str, bool, None, dict ҳәм list мағлыўмат типлерин JavaScript ҳәм Java менен салыстырып үйренемиз.
Ҳәмме программаластырыў тиллеринде data type бар. Мағлыўмат түри не екени ҳаққында ҳәм JavaScript тилинде қалайынша қолланылатуғынын 17-блогымызда үйренген едик. Усы блогымызда Python тилинде қалай жазылатуғынын үйренемиз. Бул блог 17-блогтың даўамы. Қайсы бирин биринши оқыў керек екенин билесиз.

Python да JavaScriptке қусап, мағлыўмат түрлерин кодты оқып атырып анықлап алады. JavaScriptке қусап, Python тилинде айныўшыларға мәнис қойып жазғанда оларды data type арқалы алдыннан белгилеп алмасақ та болады. Және айныўшының түри де оның ишине қойған мәнистиң қәсийетине қарап өзгере береди.
x деген айныўшыға (variable) 10 деген санды жайғастырамыз:
x = 10
print(type(x))
# Нәтийжеси: <class 'int'>Енди x деген айныўшыға "Hello" деген текстти жайғастырамыз:
x = "Hello"
print(type(x))
# Нәтийжеси: <class 'str'>Егер усы x деген айныўшының мағлыўмат түрин print қылып көрсек, бириншисинде санлы (int), екиншисинде текстли (str) болып шығады.
Pythonда ҳәр бир мәнис объект сыпатында қабыл етилген. Мәселен, 10 деген мәнис int классына тийисли объект, ал "Hello" деген мәнис str классына тийисли объект. Бул ҳаққында келеси блогларымда түсиндиремен.
Демек, Python тилиндеги мағлыўмат түрлерин үйренсек.
1. int
Барлық пүтин санларды int деген data type пенен белгилейди.
age = 272. float
Бөлшек санларды float деп анықлайды.
price = 41.993. str
Тырнақша яки қос тырнақшаның ишинде келетуғын текстли белгилерди str деп белгилейди.
name = "Alice"
greeting = 'Hello, World!'4. bool
True ҳәм False деп аталатуғын логикалық мәнислерден ибарат.
is_student = True
has_graduated = False5. None
Айныўшының (переменный/variable) ҳеш қандай мәниси жоқ екенин билдиреди.
empty_value = None6. dict
dict мағлыўмат түри Dictionary деген сөзден келип шыққан. dict бул JavaScript тилиндеги Object түсинигине қусаған, гилт ҳәм мәнис жупларын сақлайтуғын мағлыўмат түри.
person = {
"first_name": "Gulayim",
"last_name": "Batirova",
"age": 21
}7. list
Затлардың тәртиплескен дизимин list деп атайды.
colors = ["blue", "yellow", "green"]Ҳәзирше, Python тилинде де усындай мағлыўмат түрлери бар екенин билиўиңиз жеткиликли. Мағлыўмат түрлери ҳәр түрли программаластырыў тиллеринде қалай жазылатуғынын көрсетип, сизлердиң түсинигиңизди байытпақшы едим.
Python тилинде data typeти қосып жазбасаңыз да, негизи "пердениң артында" компьютер ҳәр бир мәнистиң data typeы менен ислесип атырғанын көрсетпекши едим.
Ал, статикалық типленген жоқары абстрактлы бағдарламаластырыў тили есапланатуғын Java тилинде, айныўшыны жәриялағанда оның data typeын көрсетиўимиз шәрт болады.
int age = 25;
String name = "Minayim";Көрип турғаныңыздай, Java тилинде айныўшының ишине мәнис қойсақ, сол мәнистиң қәсийетине қарап мағлыўмат түрин қосып жәриялаўымыз керек болады.
Жоқарыдағы айныўшыларды Python ҳәм JavaScript тиллеринде жазып көрейик.
Python
age = 25
name = "Minayim"JavaScript
let age = 25;
let name = "Minayim";Демек, мағлыўмат типлери ҳаққында ҳәзирше усылар. Қалғанын келеси блогларымда жазып бараман. Оқып шыққаныңыз ушын рахмет!
Билим алыўдан шаршамаң!